Демократияның тийкарғы принциплеринен бири бул – сайлаў еркинлиги екенлиги әйне ҳақыйқат болып есапланады. Ҳәр бир пуқара өз турмыс жолын бийғәрез ҳәм еркин түрде таңлай алыўы менен бирге, жәмийеттиң барлық ағзалары қатарында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың ең әҳмийетли мәселелерин шешиўде қатнасыў имканиятына ийе болыўы заманагөй мәмлекеттиң қандай дәрежеде демократиялық көринисте қәлиплескенин көрсетеди.

Себеби сайлаў арқалы ҳәкимияттың ҳәр қыйлы уйымлары қәлиплестириледи. Соның ишинде, Өзбекстанда да пуқаралар тәрепинен мәмлекет Президенти, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары тиккелей сайланады.

Жәмийетте сайлаў процесслери арқалы сиясий күшлер қәлиплеседи, таңланған сиясий жолдың жәмийетлик мәплер ушын қаншелли сәйкес келетуғыны белгили болады, соның менен бирге, сайлаў процесслери пуқаралардың сиясий мәденияты қай дәрежеде арттырылғанын да белгилеп береди.

Еркин ҳәм әдил сайлаўлар – демократиялық системаның ең тийкарғы мазмуны менен механизми болып, халық ҳәкимиятшылығы, пуқаралардың сиясий басқарыў системасында қатнасыў принципин әмелде тәмийинлеў усылларынан бири болып есапланады.

Мәмлекет Президентлигине болып өтип атырған бул ретки сайлаў, әлбетте, бул бириншиси емес, яғный бурын да болып өткен. Бирақ бул сайлаўға таярлық көриў, оны өткериўди шөлкемлестириў процесслерин бақлар екенбиз, онда жаңаша ашық-айдынлық, демократиялық руўхтың көринип атырғанын айқын сеземиз.

Шөлкемлестириў көзқарасынан қарағанда, сайлаў қурамалы ҳәм көп басқыштан ибарат процесс болып есапланады. Бүгинги күнде Өзбекстанда Президент сайлаўына таярлық көриўдиң айырым басқышлары жуўмақланды ямаса жуўмақланыў алдында тур. Бул болса сайлаў кампаниясының сапасы ҳәм салмағы ҳаққында дәслепки жуўмақларды шығарыў имканиятын береди.

Сайлаў комиссиялары жумысының ашық-айдынлығы, ғалаба хабар қуралларында сайлаў процесслери қалай өтип атырғаны кеңнен ҳәм түсиникли дәрежеде сәўлелендирилип атырғаны, сайлаў қатнасыўшыларына жаратылып атырған теңдей имканиятлар – Жаңа Өзбекстанда жаңаша орталық қәлиплескенин көрсетпекте.

Атап айтқанда, халықаралық жәмийетшилик Өзбекстанда шөлкемлестирилген Президент сайлаўының нызамлылығы ҳәм халықаралық демократиялық стандартларға толық муўапық екенлигин тән алмақта. Мәмлекетимизге бақлаўшы сыпатында сайлаўларда қатнасыў ушын келген ҳәм келиўи күтилип атырған бақлаўшылар санының көп екенлиги де соннан дәрек бермекте.

Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы сайлаўларды бақлаў ушын өзиниң көп санлы миссиясын мәмлекетимизге жибергени жоқары сиясий баҳаға ылайық болып есапланады.

Буннан тысқары, бүгинги күнде ШБШ, ҒМДА сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлер, ҳәр қыйлы парламент бирлеспелери сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыў тилегин билдирди. Усы көзқарастан алып қарағанда, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен көрсетилип атырған бундай итибарды мәмлекетимиздеги демократиялық процесслерге ҳәм сайлаўға таярлық жумысларына берилген унамлы баҳа, деп тән алыў орынлы болып есапланады.

Сайлаў системасы бир жерде қатып қалған, жансыз процесс емес. Сайлаў системасы, айтып өтетуғын болсақ, турақлы түрде жетилистирилип, раўажланып баратуғын «тири организм болып есапланады». Кейинги жылларда Өзбекстандағы жаңа сиясий жол себепли сайлаў системасы избе-из жетилистирилип барылғаны нәтийжесинде барлық демократиялық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй миллий сайлаў системасына тийкар салынды. Бул сайлаў системасындағы үлкен сиясий потенциалдың иске қосылыўы абадан, еркин жәмийетти қурыў ушын демократиялық механизмлерден және де толық пайдаланыўға хызмет етеди.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимизде өткерилип атырған сайлаў бәршемиз ушын әҳмийетли имтихан болып есапланады. Бул сайлаў пуқараларымыздың жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық реформаларды баҳалаўдағы талапшаңлығы артып атырған бир ўақытта өтпекте. Сол себепли де болажақ сайлаў сиясий жетиклигимиз, демократия ҳәм сайлаў еркинлигине болған садықлығымыз сынағы болып есапланады. Исенимим кәмил, мәмлекетимиз, халқымыз бул имтиханнан да абырай менен өтип, Жаңа Өзбекстанды қурыў, теңи-тайы жоқ Ўатанымыздың ҳәр бир пуқарасына ғамқорлық көрсетиў, оның мүнәсип жасаўын тәмийинлеў бағдарында басланған жолда исеним менен даўам етеди.

 

Нуриддинжон ИСМОИЛОВ,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Спикери.

ӨзА