Нөкис қаласында өткерилип атырған II «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы» шеңберинде өткерилген «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гарстрономиялық илажының жеңимпазлары анықланды.

Илажда республикамыздың қала ҳәм районларынан балық тағамлары бойынша қәнигелер, аспазлар қатнасып, балық өнимлеринен ҳәр қыйлы тағамлар таярлап, өз-ара беллескен еди.

Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи әтирапындағы майданларда бир қатар дизилген қара үйлер алдында районлардан келген аспазлардың ҳәр бири балық өнимлеринен қарма, палаў, гүртик, сомса, қуўырдақ ҳәм басқа да 15-20 түрли тағамлар таярлап, буның барлығы төрешилер қурамы тәрепинен бақланып, баҳаланып барылған еди.

Жарыс жуўмағы бойынша Мойнақ районынан келген аспаз Гүлмира Батырбаева биринши, Беруний районынан келген аспаз Ҳайтбай Қузиев екинши, Төрткүл районынан келген аспаз Дилбар Ҳабибуллаева үшинши орынды ийеледи.

Нөкис қаласы Ашық театрының алдында жеңимпазларды сыйлықлаў мәрсими өткерилди. Жеңимпазларға Ҳүрмет жарлығы, арнаўлы диплом ҳәм саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери