Халық демократиялық партиясының гезектеги қурылтайы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан ҳәм оның Сайлаўалды бағдарламасы ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Қурылтайда 2021-жыл 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы миллий сайлаў нызамшылығының жаңа принциплери, улыўма тән алынған халықаралық стандартлар тийкарында, ашық-айдын өткерилиўи, сайлаў кампаниясы дәўиринде барлық сиясий партиялар ҳәм олар тәрепинен көрсетилген талабанлар ушын саламат бәсеки орталығы, тең шараят жаратылыўының зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Миллий сайлаў нызамшылығы мәмлекетимизде өткерилген онға шамалас сайлаўларда жыйналған бай әмелий тәжирийбе, халықаралық сайлаў стандартлары, пуқаралардың сиясий-ҳуқықый билими ҳәм мәдениятының артып барыўы ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларға сай эволюциялық раўажланып, жетилистирилип атырғаны тән алынды.

Қурылтайда Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан көрсетиў ҳаққындағы мәселе ҳәр тәреплеме додаланды. Партия орайлық кеңесиниң 7-август күни болып өткен пленумында Халық демократиялық партиясынан ӨзХДП орайлық кеңеси баслығының орынбасары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Мақсуда Азизовна Ворисованың кандидатурасын усыныў ҳаққында қарар қабыл етилген еди.

Қурылтайда талабан ҳаққында қысқаша мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, Мақсуда Ворисова 1961-жылы Ташкент қаласында туўылған. Мағлыўматы жоқары. 1984-жылы Ташкент мәмлекетлик медицина институтын тамамлаған. Қәнигелиги – шыпакер. Шаңарақлы, үш перзенти бар. Өзбекстан ХДП ағзасы. Ол исенимли сиясий ерк-ықрарға ийе, жәмийеттиң мәпин ҳәмме нәрседен үстин қойыў сыяқлы пазыйлет ийеси, пидайы басшы сыпатында партияның көп мың санлы ағзалары ҳәм халқымыз арасында үлкен ҳүрмет ҳәм итибарға ерискен. Мақсуда Ворисова Халық демократиялық партиясының электораты болған мүтәж пуқараларды сапалы медициналық хызмет пенен тәмийинлеў бойынша басланғыш буўында узақ жыллар пидәкерлик көрсеткен.

Оның усыныслары ҳәм жеке басламасы тийкарында Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Халық саламатлығын беккемлеў бағдарындағы реформаларды турмысқа енгизиў бойынша Парламентлик комиссия шөлкемлестирилген. Мақсуда Ворисова көп жыллық депутатлық, сенаторлық жумысы даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў. ишки ҳәм сыртқы сиясат, ҳуқық ҳәм социаллық қорғаў мәселелеринде үлкен тәжирийбе топлаған, тәжирийбели сиясатшы ҳаяллардың бири болып есапланады.

Қурылтайда талабан мәселеси бойынша бир қатар пикир-усыныслар тыңланды. Додалаўлардан кейин делегатлар талабанды қоллап-қуўатлады ҳәм Өзбекстан Президенти сайлаўында Халық демократиялық партиясынан Мақсуда Азизовна Ворисованы талабан сыпатында көрсетиў ҳаққында исенимли қарар қабыл етилди. М.Ворисова Халық демократиялық партиясынан президентлик ушын биринши ҳаял талабан болады.

Қурылтайда Өзбекстан Халық деморкатиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның Сайлаўалды бағдарламасы жәрияланды. Талабанның Сайлаўалды бағдарламасы делегатлар тәрепинен қызғын додаланды. Усы бағдарламаны қәлиплестириў бойынша бир неше ай даўамында избе-из жумыс алып барылғаны, басланғыш шөлкемлерден баслап, аймақлық кеңеслерге шекем усыныслардың қәлиплестирилгени, партия ағзалары ҳәм электораттың пикири, көзқараслары бағдарламада өз сәўлесин таўып атырғаны атап өтилди.

Бағдарлама жойбарының тийкарғы мақсети мәмлекетимизде социаллық теңлик ҳәм халық демократиясының нормаларына сәйкес болған мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў болып есапланады. Онда тоғыз бағдарда усыныс ҳәм басламалар алға қойылмақта.

– Партиямыздың бүгинги қурылтайында Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанды қоллап-қуўатлап, оның Сайлаўалды бағдарламасын тыңладық, – дейди Халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық Кеңесиниң депутаты, қурылтай делегаты Зайнаб Бердиева. – Бағдарламада халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға, социаллық теңлик мәселелерине тийкарғы орын берилген. Мәселен, халықтың дәраматына қарап дифференциалластырылған салық салыў системасын енгизиў, ҳәр бир инсанның минимал социаллық хызметлерди бийпул алыўды нызамшылық дәрежесинде кепиллеў, халықтың кем тәмийинленген қатламларына бийпул, сапалы ҳәм толық, соның ишинде, профилактикалық медициналық хызметлерди өз ишине алған медициналық жәрдем көрсетиў, жаслардың кәсип-өнер таңлаўы, бийпул ҳәм сапалы билим алыўы, оқыў мәкемелерин тамамлағаннан кейин жумысқа жайласыў кепиллигин беккемлеў, пенсия ҳәм социаллық напақа алыўшылардың турмыслық талапларын толық қанаатландырыўды кепиллейтуғын пенсия ҳәм социаллық тәмийнаттың альтернатив системасын қәлиплестириў сыяқлы мақсет-ўазыйпалар халық ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға ҳәр тәреплеме қолайлық жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе болады.

Қурылтайда Өзбекстан Республикасы Президентлигине Халық демократиялық партиясынан көрсетилген талабанның Сайлаўалды бағдарламасы тастыйықланды. Онда шығып сөйлеген қурылтай делегатлары талабан ҳәм оның Сайлаўалды бағдарламасы бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Қурылтай жуўмағында көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Халық демократиялық партиясының қурылтайы бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президентлигине Халық демократиялық партиясынан көрсетилген талабан ҳәм оның Сайлаўалды бағдарламасының тастыйықланғаны ҳаққында мәлимлеме берилди ҳәм журналистлер, ҒХҚ ўәкиллериниң сораўларына жуўап берилди.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы