Соңғы ўақытлары қала ҳәм аўылларымызда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылып, бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Қарақалпақстанда 2017-жылы жумыс сорап мүрәжат еткен 10612 ҳаял-қыздың 9521и, яғный, 89,7 проценти жумыс пенен тәмийинленген. Бул көрсеткиш 2018-жылы 21097-9007(42,7%), 2019-жылы 2734-2060 (75,3 7%), 2020-жылы 3419-1414 (41,3 7%)ти қураған.

«Ҳаял-қызлар дәптери» – оларды социаллық, экономикалық, ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаў, билим ҳәм кәсип үйрениўди қәлейтуғын жумыссыз ҳаял-қызлардың машқалаларын анықлаў, сапластырыў және қадағалаў жумысларын алып барыў бойынша мағлыўматлар базасы болып есапланады.

– «Ҳаяллар дәптери»не жасы 30дан асқан  социаллық жәрдемге мүтәж, жумыссыз, бағыўшысын жоғалтқан, социаллық жәрдемге мүтәж  I ҳәм II топар майыплығы болған, турақ-жайын оңлаўға мүтәж I топар майыплығы болған ҳаял-қызлар, турақ жай ушын мөлшерленбеген орынларда жасап атырған, өзиниң ямаса бирге жасайтуғын шаңарақ ағзаларының атында турақ жайы болмаған ҳаял-қызлар киргизиледи,-дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили аппаратының бас инспекторы Айбек Камалов. – Сондай-ақ, қараўында бир ямаса одан көп I  ҳәм II  топар майыплығы болған балалары бар жалғыз ҳаяллар, медициналық қорғаўға, ҳуқықый жәрдем алыўға, психологиялық мәсләҳәт алыўға мүтәж ҳаял-қызлар киргизиледи.

Қарақалпақстанда быйыл сентябрь айында «Ҳаял-қызлар дәптери»не 8506 жумыссыз ҳаял-қызлар киргизилген.

Соннан, 1485и кәсип-өнерге оқытылды, 348и турақлы жумысқа орналастырылды, 1157и ўақытша (жәмийетлик) жумысларға тартылды, 12 си кооперативлерге жумысқа тартылды, 72 сине жумыссызлық напақасы тайынланды, 897 си өзин-өзи бән еткен.

«Ҳаял-қызлар дәптери»не ҳәр бир сектор кесиминде мәҳәлле кесиминде «Ҳаял-қызлар дәптери»не 30 жастан асқан 24 519 ҳаял-қызлар киргизилген.

Соннан, 8785 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. 2631 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды. 720 ҳаял-қызға қыйтақ жерден пайдаланыўы ушын жәрдем көрсетилди. 3867 ҳаял-қызға исбилерменлик етиўи ушын 37 миллиард 298 миллион сум муғдарында кредит ажратылды.

Сондай-ақ, 2172 бағыўшысын жоғалтқан ҳаялларға 1 миллиард 504 миллион 343 мың, 1927 I-II топар майыплығы болған ҳаялларға 1 миллард 291 миллион 538  сум, 337 қараўында майыплығы болған перзентлери бар ҳаялларға 214 млн 415 сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилди.

I топар майыплығы болған 79 ҳаялдың үйлери оңлап берилди ҳәм оларға 65 миллион 461 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди.

144 ҳаялға ижара компенсацыясын төлеўде ҳәм турақ-жай менен тәмийинлеўде жәрдем көрсетилди, 2097 ҳаялға медициналық, 848 ҳаял-қызға ҳуқықый жәрдем ҳәм 908 ҳаял-қызға психологиялық жәрдем көрсетилди.

Усы жылдың 10-сентябрь жағдайына 2-басқышта «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 15890 ҳаял-қызға әмелий жәрдемлер көрсетилип, 3012синиң бәнтлиги тәмийинленди. 1485 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды. 1283 ҳаял-қызға исбилерменлик пенен шуғулланыўы ушын 834 миллион сум муғдарында кредит ажыратылды. 438 ҳаял-қызға қыйтақ жерден пайдаланыўы ушын жәрдем көрсетилди.

I-топар «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»ниң дизимине киргизилген пуқараларға, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға ун өнимлериниң тарқатылыўы режелестирилип, қала ҳәм район ҳәкимликлериниң усынысларына бола 8612 шаңарақтың дизими қәлиплестирилип, усы шаңарақлардың ҳәр бирине бир қалтадан ун өнимлери тарқатылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги