Мәмлекетимизде 2021-жыл 24-октябрьде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы күн сайын жақынласыўы менен сиясий илажға таярлық жумыслары да қызғын түс алмақта. Миллий сайлаў нызамшылығымызда белгиленген тәртип-қағыйдалар тийкарында сиясий партиялар сайлаўалды илажларын әмелге асырмақта.

Пайтахтымыз Ташкент қаласында Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының гезектеги қурылтайы болып өтти. Онда партияның VII пленумының қарарына тийкарланып делегат сыпатында белгиленген партия сиясий кеңесиниң ағзалары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы партия фракциясы ағзалары, Орайлық қадағалаў-тексериў комиссиясы ағзалары, аймақлық партия шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.

Қурылтайда Өзбекстан  «Адолат» СДПдан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан көрсетиў ҳәм партиядан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанның сайлаўалды бағдарламасы ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

«Адолат» социал-демократиялық партиясы да республикамыз ғәрезсизлигин беккемлеў, халқымызға және де мол, абадан турмыс шараятларын жаратыў, мәмлекетимиздеги социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық, руўхый тараўларда белсене қатнасыўды мақсет еткен сиясий күш сыпатында бул сайлаўда мүнәсип қатнасыўға бел байлаған. Партия сиясий кеңесиниң быйыл 5-август күни болып өткен VII пленумында партияның Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўындағы қатнасыўы ҳаққында қарар қабыл етилген еди. Буннан кейин партия тәрепинен усыныс етилген тийисли ҳүжжетлер Орайлық сайлаў комиссиясында көрип шығылып, сайлаўда қатнасыў ҳуқықы берилди.

Қурылтайда Өзбекстан Республикасы Конституциясының  90-статьясы, Өзбекстан Республикасы  Сайлаў кодексиниң 37- ҳәм 62-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Президентлигине Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан көрсетиў ҳаққындағы мәселе қызғын додаланды. Делегатлардың итибарына Өзбекстан Республикасы Президентлигине Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы сиясий кеңесиниң баслығы Баҳром Абдураҳимович Абдуҳалимовтың кандидатурасы усыныс етилди. Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы сиясий кеңеси баслығының орынбасары, партияның ўәкилликли ўәкили Абдукамол Раҳмонов партия сиясий кеңесиниң баслығы, талабан Баҳром Абдуҳалимов ҳаққында қысқаша мағлыўмат берди. Атап өтилгениндей, Баҳром Абдуҳалимов алым, илим пидайысы, сиясатшы ҳәм басшы сыпатында өз орнына ийе, партия системасындағы оннан артық турмыслық жойбарларды әмелге асырыўда басшылық етпекте.

Бул мәселе бойынша шығып сөйлегенлер талабанды қоллап-қуўатлап, барлық делегатларды талабанға даўыс бериўге шақырды. Делегатлардың барлығы даўыс бериўде қатнасты ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентлигине Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Баҳром Абдуҳалимовтың кандидатурасы мақулланды.

Буннан соң талабан Б.Абдуҳалимов өзиниң сайлаўалды бағдарламасының мақсет ҳәм ўазыйпалары, тийкарғы бағдарларын қурылтай қатнасыўшыларына мәлим етти.

Талабанның сайлаўалды бағдарламасы көп қырлы болып, бир қатар турмыслық мақсет-ўазыйпалар орын алған. Соның ишинде, мәмлекетлик ҳәкимиятты басқарыў бағдарында пуқаралардың сиясий ҳуқықлары менен еркинликлерин, еркин сөйлеў ҳәм пикир билдириў ҳуқықларын қорғаў, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, соның ишинде, журналист ҳәм блогерлердиң ҳуқықый статусын халықаралық үлгилер дәрежесине көтериў ҳәм оларды социаллық қорғаў, жергиликли ҳәкимлерди сайлаў системасын енгизиў ҳәм ҳәкимлердиң халық депутатлары жергиликли Кеңеслери баслығы лаўазымында отырыўғынаа шек қойыў, коррупцияның барлық көринислери ушын қатаң жаза илажларын қолланыў мәселелерине айрықша орын ажыратылған. Партия талабаны әдиллик ҳәм суд-ҳуқық бағдарында да әҳмийетли мәселелерди алға қоймақта. Соның ишинде, пуқараға қол қатылмаслығы, жеке қол қатылмаслық, мүлкке қол қатылмаслығы, турақ жай қәўипсизлиги, ҳайўанат дүньясы қәўипсизлиги принциплерине қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў, жынаятшылыққа, соның ишинде, мәмлекет мүлкин өзлестириўге, парахорлыққа, дәмегөйлик, зорлық, экстремизм ҳәм терроризмге қарсы маўасасыз гүресиў, ҳәр қандай көринистеги «самосуд» ушын қатаң жаза белгилеў усыныслары өз көринисин тапқан. Талабан әдилсиз жәриймаларды қайта көрип шығыў, жәриймалар биринши гезекте халықтың реал дәраматына сәйкес болыўы зәрүр,  деп есаплайды.

Сондай-ақ, сайлаўалды бағдарламада бирден-бир тергеў уйымы-Тергеў комитетин шөлкемлестириў ҳәм сол арқалы инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери халықаралық талаплар шеңберинде тәмийинлеў сыяқлы мәселелер нәзерде тутылған.

Социаллық бағдарда хызметкерди эксплуатациялаўға қарсы кескин гүресиў, ҳәр бир инсанды ҳәммеге қолайлы ҳәм арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў, турақ жайлардың баҳасын кескин азайтыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын муниципал турақ жайлар менен тәмийинлеў, пенсиядағы жоқары шеклеўлерди бийкарлаў ҳәм ҳәр кимниң мийнетине, алған мийнет ҳақысына ҳәм социаллық төлемлерге жараса пенсия менен тәмийинлениўин жолға қойыў мақсетлери алға қойылмақта.

– Партиямыз талабанының сайлаўалды бағдарламасында билимлендириў, илим тараўларына айрықша итибар қаратылған, – Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, қурылтай делегаты Дилмурод Исмоилов. – Атап айтқанда мектепке шекемги билимлендириўдиң сапа ҳәм нәтийжелилигин жоқары дәрежеге көтериў, бақшаларға балаларды үш жастан емес, еки жастан баслап, ҳеш қандай гезеклерсиз жүз процент қамтып алыў, улыўма орта билимлендириўдиң жаңа стандартларын жаратыў, айрықша баҳалар менен оқыған қәбилетли кем тәмийинленген жаслардың мәмлекет есабынан жоқары билим алыўын кепиллеў мақсетлери белгиленген. Жоқары билимлендириў квоталарын пүткиллей жоқ етиў ҳәм рейтинги жоқары болған студентлердиң бийпул жоқары билим алыўын кепилликлеў тәрепдарымыз. Сондай-ақ, сайлаўалды бағдарламада билимлендириў системасында болып атырған келиспеўшиликлерден, қарама-қарсылықлардан ўаз кешиў ҳәм үзликсизликти тәмийинлеў ушын Мектепке шекемги билимлендириў, Халық билимлендириўи, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлерин бирден-бир – Билимлендириў министрлигине айландырыў мәселелерине итибар қаратылған.

Сондай-ақ, бағдарламадан илимпазларды, ҳәр қандай ойлап табылыў ҳәм ойлап табыўшыларды қоллап-қуўатлаў, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў бойынша «Миллий бағдарлама» жаратыў, дәри-дәрмақ спекуляциясына шек қойыў, тарийхый қәдириятларымызға тийкарланған «Жәмийетте жүрис-турыс, әдеп икрамлылық қағыйдалары» кодексин жаратыў, буйыртпашы ҳәм жеткерип бериў арасында дүзилетуғын шәртнаманы қүдиретли ҳуқықый қуралға айландырыў ҳәм бул процесске ҳәкимият араласыўын сапластырыў, өндирилетуғын барлық төлемлерди толық түрде мәмлекетлик бюджетке бағдарлаў, сапасыз өним шығарыў және баҳаны жасалма көрсетиўге қаратылған ҳәрекетлер ушын күшейтилген жаза илажларды қолланыў сыяқлы мәселелер де орын алған.

Қурылтайда талабанның сайлаўалды бағдарламасы, оннан орын алған барлық мәселелер делегатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды. Партия белсендилери – Олий Мажлис Сенаты комитетиниң баслығы Наримон Умаров Сенат комитети баслығының орынбасары Дилором Тошмуҳамеддова, Ташкент педиатрия медицина институтының ректоры, профессор Ботир Даминов, партияның ўәлаятлық кеңеслери баслықлары ҳәм басқалар талабанның бағдарламасында алға қойылып атырған барлық мақсет-ўазыйпалардың турмыслылығы, әҳмийетлилиги, әдиллик ҳәм нызамлы принциплерине тийкарланғаны менен  ажыралып туратуғынын атап өтти.

Додалаўлар процесинде Президентликке талабанның сайлаўалды бағдарламасын халқымызға жеткериў партия белсендилери алдында турған әҳмийетли ўазыйпа екенлиги атап өтилди.

Қурылтай жуўмағында күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Буннан соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы Президентлигине Өзбекстан «Адолат» социал-декмратиялық партиясынан талабан Баҳром Абдуҳалимов журналист ҳәм блогерлердиң сораўларына жуўап берди.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы