Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев алып барды.

Мәжилис күн тәртибинен Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан Экологиялық партиясы, Өзбекстан Халқ демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине  көрсетилген талабанлардың исенимли ўәкиллерин дизимге алыў мәселелери орын алды.

Атап өтилгениндей, Орайлық сайлаў комиссиясы 11-14-сентябрь күнлери барлық сиясий партиялардан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алған еди. Сайлаў кодексиниң 43-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан он бес адамға шекем исенимли ўәкилге ийе болыўға ҳақылы. Исенимли ўәкиллер талабанға сайлаў кампаниясын өткериўде жәрдем береди, сайлаў ушын үгит-нәсият алып барады, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелер, сайлаў комиссиялары менен болатуғын қатнасықларда талабанның мәплерин сәўлелендиреди.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның исенимли ўәкиллери оның усынысына бола Орайлық сайлаў комиссиясы  тәрепинен дизимге алынады, Орайлық сайлаў комиссиясы оларға тийисли гүўалықлар береди. Соннан келип шыққан ҳалда мәжилис даўамында Өзбекстан Экологиялық партиясынан Обломурадов Нарзулло Наимович, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Қодиров Алишер Келдиевич, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Ворисова Мақсуда Азизовна, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Абдуҳалимов Баҳром Абдураҳимович ҳәм Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Мирзиёев Шавкат Миромоновичтиң исенимли ўәкиллери дизимге алынды.

– Талабан сайлаўға шекем  өзиниң исенимли ўәкилин тийисли сайлаў комиссиясына мәлим еткен ҳалда қәлеген ўақытта  ўәкиллигинен айырыўы ҳәм оны басқасы менен  алмастырыўы мүмкин, – дейди Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы Орзигул Қозихонова. – Исенимли ўәкил қәлеген ўақытта өз ўәкилликлерин алып таслаўға  ҳақылы.  Исенимли ўәкил сайлаў комиссиясының ағзасы  болыўы мүмкин емес. Талабанлардың исенимли ўәкиллериниң Өзбекстан Республикасы аймағы шеңбериндеги  сапар қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан төленеди. Исенимли ўәкилге сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ўақтында үгит-нәсиятлаўды сайлаўшыларға бийпул ямаса жеңилликли  шәртлерде  товарлар бериў, хызметлер көрсетиў (мәлимлеме хызметлеринен тысқары), сондай-ақ, пул қаржыларын төлеў менен қосып алып барыў, надурыс мәлимлемени, сондай-ақ, талабанлардың абырайына зыян жеткеретуғын мағлыўматларды тарқатыў қадаған етиледи.

Соның менен бирге, сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан бир күн бурын жәмийетшилик пикир сораўларының нәтийжелерин, сайлаў нәтийжелериниң прогнозларын, өткерилип атырған сайлаўға байланыслы басқа  да изертлеўлерди жәриялаў, соның ишинде, мәлимлеме тармақларына, сондай-ақ, интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жайластырыў қадаған етиледи.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы