Бүгин пайтахтымыздағы Ислам Кәримов атындағы халықаралық аэропортта Японияның Токио қаласында өткен XVI Паралимпия ойынларында 8 алтын, 5 гүмис ҳәм 6 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 160 тан аслам мәмлекет арасында 16-орынды ийелеген Өзбекстан спортшылары салтанатлы түрде күтип алынды.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң ҳаўа дәрўазасы болған саўлатлы аэропортта мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, спортшылар, паралимпияшыларымыздың ата-аналары, журналистлер жеңимпаз спортшыларымызды салтанатлы күтип алды.
Быйылғы спорт мәўсиминде Өзбекстан перзентлери дүнья жүзиниң абырайлы жарыслары – XXXII жазғы Олимпияда ҳәм XVI Паралимпия ойынларында пүткил дүньяға мәмлекетимиздиң үлкен потенциалын көрсетти. Ата-бабалары уллы миллеттиң әўладлары да уллы ислерге уқыплы екенин, елимиз жасларының мәртликте, күш-жигерде, қәбилет ҳәм талантта ҳеш кимнен кем емес екенин, керисинше, мине мен деген мәмлекет жасларынан жедел белессиўлерде үстин екенин дәлийлледи.
Күшли ҳәм мәрт жигит-қызларымыздың Токио спорт майданларындағы уллы мақсетлерге умтылыўларын дүнья жүзи ғалаба хабар қураллары арқалы бақлап барған жер шарындағы миллионлаған спорт ықласбентлери олардың жеңислери арқалы қуяшлы Ўатанымыз Өзбекстанды, потенциаллы халқымызды, ҳәр бир қарыс жери байлыққа толы мәмлекетимизди және бир мәрте жақыннан таныды, тән берди. Спортшыларымыздың ХХХII жазғы Олимпиада ойынларында өз жеңислери менен бәршемиздиң кеўлимизде бир мақсет әтирапында бирлесиў сезимин жәмлеген, мақтанышымызды таўдай көтерген жеңисли мәўритлериниң ҳәўири басылмай турып, Токио қаласында өткен XVI жазғы паралимпия ойынларында жеңиске ерискен күшли спортшыларымыз кеўиллеримизди және жеңис шадлығы, бахытлы мәўритлердиң қуўанышы менен бийлеп алды.
Өзбекстан паралимпияшылары эпидемиологиялық қурамалы жағдайға қарамастан төрт жыллықтың абырайлы жарысына ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көргени нәтийжелерде өз көринисин тапты. Оқыў-шынығыўларын өткериўи, тәжирийбеси ҳәм шеберлигин арттырыўы, паралимпия ойынларына жоллама беретуғын абырайлы жарысларға таярланыўы ҳәм оларда мүнәсип қатнасыўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен барлық шараятлар жаратылды, олардың мәҳәллеси, шаңарағына айрықша итибар қаратылды, ғамқорлық көрсетилди.
XVI жазғы паралимпия ойынларында Өзбекстанның 48 паралимпияшысы 8 спорт түри – паражеңил атлетика, паражүзиў, парадзюдо, паратаэквондо, параоқ атыў, парапауэрлифтинг, параканоэ ҳәм параескек есиў сыяқлы спорт түрлериниң 55 бағдары бойынша өткерилген жарысларда Өзбекстан спорт делегациясы 160 тан аслам мәмлекет арасында 16, ҒМДА ҳәм Азия мәмлекетлериниң ишинде 4, түркий тиллес мәмлекетлер арасында 2, Орайлық Азияда болса 1-орынды ийеледи.
– Биз Хорезм ўәлаятының Боғот районынанбыз. Қуўанышымыздың шеги жоқ. Улым Паралимпия ойынларына кетиў алдынан, әлбетте, алтын медаль менен қайтаман, деп ўәде берген еди. Шүкир, жүзимизди жарқын етти. Әкеси Умарбек Аҳмедов ҳәм Дийқанбазар аўылынан көплеген туўысқанлар, дослар, мәҳәллелеслеримиз бенен жеңимпаз перзентлеримизди күтип алыў ушын келдик. Учқунжанның Токиодағы жеңиси пүткил халқымыздың жеңиси, мәмлекетимиз басшысының жасларға көрсеткен итибарының жарқын нәтийжеси, деп билемен, – дейди парадзюдо бойынша алтын медаль ийеси Учқун Қуронбоевтың анасы Рухия Матназарова.
– Өзбекстанның даңқын шығарған спортшыларымызды күтип алыў ушын Сурхандәрьяның Узун районынан келдик. Перзентим Гулжаной Наимова паратаэквондо бойынша алтын медаль ийеси болған демлерди сөз бенен айта алмайман. Перзентимниң чемпион болыўында өз хызметин аямаған спорт федерациясының қәнигелерине, тренерлерге рахмет. Қалаберди, бул жеңис мәмлекетимиз тәрепинен спортшыларымызға көрсетилген итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжеси болып есапланады, – дейди Гўзал Тожибоева.
… Мине, асығыслық пенен күткен мәўритлер келди – үлкен ҳаўа кемесинен қолларында Ўатанымыздың байрағын мақтаныш пенен көтерген паралимпияшыларымыз шығып келмекте. Гернай-сырнай ҳаўазлары жаслардың «Жаңа Өзбекстанның жаңа жеңислериӘ», «Күшли ҳәм мәрт спортшыларымыз – елдиң мақтанышы», «Чемпионларымыз қайтты» деген сөзлерине жалғанып кетеди.
Паралимпия ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, қатнасыўшылары, олардың ата-аналары ҳәм ықласбентлер төбеси ашық автобуста гөззал пайтахтымыздың көркем көшелери бойлап Жаңа Өзбекстанның үлкен потенциалы, халқымыздың ақыл-парасаты ҳәм арзыў-нийетлериниң тымсалы сыпатында қысқа ўақыт ишинде қурылып, мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 30 жыллық қуўанышлары өткерилген «Жаңа Өзбекстан»ға шекемги болған кең ҳәм жақты көшелердиң жол шетлеринде спортшыларымызды ықласбентлер күтип алды, оларды қоллап-қуўатлады.
Саўлатлы комплекстиң кең майданында болып өткен салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддинжон Исмоилов, Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов, Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид, ата-аналар атынан шығып сөйлегенлер паралимпияшыларымыздың бул жоқары жеңиси халқымызға шексиз мақтаныш бағышлаған, мәмлекетимизде кейинги жылларда спортты раўажландырыўға, физикалық имканияты шекленген спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған итибар ҳәм ғамқорлықтың үлкен нәтийжеси екенлигин айрықша атап өтти.
Жеңимпаз спортшыларымыз атынан шығып сөйлеген Учқун Қуронбоев ҳәм Гулжаной Наимова халқымыздың исеними, мәмлекетимиздиң жасларға қаратылып атырған жоқары итибары ҳәм ғамқорлығы ушын миннетдаршылық билдирди. Келешекте буннан да жоқары жеңислерди қолға киргизиўге ўәде берди.
– Паралимпия ойынлардағы жеңисимизди ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына бағышлаймыз, – дейди паражеңил атлетика бойынша Паралимпия ойынларының жеңимпазы ҳәм рекордшысы Бобуржон Омонов. – Олимпиадашыларымызды күтип алыў мәресимин көргенимизде оларға шын кеўилден ҳәўес еткен, биз де абырайлы жарыста мүнәсип қатнасып, жеңиске ерисемиз, деп нийет еткен едик. Бүгин, мине, усы нийетимизге жеткенимизден, бизлерди де олимпиадашыларымыз сыяқлы үлкен салтанат пенен күтип алғанынан басымыз көкке жетти.
«Жаңа Өзбекстан» комплексинде болып өткен мәресимде паралимпия ойынларының жеңимпазларының ҳәр бирине 200 мың АҚШ доллары, турақ жай ҳәм автомобиль, гүмис медал ийелерине 100 мың АҚШ доллары, автомобиль ҳәм турақ жай, бронза медалы ийелерине болса 50 мың АҚШ доллары, турақ жай ҳәм автомобиль Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғасы сыпатында тапсырылды.
Итибарға мүнәсип болыў ел перзентиниң кеўил төриндеги нийети. Өзбекстан спортшылары XVI жазғы паралимпия ойынларында өз шеберлиги, мәртлиги ҳәм ерк-ықрарын көрсетип, қалыс нийетине жетти. Тилегимиз, мәртлик тымсалы болған спортшыларымыз келешектеги абырайлы жарысларда, соның ишинде, 2024-жылы Францияның Париж қаласында болатуғын XVII Паралимпия ойынларында буннан ды жоқары нәтийжелерге ерисип, Жаңа Өзбекстанның даңқын дүнья жүзине шығара берсин.
Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршылары