Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында 13-сентябрь күни Россияның Қазан қаласында өткерилген 1-ҒМДА ойынларында мүнәсип қатнасқан Өзбекстан спорт делегациясы салтанатлы күтип алынды.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген мәресимде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, денетәрбия ҳәм спорт системасы хызметкерлери, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, спортшылардың ата-аналары қатнасты.

Татарстан пайтахтында 4-11-сентябрь күнлери үлкен көтериңкилик пенен өткерилген Дослық Аўқамының ойынларында жеңиске болған күшли ерк-ықрарды көрсетип, Жаңа Өзбекстанның даңқын шығарған спортшыларымызға, олардың тренерлерине гүллер усынылды.

1-ҒМДА ойынларында 150 ден аслам спортшымыз 16 спорт түри бойынша қатнасқан болса, солардың 100 ге шамаласы минберге көтерилди. Олардың табысы ҳүрметине Өзбекстанның байрағы бәлентлерге көтерилди. Дәслепки рет шөлкемлестирилген ойынларда Өзбекстан спортшылары улыўма командалық есапта 2-орынға ийе болды. Қолға киргизилген 91 медальлар топламының 23 и алтын, 32 си гүмис ҳәм 36 сы бронза екени нәзерде тутылса, бул жеңислерге Ўатанды сүйиў сыяқлы муқаддес сезимге шериклик, мәртлик ҳәм алға умтылысы есабынан ерисилгени кеўилде мақтаныш сезимлерин толып-тастырды.

Дослық Аўқамы ойынларының қаҳарманларын күтип алыў мәресиминде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, спорт ветеранлары, ата-аналар, зыялылар Татарстан пайтахтында өткен жарыслардың әҳмийети, үмитли спортшыларымыздың жеңиси ҳаққында толқынланып айтты. Бундай жарыслар спортшыларымыз ушын келешекте абырайлы турнирлер, континент ҳәм Олимпиада ойынларында жоқары жеңислерди қолға киргизиўде негиз ўазыйпасын атқаратуғыны атап өтилди.

Қазан ойынлары тарийхқа айланды. Оның нәтийжелерин таллаў, керекли жуўмақлар шығарыў ҳәм кейинги спорт ойынлары ушын режелерди белгилеў қәнигелердиң ықтыярында.

Ўатанның абырайын халықаралық майданларда көтериў сезими ғалабалық спорт жарысларында қәлиплеседи. Усы мәнисте, Қазан жарысларында беллескен жас спортшыларымыз саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўшы болып есапланады.

1-ҒМДА ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин күтип алыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Абдуҳакимов, Б.Мусаев қатнасып, жас спортшыларға келеси абырайлы жарысларда әўметлер тиледи.

ҒМДА ойынларында алтын медаль алған спортшыларға мәмлекетимиз тәрепинен 25 миллион сум, гүмис медальға ийе болғанларға 15 миллион сум, бронза медальды қолға киргизгенлерге 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық белгиленген еди. Мәресимде спортшылар, олардың тренерлерине усы ақшалай сыйлық тапсырылды.

Аэропортта әжайып қуўаныш пенен күтип алынған спортшылар делегациясы мәмлекетлик байрақлар менен безелген автобуслар кәрўанында Ташкент көшелери бойлап ҳәрекетленип, жеңис маршын өткерди. Жеңимпаз спортшыларымызды мыңлаған жасларымыз, жәмийетшилик ўәкиллери қызғын күтип алды.

 

 

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы