Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында бажыхана системасының сорастырыў бағдарында жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, тергеўге шекемги тексериў ҳәм сорастырыў жумысларын муўапықластырыў және әмелиятты бирлестириў басқармада өткерилген көшпели оқыў-сабақлары шеңберинде оқыў-әмелий семинар өткерилди.

Cеминарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бажыхана басқармаларының сорастырыў ҳәм әмелият бөлиминиң хызметкерлери қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Сорастырыў ҳәм ҳәкимшилик әмелияты басқармасының баслығы А.Аҳлимирзаев, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының судьялары А.Бекманов, А.Сафаров, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси, әдиллик мәсләҳәтшиси М.Нуратдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бажыхана уйымлары тәрепинен анықланып атырған ҳуқықбузарлықлар бойынша прокурор қадағалаўын әмелге асырыўдағы ҳәм суд әмелиятындағы машқалалар, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерге тоқтап өтип, оларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Бажыхана уйымларында сорастырыў бағдарында өзине тән мектеп қәлиплескени, судқа өткерилип атырған материаллардың ҳәр тәреплеме дәлиллер менен тийкарланғаны атап өтилип, рәсмийлестирилип атырған ис материалларда ҳуқықбузардың өз тилинде ямаса өзи түсинетуғын тилде көрсетпе бериўин, зәрүр болғанда дилмаштың қатнасыўын тәмийинлеў, ҳуқықбузарларға ҲЖҳКте белгилеп көрсетилген ҳуқықлары менен миннетлемелерин дурыс түсиндирген ҳалда таныстырыў ҳәм басқа да ҳуқықый нормалар бойынша зәрүр мәсләҳәтлер берилди.

Семинарда тийисли кодекслерге қатаң әмел етиў, «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызам ҳәм «Мәмлекетлик уйымларда, мәмлекетлик мәкемелерде ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлерде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў тәртиби ҳаққында»ғы реже талапларын анық ҳәм бирдей етип орынланыўы зәрүр екенлигине айрықша тоқтап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги