Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Ф.Маманов басшылығындағы ўәлаят, районлар ҳәкимлигиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм 50 ге шамалас потенциаллы исбилерменлерден ибарат делегация Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти раўажландырыўға жәрдемлесиў ушын 1 мың 50 километр жол басып, жетип барды.

Бул ҳаққында ӨзАға ўәлаятлық экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў басқармасы баслығының биринши орынбасары Элмурод Авазов хабар берди.

Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул сапары ўәлаятлардан барған делегациялар аймақта исбилерменликти раўажландырып, Қарақалпақстанның экономикалық потенциалын арттырыўға жәрдем береди.

Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм исбилерменлери кейинги жыллары Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыўға өзиниң үлесин қоспақта. Соның ишинде, өткен жылы Мойнақ районында «Термиз тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өз қаржысы есабынан 3 миллиард 400 миллион сумлық 300 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурып, пайдаланыў ушын еркин тапсырды. «Термиз тәмийнаты»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм қарақалпақстанлы исбилерменлер менен биргеликте қамыс плиталар ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылмақта. Мойнақ районында қурылып атырған заманагөй кәрхана келеси жылы Наўрыз байрамы алдында пайдаланыўға тапсырылады.

Бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў ушын Қарақалпақстан Республикасына барған делегация ағзалары Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов исбилерменлерге жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар, районлардың өсиў ноқатлары яғный, драйвер бағдарлары бойынша мағлыўмат берди. Сондай-ақ, сурхандәрьялы исбилерменлер де өзиниң бағдарлары бойынша презентацияларын усынды.

Термиз қаласындағы «Ўтан полвон» жеке меншик кәрханасы Нөкис ҳәм Төрткул қалаларында заманагөй медициналық хызмет көрсетиўди жолға қойыў, «Glass Expo Surxon» жуўапкершилиги шекленген жәмийети айнаны қайта ислеў кәрханасын қурыў, Алтынсай районындағы «Султан шербети» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Нөкис қаласында кәрханада ислеп шығарылып атырған вино өнимлери дүканын ҳәм заманагөй ресторан қурыў усынысын алға қойды.

Енди исбилерменлеримиз Қарақалпақстанның экспорт потенциалын арттырыўға да жәрдемлеспекши, дейди ўәлаятлық экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў басқармасы баслығының биринши орынбасары Э.Авазов. Онға шамалас потенциаллы исбилермен Қазақстан дәнин қайта ислеп, ун ислеп шығарыў ҳәм Аўғанстанға экспорт етиў тилегин билдирди. Бул кәрханалардың ҳәр биринде орташа 50-100 адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Сурхандәрья ўәлаятында 500 ге шамалас ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеген пакистанлы исбилермен жүнди қайта ислеп, аўған гилемлерин тоқыў ҳәм сырт елге сатыў жойбарын әмелге асырады. Бул жерде тоқыўшылар бар. Бирақ, жип пенен тәмийинлеў, дизайнер мәселеси ҳәм экспорт етиўде машқала бар. Бизиң исбилерменлеримиз қоспа кәрхана шөлкемлестирип, мине усы машқалаларды шешеди. 400-500 жумыс орнын жаратады. Гипсакартон, цемент, бояў ислеп шығарыў бойынша да перспективалы жойбарларымыз бар.

Сурхандәрьялы исбилерменлердиң бундай жойбарларын әмелге асырыў ушын Қарақалпақстан Республикасының саўда-санаат палатасында штаб шөлкемлестирилип, потенциаллы исбилерменлер және Термиз қаласы ҳәм барлық районлар ҳәм қалаларына бириктирилди.

Жақын күнлерде өзиниң бизнесин жолға қойыў ушын және 30 ға шамалас сурхандәрьялы исбилермен Қарақалпақстан Республикасына жол алады.

 

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

ӨзА