Пайтахтымызда Ислам раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 46-жыллық мәжилиси болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-сентябрь күни усы форумға барды.

Илаж алдынан Қурани кәрим аятларынан оқылды.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қутлықлап, Өзбекстанның усы банк пенен бирге ислесиўи, келешектеги әҳмийетли мәселелер ҳаққында шығып сөйледи.

– Банктиң жыллық форумы Ташкентте өткерилиўи өзине тән символикалық мәниске ийе. Бизлер оны Өзбекстанның ислам дүньясының раўажланыўына қосқан үлеси, сондай-ақ, мәмлекетте кейинги бес жыл даўамында алып барылып атырған избе-из реформалардың тән алыныўы, деп есаплаймыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бизге белгили, Ислам раўажланыў банки топары 1973-жылы дүзилген. Бас резиденциясы Саудия Арабстанының Жидда қаласында жайласқан. Бүгинги күнде банкке 57 мәмлекет ағза болып, устав қоры 150 миллиард долларға тең.

Банктиң тийкарғы жумысы экономиканың стратегиялық тармақларында ири инфраструктуралық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды қаржыландырыўдан ибарат.

ИРБның Басқарыў кеңеси тийкарғы уйым болып, бир жыл Жидда қаласында ҳәм соңғы жылы болса ағза мәмлекетлердиң бир аймағында өткериледи.

Банк Басқарыўшылар кеңесиниң 2021-жылдағы жыллық форумы 2-4-сентябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтпекте. Онда қатнасыў ушын ИРБ топарына киретуғын мәмлекетлерден министрлер ҳәм жоқары лаўазымлы шахслар, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, 2 мыңнан аслам ири бизнес ўәкиллери, экспертлер, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери Өзбекстанға келген.

Форумда C9V8D-19 пандемиясынан кейин ИРБға ағза мәмлекетлерде социаллық-экономикалық турақлылықты тәмийинлеў мәселелерин додалаў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, саммит шеңберинде экономика, турақлы раўажланыў, денсаўлықты сақлаў, ағза мәмлекетлерде илим, технологиялар ҳәм инновациялар экосистемасын қоллап-қуўатлаў, ислам қаржысы темаларында секция мәжилислери, бир қатар ушырасыўлар өткериледи.

Өзбекстан Ислам раўажланыў банкине 2003-жылы ағза болған. Бүгинги күнге шекем жәми 2,5 миллиард доллардан аслам болған 30 ири инвестициялық жойбар мақулланған. Олар шеңберинде мектеплер, арзан турақ жайлар, автомобиль жоллары, электр ҳәм ишимлик суў тармақлары қурылып, денсаўлықты сақлаў мәкемелери заманагөй үскенеленген.

Президентимиз Өзбекстан жерин әсирлер даўамында ислам дүньясының уллы ҳәм сийрек ушырасатуғын мәденият, илим ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыў орайларынан бири болғанын атап өтти.

Бул дәстүрлерди даўам еттирген ҳалда, мәмлекетимизде ислам қәдириятларын қәстерлеп сақлаў ҳәм және де раўажландырыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, кейинги жылларда Имам Бухарий атындағы халықаралық ҳәдистаныў орайы, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Халықаралық ислам академиясы шөлкемлестирилди.

Жаңа мектеплер, илим орынлары қурылды. Кейинги бес жылда 64 жаңа жоқары билимлендириў орынлары ашылып, олардың саны 141 жеткерилди. Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте «Бир миллион бағдарламашы»  жойбары шеңберинде жасларға мәлимлеме технологиялары бойынша терең билим берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясының экономикалық ҳәм социаллық ақыбетлерди жеңип өтиў мәселелерине тоқтап өтти. Мәмлекетимизде кризиске қарсы ислеп шығылған илажларды өз ўақтында қоллап-қуўатлағаны ушын Ислам раўажланыў банкине миннетдаршылық билдирди.

Форум шеңберинде Экономикалық имканиятларды кеңейтиў қорын шөлкемлестириў бойынша келисимге қол қойылғаны атап өтилди. Капиталы 500 миллион долларға жеткерилиўи нәзерде тутылған бул қор арқалы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға хызмет ететуғын жойбарлар қоллап-қуўатланды.

Шавкат Мирзиёев регионымыздағы экологиялық машқалаларды атап өтип, банк басқарыўшыларының итибарын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде дүзилген Траст қоры ҳәм Аралбойы регионында шөлкемлестирилип атырған экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағын қоллап-қуўатлаў мәселелерине қаратты.

Регионымызда саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлериниң өз-ара байланыслылығын күшейтиў, жаңа транспорт коридорларын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар атап өтилди.

Бизге белгили, пүткил дүнья жүзи мәмлекетлери климаттың өзгериўи, ири миграциялық процесслер, тәбийғый ресурслар ҳәм азық-аўқат жетиспеўшилиги сыяқлы сынақларға дус келмекте. Соннан келип шығып, Президентимиз банк жумысын жетилистириў бойынша бир қатар усынысларды билдирди.

«Батыс Африкадан Шығыс Азияға шекем жасыл коридор» атамасында саўда-экономикалық мәканды қәлиплестириў басламасы алға қойылды. Оның әмелге асырылыўы өз-ара саўда ҳәм инвестициялық байланыслардың кеңейиўине, мәмлекетлердиң экономикалық жақтан бирлесиўи ҳәм турақлы өсиўине хызмет етеди.

Халықаралық ислам саўда-қаржы корпорациясы ҳәм Инвестициялар ҳәм экспорт кредитлерин қамсызландырыў ислам корпорациясы тәрепинен финанслық механизмлерди кеңейтиў керек екенлиги атап өтилди. Бул еркин саўданы хошаметлеў, инвестициялық қәўип-қәтерлерди қамсызландырыў, транспорт ҳәм логистика инфраструктураларын раўажландырыўға үлес қосады.

Коронавирус пандемиясынан кейинги дәўирде ағза мәмлекетлердиң экономикаларының раўажланыўына инновациялық түс бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, Ислам раўажланыў банкиниң илим, технология ҳәм инновациялар қорының имканиятларынан толық пайдаланыў, аўыл хожалығына алдынғы қолланбаларды енгизиў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, қайта тикленетуғын энергия ҳәм экологиялық технологияларды кеңнен қолланыў оғада әҳмийетли болып есапланады.

Сондай-ақ, регионаллық әҳмийетке ийе инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыўды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Бүгинги халықаралық форум банк шеңбериндеги шериклигимизди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады ҳәм ағза мәмлекетлер халықлардың улыўма абаданлығына үлкен үлес қосады, – деп исеним билдирди Шавкат Мирзиёев.

Илажда Ислам раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад бин Сулайман Ал-Жассир де шығып сөйледи.

– Ислам раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 2021-жылғы форумға жоқары дәрежеде басшылық еткен ушын Өзбекстан Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа терең миннетдаршылық билдиремен. Қыйын пандемия дәўиринде бундай ири форумларды өткериў аңсат емес. Жәҳән денсаўлықты сақлаў системасы кризиси шараятында жыллық ушырасыўымыз заманагөй медицинаның атасы болған Ибн Сино Ўатанында өткерилип атырғаны үлкен бахт. Өзбекстан ислам цивилизациясы ҳәм илимине салмақлы үлес қосқан. Самарқанд ҳәм Бухара сыяқлы тарийхый қалалар көтериңки ислам, илимий ҳәм мәдений мийрас қорғаны болған. Бул жерден жетилисип шыққан көплеген уламалар илимде ири ойлап табыўларды әмелге асырған. Усы жағынан Ислам раўажланыў банкиниң президенти сыпатында оның жыллық мәжилисинде биринши рет Өзбстан үлкесинде қатнасып атырғаным терең мазмунға ийе, – деди Муҳаммад Ал-Жассир.

Ислам раўажланыў банки президенти 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын ислеп шыққаны ҳәм турмысқа нәтийжели енгизгени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди. Усы стратегиядағы үлкен мақсетлерди гөзленген кең көлемли режелер Ислам раўажланыў банкиниң инклюзив раўажланыўды хошаметлеў ҳәм социаллық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў мәселелерине сәйкес келетуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Ислам раўажланыў банки топарының әҳмийетли ағзасы есапланады.  Банк қаржыландырып атырған жойбарлар мәмлекетимиз ҳәм ИРБ арасында беккем бирге ислесиў орнатылғанынан дәрек береди. Ислам раўажланыў  банки мәмлекетимизде медициналық әсбап-үскенелер сатып алыў, үлкен, орта ҳәм киши бизнести раўажландырыў ушын 141 миллион доллар ажыратты. Бундай социаллық жойбарларды әмелге асырыўда Өзбекстан, Саудия Арабстаны ҳәм ИРБ менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған Экономикалық имканиятларды кеңейтиў қоры әҳмийетли орын ийелейди. 34 мың киши ҳәм орта бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўы күтилип атырған бул қор 100 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға өз үлесин қосады.

Форумда Ислам раўажланыў банки топарының Өзбекстанның раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша келешектеги стратегияларын қоллап-қуўатлаўға исенимли екени және бир мәрте тастыйықланды.

Илаж соңында ИРБниң 46-жыллық мәжилиси бойынша баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, экономикалық трансформация бағдарын өзгертиў, ҳуқық ҳәм имканиятларды кеңейтиў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәжилис, жеке меншик сектор форумы, Ислам раўажланыў банки Трансформация қорының келешек инновацияларының презентациясы болып өтти.

Форум 4-сентябрьге шекем даўам етеди. Илаж шеңберинде Банк Басқарыўшыларының жалпы мәжилиси, C9V8D-19 пандемиясынан кейин бизнести тиклеў ҳәм санластырыўда жеке меншик секторды раўажландырыў, теңизден алыс мәмлекетлерди глобаллық өндирис ҳәм жеткериў бериў шынжырларына жалғаў ушын регионаллық интеграцияны қоллап-қуўатлаўға байланыслы мәжилислер, бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи мөлшерленген.

ӨзА