Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан» парки ҳәм Ғәрезсизлик монументиниң ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин бәршемиз, көп миллетли пүткил халқымыз жанажан Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз жыллық қутлы байрамының қуўанышы ҳәм шадлығы менен жасамақтамыз.

Әзел-әзелден абат қала ҳәм аўыллар, бағлар, бийтәкирар мәдений естеликлер жаратыўшысы сыпатында даңққа ерискен мийнеткеш ҳәм адамгершиликли халқымыз пандемия ҳәм глобал экономикалық кризис тәсирине қарамастан, бул тарийхый сәнени мүнәсип мийнет табыслары, үлкен жетискенлик ҳәм жеңислер менен күтип алмақта.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жаңадан-жаңа кәрханалар, заманагөй турақ жайлар, илим, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спорт дәргайлары, тегис жол ҳәм көпирлер, парк ҳәм аллеялар қурылмақта.

Халқымыздың абаданлығын арттырыў, турмыс дәрежеси ҳәм сапасын және де жақсылаўға қаратылған онлаған ири жойбарлар, социаллық бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Әйне демлерде бәршемиз және бир тарийхый ўақыя, яғный, ғәрезсизлигимиздиң даңқлы сәнесине бағышлап жаратылған «Жаңа Өзбекстан» парки ҳәм Ғәрезсизлик монументиниң салтанатлы ашылыў мәресимине топланып турмыз.

Есиңизде болса, биз май айында кең жәмийетшилик пенен бирге жақсы нийет пенен парк аймағында дәслепки нәллерди егип, комлекске тырнақ тасын қойған едик.

Бүгин ийгиликли арзыў-нийетлеримиз орынланып, қысқа мүддетте халқымыз, жаратыўшы ўатанласларымыздың күш-ғайраты менен, мине, усы үлкен майданда саўлатлы бағ ҳәм естелик комплексин қурыўға еристик.

Биз тарийхшы илимпазлар, дөретиўши зиялылар, нураныйлар ҳәм жасларымыз бенен мәсләҳәтлесип, «Жаңа Өзбекстан» комплексиниң идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине айрықша итибар қараттық.

Егер жоқарыдан нәзер тасласаңыз, парктиң формасы үлкен дарақтың бес шақасына уқсайды. Бул болса, Ҳәрекетлер стратегиясының бес тийкарғы бағдарын символикалық мәниде аңлатады.

Бул гөззал паркте пайтахтымыз халқы, Ташкент ўәлаяты ҳәм барлық аймақларымыздан, сырт еллерден келетуғын мийманлар ҳәз етип дем алыўы, шаңарағы, перзентлери менен бирге мазмунлы ўақыт өткериўи ушын барлық заманагөй шараятлар жаратылмақта.

Бул жерде жасалма көл, спорт майданшалары, балалар стадионлары, амфитеатр, фонтанлар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, өнерментшилик дүканлары қурылды ҳәм қурылмақта.

Комплекс аймағындағы саяманлы сийрек гезлесетуғын дарақлар, гүл-шешеклер адамның зейнин ашады, бәршемизди тәбият пенен дос ҳәм уйғын болып жасаўға шақырады.

Комплекс жанында ең алдынғы технологиялар ҳәм заманагөй стандартлар тийкарында Олимпиада қалашасы қурылады. Бул жерде 2025-жылы мәмлекетимизде өтетуғын мезбанлық ететуғын Жаслар арасындағы Азия ойынларының тийкарғы жарыслары өткериледи.

Буннан тысқары, бул аймақта заманагөй жоқары билимлендириў мәкемеси, медицина клиникалары, халықаралық көргизбе орайлары ҳәм басқа объектлерден ибарат пүтин бир жаңа қалаша қурылмақта.

Ең әҳмийетлиси, бәршеңиз көрип турғаныңыздай, парктиң орайлық бөлиминде, айтыў керек болса, оның жүрегинде уқсасы жоқ ықшам көркем естелик ­ Ғәрезсизлик монументи қурылды.

Биз бүгин Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамын кеңнен белгилеп атырмыз. Лекин, шынында, Өзбекстан аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхы 3 мың жылдан зыят дәўирди қурайды.

Бул жәҳән илиминде тән алынған илимий ҳақыйқатлық. Бул монументти жаратыўда мине усы концептуал идеяны жарқын сәўлелендириўге ҳәрекет еттик.

Мәлим болғанындай, ел-журтымыз өзиниң әййемги өтмиши даўамында қаншадан-қанша умытылмас ўақыяларды, түрли сынақ ҳәм қыйыншылықларды, жеңисли дәўирлер менен бирге, апатшылықлы күнлерди де басынан өткерген. Лекин, бир ҳақыйқатлықты айтып өтиў керек, Ўатанымыз аймағында бар болған ҳәр бир мәмлекетшилик дүзими, ҳәр қандай социаллық процесс ­ ол жеңис яки жеңилис бола ма, раўажланыў яки кризис бола ма ­ бәрше-бәршеси халқымыз басып өткен қурамалы тарийхый жолдың органикалық ҳәм ажыралмас бөлими. Соның ушын да биз тарийхымыздың барлық басқышларын бир пүтин ҳалда қабыл етип, ҳәр тәреплеме терең үйрениўимиз зәрүр.

Өтмиштеги табыс ҳәм жеңислерден күш-қуўат алып, қәте ҳәм жеңилислерден жуўмақ ҳәм сабақ шығарып жасайтуғын халық өзиниң раўажланыў жолы ҳәм келешегин дурыс белгилей алады.

Сол себепли биз усы естелик тымсалында Өзбекстанымыздың әййемги тарийхынан баслап бүгинги күнге шекем жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларды мөрлеўге қарар еттик. Бай ҳәм бийтәкирар мийрасымыз, уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, ағартыўшы ҳәм ойшыллар, жадид бабаларымыздың мәңгилик тулғаларын сәўлелендириўге умтылдық.

Өзбекстанның бурынғы тоталитар дүзим дәўириндеги аўыр ҳәм машақатлы турмысы, репрессия сиясаты, халқымыздың Екинши жер жүзилик урыста көрсеткен ерлик ҳәм мәртлиги тәсиршең көринислерде өз көринисин тапты. Оғада қыйын ҳәм қурамалы шараятта республикамыздың раўажланыўын, халқымыздың тынышлығы ҳәм аманлығын ойлап, өзин аямастан хызмет еткен атақлы мәмлекетлик ғайраткерлеримиздиң хызмети де ҳәр тәреплеме жарытылды.

Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың басшылығында халқымыздың миллий ғәрезсизликке ерисиў жолын сәўлелендириў итибар орайына қойылды.

Бул бийтәкирар естелик елимизде жаңа Өзбекстанды ­ Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў идеясы менен үйлескен ҳалда ҳалда жаратылғаны айрықша әҳмийетли.

Уллы Ғәрезсизлик монументи тымсалында биз тарийх, бүгинги заман ҳәм келешек түсиниклерин өз-ара үйлесикли ҳалда көрсетиўге айрықша итибар қараттық.

Миллий мәмлекетшилигимиздиң символы болған Саҳыпқыран Әмир Темур салтанатының көгис гүмбези, жулдызлар әлемине қарай бой созған Мырза Улығбек обсерваториясы, дүнья илими ҳәм цивилизациясына шексиз үлес қосқан уллы ойшыл бабаларымыздың ең сийрек илимий ашылыўлары өзиниң бар саўлаты ҳәм руўхы менен көз алдымызда айқын көринип турыпты.

Тынышлық ҳәм еркинлик, жақсылық ҳәм абаданлық тымсалы болған, көкте еркин пәрўаз етип атырған Қумай қусы образы монументтиң ең жоқарғы бөлегинде ­ мисли оның гүлтажы болып орын ийеледи.

Бир сөз бенен айтқанда, Ғәрезсизлик монументи ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм қаҳарман, тынышлықты сүйиўши ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыздың ҳүрметине қурылған уллы естелик сыпатында бой тикледи.

Монумент төменине жазылған «Халқымыз тарийхында ийгиликли из қалдырған барлық ата-бабаларымыз ҳәмийше қәлбимизде» деген терең мәнили сөзлер ата-бабаларымыз естелигине бүгинги әўладлардың жоқары ҳүрмети ҳәм иззетин аңлатады.

Мине, усындай жумысларымыздың даўамы сыпатында «Жаңа Өзбекстан» паркине жақын аймақта заманагөй халықаралық аэропорт қурылмақта.

Келешекте сырт еллерден келетуғын жоқары мәртебели мийманлар дәслеп, мине, усы монументти зыярат етип, халқымыз ҳәм мәмлекетимизге ҳүрмет көрсетеди.

Буннан былай Наўрыз, Ғәрезсизлик сыяқлы қутлы байрамларымыз, үлкен ғалабалық мәмлекетлик илажларды, түрли сейил-тамашаларды барлық заманагөй шараятларға ийе болған усы гөззал орында өткеремиз.

Айтыў керек, бүгин кеўиллеримизде шексиз қуўаныш ҳәм ҳайран қаларлық сезимлерди оятып атырған «Жаңа Өзбекстан» паркин қысқа ўақыт ишинде, әсиресе, пандемия шараятында қурыў аңсат болған жоқ. Лекин, барлық қыйыншылықларға қарамастан, қолы гүл қурылысшы ҳәм архитекторлар, инженер ҳәм бағманлар, шебер скульптор ҳәм художниклер, түрли тараў қәнигелери, басшы ҳәм жетекшилер, азамат жасларымыз күни-түни пидәкерлик мийнет етип, бул бийтәкирар комплексти ел-журтымызға байрам саўғасы сыпатында инам етти.

Пурсаттан пайдаланып, бул шын мәнисиндеги тарийхый иске үлес қосқан барлық ўатанласларымызға, сырт елли шериклеримизге өз атымнан, халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Ҳеш гүман жоқ, бул комплекс халқымыз, бәринен бурын, жас әўладымыз ушын Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық тымсалына, қутлы зыярат етиў орны, өзине тән сийрек ушырасатуғын мәденият ҳәм ағартыўшылық, тәрбия орайына айланып қалады.

Бул жерге қәдем қойған ҳәр бир инсан тек ҳәз етип дем алмастан, ал, ең дәслеп өзи ушын шексиз ибрат, руўхый күш алады, деп исенемен.

«Жаңа Өзбекстан» парки, Ғәрезсизлик комплекси ҳәммемизге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын!

Елимизде мине усындай гөззал ҳәм бийтәкирар мәсканлар және де көбейсин!

Мине усындай уллы ислер жаратыўшысы болған мәрт ҳәм ҳақ кеўил, мийнеткеш халқымыз бәрқулла аман болсын!

Барлық қайырлы жумысларымызда Жаратқанның өзи мәдеткар болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.