ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Әдиллик министрлигинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында брифинг өткерилди.
Брифингте Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал демократиялық партиясынан Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Абат Данияров шығып сөйлеп, быйылғы Президент сайлаўы жаңа миллий сайлаў нызамшылығы, улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сай түрде, демократиялық принциплер тийкарында өтетуғынлығына исеними кәмил екенин атап өтти ҳәм партиядан Президентликке талабан Шавкат Мирзиёевтиң өмир баяны ҳәм сайлаўалды бағдарламасындағы әҳмийетли бағдарлар туўралы мағлыўматлар берди.
Буннан соң партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов сайлаўалды процесслеринде партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен әмелге асырылған үгит-нәсият илажлары бойынша мағлыўмат берди.
Брифинг даўамында исенимли ўәкил тәрепинен алып барылатуғын жумыслардың мақсети, режелери ҳәм ислеў механизмлери ҳаққында да мағлыўматлар берилди.
Сайлаў кодексине муўапық, сайлаўалды үгит-нәсият жумыслары усы жыл 20-сентябрьден басланды ҳәм бул даўыс бериўге бир күн қалғанда тоқтатылады.
Сайлаўалды үгит-нәсият жумыслары даўамында исенимли ўәкилдиң Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында, шөлкемлерде, кәрхана ҳәм мәкемелерде, ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери менен тиккелей ушырасыў өткериўи, сондай-ақ, ғалаба ушырасыўлардың шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Ушырасыўларда исенимли ўәкил тәрепинен алып барылатуғын жумыслардың баслы мақсети – Президентликке талабанның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген тийкарғы идея ҳәм мақсетлерди пуқараларға жанлы, турмыслық мысаллар арқалы, шын кеўилден сәўбетлесиў ҳәм сораў-жуўап түринде түсиндириў болып есапланады. Соның менен бирге, ушырасыўларда орынларда ушырасатуғын мәселелер бойынша да пикир алысыўға итибар қаратылады.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги