Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамына бағышланган салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзи
Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бүгин елимизде уллы байрам, үлкен салтанат. Көп миллетли Өзбекстан халқы жанажан Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы отыз жыллық тойын зор шады қоррамлық пенен белгилемекте.
«Жаңа Өзбекстан» деп аталған мине усы саўлатлы партке биз бүгин биринши мәрте Ғәрезсизлик байрамын өткермектемиз.
Усы мүнәсибет пенен сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды шын кеўлимнен қутлықлап, өзимниң қызғын ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Әзиз дослар!
Бәршемизге белгили, ел-журтымыз әсирлер даўамында азат ҳәм еркин турмысты, әдалатлы жәмийетти әрман етип жасады. Бул муқаддес мақсет жолында жан алып, жан берип гүрести, машақатлы сынақларды мәрдана жеңип өтти.
Халқымыз қәлбиндеги еркинликке деген ийгиликли умтылысты ҳеш қандай басқыншылық, зулым ҳәм зорлықлар жоқ ете алмады. Буған өткен тарийхымыздың өзи гүўа.
1991-жыл 31-август күни мәмлекетимиз турмысы ҳәм тәғдиринде түпкиликли бурылыс жасаған, шын мәнисиндеги уллы тарийхый ўақыя жүз берди. Нешше жүз жыллар даўамында келешекке үлкен үмит ҳәм исеним менен қарап, ҳәмийше сабыр-тақат пенен жасаған халқымыз уллы әрманына еристи өзиниң мәмлекетлик ғәрезсизлигин қолға киргизди.
Бүгинги қутлы әййямда бәршемиз, пүткил халқымыз Өзбекстан ғәрезсизлигин жәриялап, тарийхымыздың ең қыйын ҳәм аўыр дәўирлеринде елимизди басқарған Биринши Президентимиз, ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың исмин, ол кисиниң тиккелей басшылығында, халқымыздың мәртлиги ҳәм ерлиги менен әмелге асырылған үлкен жумысларды еске алыўымыз тәбийғый.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў жолында зәрүр жумыслар орынланды. Қысқа мүддетте мәмлекетимиз Конституциясы ислеп шығылды. Заманагөй мәмлекетшилик тийкарлары, нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятлары қәлиплести.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги ҳәм суверенитетин, шегараларымызға қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш ҳәм парахат өмирин исенимли қорғаўға уқыплы болған Қураллы Күшлер жаратылды.
Миллий валютамыз сум енгизилди, алтын-валюта резервлеримиз қәлиплестирилди. Әййемги тарийхымыз, бай мәдений мийрасымыз, миллий-диний қәдириятларымыз, өзлигимиз тикленди.
Қысқаша айтқанда, көпти көрген халқымыз өзиниң беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлигин, шексиз потенциалын көрсетип, тарийхый қысқа пурсат ишинде үлкен раўажланыў жолын басып өтти.
Ўатанымыз дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийеледи.
Мине, усындай уллы тарийхый процесслерде белсене қатнасыў несип еткенинен көпшилик ўатанласларым қатары мен де бахтиярман.
Ҳүрметли салтанат қатнасыўшылары!
Биз бүгин халықшыл ҳәм демократиялық принциплерге тийкарланған жаңа Өзбекстан мәмлекетин, еркин пуқаралық жәмийетин қурып атырмыз. Бул мақсетте бәринен бурын бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында үлкен әҳмийет қаратпақтамыз.
Пүткил дүньяда ҳәм регионымызда, шегараларымызда кескинлик, түрли қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бир шараятта бул мәселениң қандай шексиз әҳмийетке ийе екенин ҳәммемиз жақсы түсинемиз.
Мәмлекет ҳәм жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый тырнағын беккемлеў, мәмлекетти модернизациялаў, бул процессте парламент ҳәм сиясий партиялардың ролин, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған кең көлемли демократиялық реформалар жедел әмелге асырылмақта. Демократияның тийкарғы талабы болған инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, сөз ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўге айрықша итибар берилмекте.
Республикамызда Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий стратегия қабыл етилди. Көп жыллардан берли үлкен машқала болып келген мәжбүрий ҳәм балалар мийнети толық сапластырылды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң пуқаралық мәселеси бойынша шақырығына жуўап ретинде 2020-жылдың өзинде 50 мыңнан аслам ўатанласымызға Өзбекстан пуқаралығы берилди.
Бизге белгили, бийғәрез ҳәм күшли суд ҳәкимияты инсан ҳуқықлары, демократия ҳәм нызамлылықты жүзеге шығарыўдың тийкарғы шәрти. Бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларға тийисли 40 тан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Ҳәзирги ўақытта усы тийкарында салмақлы әмелий жумыслар алып барылмақта.
Мине, усындай қайырлы ислеримиздиң логикалық даўамы сыпатында мен күни кеше Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен және бир әҳмийетли пәрманға қол қойдым. Бул ҳүжжетке муўапық, еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына беккем бел байлаған 215 шахс әпиў етилип, өз шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтыў мүмкиншилигине ийе болды.
Өзбекстан Республикасы тарийхта туңғыш мәрте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси ағзалығына сайланды. Бул болса усы бағдардағы реформаларымыз халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып атырғанлығын айқын тастыйықлайды.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Соны айрықша атап өтиў зәрүр, өткен бес жыллық ўақыт бәршемиз, пүткил мәмлекетимиз, халқымыз ушын кескин сынақлар дәўири болды. Әсиресе, 2020-жылы басланған коронавирус пандемиясы ҳәм сол себепли келип шыққан экономикалық дағдарыс глобал дүньяның ажыралмас бөлими сыпатында Өзбекстан ушын да үлкен машқалаларды жүзеге келтирди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жуўмағына бола, пандемия Екинши жер жүзлик урыстан кейин дүнья көлеминде жүз берген ең үлкен сынақ болып есапланады.
Ядыңызда болса, биз пандемия басланған дәслепки күнлерде бул қыйыншылықлардан және де қатайып, күшли ҳәм қүдиретли болып шығыўды өз алдымызға мақсет етип қойған едик. Жаратқанның инаяты, ел-журтымыздың аўызбиршилиги ҳәм пидәкерлик мийнети менен бул машақатлы сынақларды мәрдана жеңип өтпектемиз.
Мәмлекетимизде алып барылып атырған жедел ҳәм кең көлемли реформалар елимизде жаңа дәўирди жаңа Өзбекстан дәўирин баслап берди.
Бүгин елимизде тарийхый қысқа пурсатта пүткиллей жаңаша сиясий, социаллық-экономикалық, илимий-ағартыўшылық ҳәм мәдений орталық пайда болды, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.
Халықаралық валюта қоры ҳәм абырайлы рейтинг агентликлериниң талқылаўларына бола, ҳәзирги қыйын ҳәм қурамалы шараятта Өзбекстан дүньяның санаўлы мәмлекетлери қатарында финанс-экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, өндирис тармақларын тиклеў ҳәм экономикалық белсендиликти арттырыўға ерисип келмекте.
Мине, жақында Америка Қурама Штатларының «J.P.Morgan» инвестиция банки тәрепинен жәрияланған «Өзбекстан: раўажланыў жолы» атамасындағы аналитикалық есабатта да әне усы пикирлер билдирилген.
Усы жерде экономикамыздағы структуралық реформалар ҳәм тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер ҳаққында айырым мағлыўматларды келтирип өтиўди зәрүр, деп билемен.
2017-2020-жылларда мәмлекетимиздиң экономикалық өсиў дәрежеси 18,3 процентти қурап, жалпы ишки өним 60 миллиард долларға жетти. Бул ҳаққында cөз еткенде, сыртқы саўда айланысы 2016-жылдағы 24 миллиард доллардан 2020-жылы 36 миллиард долларға көбейгенин атап өтиў лазым. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў 369 триллион сумды қурап, 2016-жылға салыстырғанда 23,4 процентке өсти. Нәтийжеде санаат өнимлериниң жалпы ишки өнимдеги үлеси 19,5 проценттен 27,4 процентке көтерилди.
Экономикалық тараўды, соның ишинде, бажыхана тәртиплерин либералластырыў себепли 2020-жылы экспорт көлеми 15,1 миллиард долларды қурап, 2016-жылға салыстырғанда 25 процентке өсти.
Реформаларымыз нәтийжесиниң түрли халықаралық рейтинглерде тән алыныўы мәмлекетимиз ушын халықаралық финанс базарларына шығыў имканиятын жаратты. Атап айтқанда, быйылғы жылы 635 миллион долларлық ҳәм 2,5 триллион сумлық мәмлекетлик еврооблигациялар, Ипотека банкиниң 785 миллиард сумлық ҳәм «Ўзавтомоторс» акционерлик жәмийетиниң 300 миллион долларлық корпоратив облигациялары шет ел инвесторларына сатылды.
Инвесторлардың мәмлекетимиз экономикасына болған исенимин кескин арттырыўға муўапық болдық. Инвестициялардың улыўма көлеми қысқа мүддетте 2,1 есеге, соның ишинде, сырт ел инвестицияларының көлеми 3 есеге жақын өскени де буны дәлиллейди.
Өткен үш жыл даўамында салық тараўында жаңа система енгизилди. Салықлардың саны сезилерли дәрежеде азайтылды, айланыс қаржыдан алынатуғын салықлар бийкар етилди. Қосымша қун салығы ставкасы 20 проценттен 15 процентке шекем төменлетилип, бул салық шынжырының бир пүтин системасы жаратылды.
2017-2020-жылларда банклеримиз капиталын 5,7 есе яки 5 миллиард долларға шекем арттырыўға еристик.
Электроэнергетика, нефть-газ, коммунал тараўларда әмелге асырылған структуралық өзгерислер нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыў ҳәм хожалық функциялары бир-биринен ажыратылды, бәсеки орталығын жаратыў ушын шешиўши қәдемлер тасланды.
Соның менен бирге, жаңа-жаңа инфраструктура тармақлары жаратылды. Мыңлаған километр узынлықтағы жаңа жоллар, электр ҳәм газ тармақлары қурылды ҳәм оңланды.
Жәмийетлик транспорт избе-из раўажланбақта. Атап айтқанда, Ташкент қаласында 2 жаңа метро станциясы ҳәм дерлик 12 километрлик жер үсти метро линиясы пайдаланыўға тапсырылды.
«Сергели» бағдары бойынша 6,2 километрлик қурылыс жумыслары жуўмақланды.
Әйне пайытта Өзбекстанда көплеп ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтиў керек. Усылардың қатарында жақында Алмалық кән-металлургия комбинатының баҳасы 2 миллиард АҚШ долларына тең болған 3-мыс байытыў фабрикасы қурылысына тырнақ тасы қойылғанынан бәршеңиз хабардарсыз.
Күни кеше Наўайы ўәлаятының Кармана районында 110 миллион доллар инвестиция есабынан иске түсирилген қуяш электр станциясы Өзбекстан энергетика системасында биринши үлкен қәдем болды.
Соның менен бирге «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде еки жаңа завод азот кислотасы, аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў кәрханалары иске түсирилди. Улыўма баҳасы 1,5 миллиард доллар болған усы жойбарлар есабынан «Наўайыазот»та өним ислеп шығарыў көлеми 3 есеге артады.
Бундай әҳмийетли ўақыялар миллий санаатымыз тарийхында жаңа дәўир басланып атырғанынан дәрек береди.
Елимизде киши ҳәм жеке бизнес субъектлери еки есеге көбейип, тараўда 1 миллион 400 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Бул кәрханалардың ярымынан көбиреги кейинги үш жылда шөлкемлестирилгени айрықша әҳмийетке ийе.
Исбилерменлик жумысын еркинлестириў мақсетинде 16 нызам, 100 ден зыят қарар қабыл етилди. Өткен бир жыл даўамында лицензия ҳәм руқсатнамаларды рәсмийлестириў тәртиби әпиўайыластырылып, оларды бериў мүддетлери қысқартылды. Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў мақсетинде барлық тексериўлер ушын мораторий жәрияланды.
Сондай-ақ, өзин-өзи жумыс пенен бәнт еткен халық ушын қолай шараят жаратыў нәтийжесинде бир жылда 500 мың пуқара дизимнен өтип, жумысын нызамлы тийкарда жолға қойды.
Исбилерменлик тараўындағы, мине, усындай қатнас нәтийжесинде Жәҳән банкиниң «Бизнести жүргизиў» халықаралық рейтингинде Өзбекстан бес жыл ишинде 141-орыннан 69-орынға көтерилди. Әлбетте, бул жақсы көрсеткиш, бирақ, ол еле бизди қанаатландырмайды. Соның ушын биз бул бағдардағы жумысларымызды избе-из даўам еттиремиз.
Хабарыңыз бар, жақында исбилерменлер менен жаңа форматтағы ушырасыў өткердик. Онда мәмлекетимиз бойынша 10 мыңнан зыят исбилерменлер қатнасты. Ашық пикирлесиўге таярлық шеңберинде 15 мыңнан аслам усыныс ҳәм басламалар ҳәр тәреплеме үйренилип, исбилерменлер көтерген мәселелер бойынша әмелий илажлар белгиленди.
Биз миллий экономикамызда ҳақыйқый базар қатнасықларын енгизиў, усы тийкарда мәмлекетимизди раўажландырыў ушын исбилерменлерге буннан былай да барлық шараятларды жаратып беремиз. Неге дегенде, исбилермен экономиканың, реформаларымыздың тийкарғы сүйениши ҳәм локомотиви.
Мине усы ҳақыйқатлықты ҳеш ким умытпаўы керек.
Бүгинги күнде заманагөй экономиканың ең перспективалы тараўы болған мәлимлеме-коммуникация технологиялары мәмлекетимизде кеңнен енгизилмекте. Усы мақсетте онлаған IT-парклер, киши санаат зоналары, тараў ушын қәнигелер таярлайтуғын оқыў орынлары, талантлы компьютер программашылары ушын арнаўлы жойбарлар шөлкемлестирилмекте.
Халқымыздың үлкен бөлеги жасайтуғын аўыллық жерлерди раўажландырыў ҳәм абат етиў, аграр тараўдың нәтийжелилиги менен бәсекилеслигин арттырыў, тармақта жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселеси бәрқулла итибарымыз орайында болып келмекте.
Биз аўыл хожалығында баҳалар қәлиплесиўине мәмлекеттиң араласыўын бийкар еттик, пахта ҳәм ғәлле жетистириўде мәмлекетлик буйыртпа тоқтатылды. 122 пахта-тоқымашылық кластери жумысы жолға қойылып, жоқары зүрәәт алыўға ерисилди. Аўыл хожалығын қаржыландырыў системасы қайта көрип шығылмақта.
Биз аймақларды тармақлар менен бирге комплексли раўажландырыў бойынша жаңа системаны енгиздик. Соның нәтийжесинде аймақлардың финанслық имканиятлары кеңейип, 2021-жылдың өзинде жергиликли бағдарламалар ушын қосымша 3 триллион сум қаржы қәлиплестириў имканияты пайда болды.
Бүгин исеним менен айта аламыз, Өзбекстан ушын глобал кризистиң аўыр демлери артта қалмақта.
Экономика тармақларының раўажланыў пәтин халықтың реал жалпы дәраматы 2016-жылға салыстырғанда 28 процентке өскенинде де көриў мүмкин.
Ҳәзирги күнде номинал есапланған орташа айлық мийнет ҳақы 2,7 миллион сумды қурап, 2016-жылға салыстырғанда 2,1 есеге арттырылды.
Мине, жақында қабыл етилген Пәрманға муўапық, мәмлекетимизде 1-сентябрьден мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендия ҳәм напақалардың муғдарын және арттырдық.
Биз буннан былай да халқымыздың дәраматы ҳәм турмыс дәрежесин турақлы жақсылап барыўға үлкен әҳмийет қаратамыз.
Елимизде социаллық машқалаларды шешиўдиң өзине тән жаңа системасы жаратылғанынан бәршеңиз жақсы хабардарсыз. «Темир дәптер», «ҳаял-қызлар дәптери», «жаслар дәптери», «меҳир дәптери», «мәҳәлле кесиминде» ислесиў усыллары әйне усы мақсетте енгизилмекте.
Реформалар шеңберинде қабыл етилген ири бағдарламалар жәмийетимизде социаллық орталықты жақсылаў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте. Тек ғана «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын алатуғын болсақ, быйылғы жылдың өзинде жәми 8 мыңға шамалас аўыл ҳәм мәҳәлледе улыўма баҳасы 20 триллион сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып атырғаны көп нәрседен дәрек береди, деп ойлайман.
Бул жумыслардың барлығы «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық» деген ийгиликли шақырық тийкарында әмелге асырылмақта.
Халықты турақ жай менен тәмийинлеў мәселеси де биз ушын тийкарғы ўазыйпа болып келмекте. 2017-2020-жыллар даўамында 140 мыңнан зыят арзан ҳәм сапалы турақ жайлар қурылды. Бул көрсеткиш 2016-жылға салыстырғанда дерлик 11 есеге артты. Республикамызда ипотека системасы избе-из раўажланбақта.
Соны атап өтиў зәрүр, елимизде бурын ҳеш қашан бундай үлкен көлемдеги қурылыс жумыслары әмелге асырылмаған.
Аўыр турмыс шараятында жасап атырған шаңарақлардың турақ жай бойынша басланғыш төлемлери мәмлекет бюджети есабынан төлеп берилмекте. Бул бағдардағы жумысларымыз даўам еттириледи, усы жылдың өзинде және 50 мыңға шамалас шаңарақ турақ жай менен тәмийинленеди.
Қәдирли дослар!
Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде денсаўлықты сақлаў, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўлары шешиўши орын ийелейтуғынын ҳәммемиз жақсы түсинемиз.
Бүгинги күнде елимизде медицина тараўы, оның жумыс мазмуны түп-тийкарынан өзгермекте, десек, жаңылыспаған боламыз. Дәслеп, басланғыш медициналық-санитария жәрдемин көрсетиўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги, саламат турмыс тәризи жаңа басқышқа көтерилди. Көп тармақлы поликлиника ҳәм емлеўханалардың материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленбекте.
Тез медициналық жәрдем системасы заман талаплары тийкарында қайта шөлкемлестирилип, финанслық тәмийнаты күшейтилди.
2016-жылы ҳәрекетте 800 «Тез жәрдем» шақапшасының саны бүгинге келип 1 мың 666 ға жеткерилди. Тез медициналық жәрдем бригадаларының саны болса 1 мың 648 ден 2 мың 685 ке көбейтилди.
Бизге белгили, бурын көплеген ўатанласларымыз қурамалы медициналық операцияларды өткериў ушын шет еллерге барыўға мәжбүр еди. Кейинги жылларда медицина тараўын раўажландырыўға байланыслы реформалар нәтийжесинде бундай әмелиятлар енди өзимизде де табыслы әмелге асырылмақта.
Республикамыз халқына қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетип атырған орайлар саны 2016-жылда 10 ды, олардың аймақлық филиаллары болса тек 2 еўди қурайтуғын еди. Бүгинги күнде бундай орайлардың саны 20 ға жеткерилди, орынларда болса 124 филиалдың жумысы жолға қойылды. Бул жумысты даўам еттирип, быйылғы жылда және қосымша 48 аймақлық филиалдың шөлкемлестириледи.
Ҳәммеңиз көрип турсыз, денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформаларды өз ўақтында баслап, дурыс жол таңлағанымыз ушын күтилмеген пандемия қарсысында албыраўшылыққа түсип қалмадық. Халқымыздың денсаўлығы ҳәм өмирин сақлаў мақсетинде тезлик пенен барлық илажларды ислеп шықтық. Атап айтқанда, коронавирусқа қарсы гүресиў ушын арнаўлы медициналық орайлар шөлкемлестирилди. Дәри-дәрмақ ҳәм қорғаныў қуралларының резерви қәлиплестирилди.
Аймақларда иске түсирилген 60 кислород станциясы тийисли емлеўханаларды кислород пенен үзликсиз тәмийинлеўге хызмет етпекте. Мәмлекетимизде вакцина ислеп шығарыў бойынша әмелий жумыслар басланды.
2021-жыл ушын мәмлекетлик бюджетте 3 триллион сум резерв қәлиплестирилип, халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм коронавирусқа қарсы шаншыў илажларын көрип атырмыз.
Халқымызды тез ҳәм нәтийжели, сапалы медициналық жәрдем менен тәмийинлеўге қаратылған реформалар избе-из даўам еттириледи.
Әзиз ўатанласлар!
Атақлы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлонийдиң: «Тәрбия биз ушын я өмир я өлим, я үмит я апатшылық, я бахыт я бахытсызлық мәселеси», деген ҳикметли сөзлерин мен қайта-қайта тәкирарлаўдан шаршамайман.
Кейинги жылларда мәселеге, мине, усындай қатнас жасаў бизиң бул тараўдағы жумысымыздың өлшемине айланды. Шынында да, егер биз тәлимди өзгертсек, тәлим инсанды өзгертеди. Инсан өзгерсе пүткил жәмийетимиз өзгереди.
Сонлықтан биз үзликсиз билимлендириўди жетилистириў, перзентлеримизди ҳәр тәреплеме бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў, жоқары квалификациялы педагог кадрлар таярлаўды түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша әҳмийет қаратпақтамыз.
Тәлим-тәрбияның басланғыш буўыны болған мектепке шекемги билимлендириў системасындағы өзгерислерден ҳәммеңиз жақсы хабардарсыз. Тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў мақсетинде Мектепке шекемги билимлендириў министрлигин шөлкемлестирдик.
2017-жылы елимизде 5 мың 211 бақша жумыс алып барған болса, быйылғы жылда бул сан көз алдыңызға келтириң 19 мың 316 ға жетти. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери ҳәм шаңарақлық бақшалардың енгизилиўи, бир қатар жеңилликлер берилиўи себепли 13 мыңнан зыят мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы жолға қойылды. Бул реформалар нәтийжесинде биз мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў дәрежесин 62 процентке, 6 жастағы балалар арасында болса 77 процентке жеткериўге еристик.
Жаңа түрдеги билимлендириў орынлары, атап айтқанда, Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплердиң жумысы жолға қойылмақта. Тек ғана 2020-жылды алатуғын болсақ, елимизде математика пәни бойынша 56, химия-биология пәни бойынша 28, информатика ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары бойынша 14 мине усындай мектеплер шөлкемлестирилди.
Билимлендириў тараўында жаңаша көзқараслар жедел енгизилмекте. Өзиңиз айтың, буннан төрт-бес жыл бурын республикамызда жеке меншик мектеп яки бақша болыўын көз алдыға келтириў мүмкин бе еди!
Биз бул тараўда жәҳән тәжирийбесин үйренип, жаңа тәртип-қағыйдаларды, заманагөй билимлендириў усылларын енгизбектемиз. Атап айтқанда, жеке меншик мектеп ашыў ушын лицензия алыў тәртиби әпиўайыластырылды. Мәмлекетлик емес билимлендириў орынлары мәмлекет тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанлығы себепли ҳәзирги ўақытта олардың саны 195 ке жетти.
Булардың барлығы өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Буны 2017-2020-жылларда оқыўшыларымыз абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында 30 медальды қолға киргизгени мысалында да айқын көриў мүмкин.
Жасларды талап жоқары болған заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў ушын өткен оқыў жылында 339 кәсип-өнер мектеби, 194 колледж ҳәм 195 техникумның жумысы жолға қойылды.
Бүгинги күнде реформаларымыз талабы, турмыстың өзи жоқары билимлендириў тараўын жедел раўажландырыўды талап етпекте. Сонлықтан елимизде соңғы 5 жылда 64 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилип, олардың саны 141 ге жеткерилди. Қабыллаў квотасы 3 есеге арттырылды.
Енди питкериўши жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2016-жылғы 9 проценттен соған итибар бериң 28 процентке жеткерилди. Жақын келешекте бул көрсеткишти 50-60 процентке жеткериў мөлшерленбекте.
Социаллық қорғаўға мүтәж халықты, бәринен бурын, жасларды қоллап-қуўатлаў бәрқулла итибарымыз орайында турыпты. Усы мақсетте быйылғы жылы майыплығы болған жаслар ушын 3 мың 155, «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм Балалар қалашалары питкериўшилери ушын 1 мың 580, кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли ҳаял-қызлар ушын 2 мың қосымша қабыллаў квоталары мәмлекетлик грант сыпатында ажыратылды.
Бүгинги күнде жаңаша ҳәм еркин пикирлейтуғын, жуўапкершиликли, интакер, ўатансүйиўши жасларымыз жәҳән майданларында түрли тараў ҳәм бағдарларда жоқары шеклерди ийелемекте.
Мине, жақында Японияда болып өткен ХХХII жазғы Олимпиада ойынларында шебер спортшыларымыз жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болып, бәршемизди қуўандырды.
Әйне күнлерде Токиода жазғы Паралимпия ойынлары қызғын даўам етпекте. Онда қатнасып атырған Өзбекстан командасы ағзалары бүгинги күнге шекем 5 алтын, 4 гүмис, 6 қола медальларын қолға киргизип, өзлериниң теңсиз мәртлигин көрсетпекте.
Елимиз даңқын мүнәсип қорғап атырған, мине, усы мәрт ул-қызларымызға жаңа табыслар яр болыўын тилеймиз.
Ҳүрметли дослар!
Бүгин ғәрезсизлигимиздиң биринши жылында туўылған балалар отыз жасқа әйне камалат жасына жетти. Мен, мине, усы нәўқыран жасларымызға, әзиз ул-қызларыма мүрәжат етип айтпақшыман.
Сиз ғәрезсизлик перзентлери, азат ҳәм еркин, ҳүр пикирли инсанлар сыпатында турмысқа исенимли кирип киятырғаныңыз биз ушын ең үлкен бахыт, үлкен дәўлет.
Мен исенемен, сизлер заманагөй билим ҳәм раўажланыў шоққыларын пуқта ийелеп, биз баслаған жумысларды мүнәсип даўам еттиресиз.
Жоқары күш-ғайратыңыз ҳәм пидәкерлик мийнетиңиз бенен елимизде Жаңа Өзбекстанды Үшинши Ренессансты жаратыўға әлбетте уқыплы боласыз.
Ҳеш қашан бос келмең, әзиз перзентлерим! Сизлерге ҳәмийше бахыт ҳәм әўмет яр болсын!
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәммеңиз гүўасы болып турсыз, соңғы жылларда биз «Халық ҳәм армия бир тән, бир жан» деген ийгиликли принцип тийкарында Қураллы Күшлеримизди және де жетилистириў, мәмлекетимиздиң қорғаныў потенциалын арттырыў бойынша әҳмийетли реформаларды әмелге асырдық. Миллий гвардия, Мәмлекетлик қорғаныў санааты комитети дүзилди.
Тараўда заманагөй кадрларды таярлаў, әскерий хызметкерлерди турақ жай менен тәмийинлеў, олардың шаңарақ ағзаларын, әскерий пенсионерлерди қоллап-қуўатлаўға турақлы итибар қаратылмақта.
Бүгинги күнде миллий армиямыздың жедел ҳәм ықшам, ҳәр қандай қәўиплерге мүнәсип соққы бериўге уқыплы жаўынгерлик күшке айланып баратырғаны бизиң ең үлкен табысымыз.
Әлбетте, армия тек қурал-жарақ пенен ғана күшли есапланбайды. Армия бәринен бурын ана-Ўатан ушын жанын да аямайтуғын әскерий хызметкерлер әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар менен қүдиретли.
Бүгин Қураллы Күшлеримиз қатарында Ўатан қорғаўшысы болыўды өз өмириниң мәнис-мазмуны деп билген ҳақыйқый баҳадыр, мәрт перзентлеримиз хызмет етпекте. Олар Әмир Темур, Жалоладдин Мангуберди, Бабур Мырза сыяқлы уллы бабаларымыздың жаўынгерлик шеберлигин даңқлы даўам еттирмекте.
Ҳәр қандай шараятта да өз миннетин ҳүжданлы атқарыўға ант еткен мәрт ҳәм баҳадыр сақшыларымыздың пидәкерлик хызметлери ҳәм мәртлигин бәршемиз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.
Өз өмирин Ўатанды қорғаўдай муқаддес ҳәм жуўапкершиликли иске бағышлаған ҳәм буны ҳәр күни, ҳәр минутта әмелде дәлиллеп атырған ана журт қалқанлары бизиң мақтанышымыз болып табылады.
Елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў мақсетинде мәмлекет, жәмийет ҳәм шахс қәўипсизлигин тәмийинлеў системасы түп-тийкарынан реформаланбақта. Буның ушын ең төменги система профилактика инспекторлары системасы заманагөй структура сыпатында қәлиплестирилди. Олар енди мәҳәлле мәкемелери менен тығыз биргеликте жумыс алып бармақта.
Бүгинги күнде 2017-жылға салыстырғанда жынаятлар саны 12 мыңға азайғаны, быйылғы жылдың алты айының жуўмағына бола болса, бар 9 мың 251 мәҳәлледен дерлик 50 процентинде бир де жынаятқа жол қойылмағанын айрықша атап өтиў лазым. Бул, әлбетте, реформаларымыздың унамлы нәтийжесинен дәрек береди ҳәм бул жумысларымызды избе-из даўам еттириўди талап етеди.
Қәдирли салтанат қатнасыўшылары!
Мәмлекетимиз жаңаланыў дәўирине қәдем қойған биринши күнлерден баслап биз ашық, прагматикалық ҳәм әмелий сыртқы сиясат жүргизип киятырғанымыз сизлерге жақсы белгили.
Өткен қысқа дәўирде Ўатанимыздың регион ҳәм жәҳән көлеминдеги сиясий орны ҳәм абырайы кескин артты. Дүньяда Өзбекстанға исеним руўхы ҳәм бирге ислесиўге умтылыў принциплери күшейди.
Дәслеп, регионымыздағы мәмлекетлер менен дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары жолға қойылды. Шегаралар ашылды, адамлар қәўимлес ағайинлери менен қатнасларын тиклеп, бир мәмлекеттен екинши мәмлекетке емин-еркин барып келе баслады.
Жәҳән сиясаттаныўшылығында «Орайлық Азия руўхы» деген ибара пайда болды. Халықаралық майданда регион атынан жаңа басламалар алға қойыла басланды.
Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы ушырасыўларын өткериў жақсы дәстүрге айланды. Жақында Түркменстанда болып өткен гезектеги мәсләҳәт кеңесинде бирге ислесиўдиң жаңа, перспективалы бағдарлары белгилеп алынды.
Соңғы күнлерде жан қоңсымыз Аўғанстанда жүз берип атырған ўақыяларды ҳәммемиз тәшўиш пенен бақлап турмыз. Биз бул мәмлекетте тезирек тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўы тәрепдарымыз.
Аўғанстан Орайлық ҳәм Қубла Азия регионлары арасында өз-ара байланыслылықты беккемлеўде көпир ўазыйпасын атқара алыўына исенемиз.
Аўғанстан менен қатнасықларымызда дослық ҳәм жақсы қоңсышылық мүнәсибетлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм ишки ислерге араласпаўшылық принциплерине садық қаламыз.
Бул мәмлекетте ҳәкимият транзити халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларын инабатқа алған ҳалда, миллий келисиў тийкарында тыныш жол менен әмелге асырылыўы оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Өткен дәўирде Россия, Қытай, Қубла Корея, Япония, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм басқа мәмлекетлер менен нәтийжели келисимлерге еристик. Америка Қурама Штатлары ҳәм батыс мәмлекетлери менен прагматикалық бирге ислесиўге қарай жаңа қәдемлер тасланды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы сыяқлы халықаралық структуралар менен байланыслар сапа жағынан жаңа басқышта даўам еттирилмекте. 2019-жылда Түркий тилли мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесине толық ҳуқықлы ағза болдық. Бул мәмлекетимиз ушын халықаралық майданда жаңа экономикалық, сиясий ҳәм мәдений имканиятлар ашып берди.
Өзбекстан Евроазия экономикалық аўқамы менен бақлаўшы мәмлекет статусында қысқа дәўирде нәтийжели қатнасықларды жолға қойыўға еристи. 2020-жылы мәмлекетимиз биринши мәрте Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамында басшылық етти. Бул дәўир пандемия шараятында өткенине қарамастан, Өзбекстанның бул бағдардағы жумысы табыслы шөлкемлестирилди ҳәм жоқары баҳаланды.
Быйыл Шанхай бирге ислесиў шөлкеми басшылығын қабыл етип аламыз ҳәм оның келеси жылы өтетуғын Саммитине пуқта таярлық көрип атырмыз.
Экономикалық дипломатия қуралларынан нәтийжели пайдаланыў республика экспорты ҳәм инвестициялар ағымына унамлы тәсир көрсетпекте.
Шет еллердеги ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаўға, олар менен нәтийжели бирге ислесиўге үлкен итибар берилмекте. Олар республикамыздағы социаллық-экономикалық процесслерге тартылмақта. Жақында мине усындай әҳмийетли ўазыйпалар менен тиккелей шуғылланатуғын «Ватондошлар» жәмийетлик фондын шөлкемлестиргенимизден бәршеңиз хабардарсыз.
Әйне пайытта узақ-жақындағы барлық прогрессив мәмлекетлер менен өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў бизиң тийкарғы мақсетимиз болып қалады.
Бүгинги қуўанышлы күнде биз бенен арамызда отырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлер ўәкиллерине, сырт елли шериклеримизге, Өзбекстанның барлық досларына тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймиз. Атап айтқанда, салтанатымызда қатнасып атырған Франция Сенатының ҳүрметли ўәкиллерине терең миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәммеңизге жақсы белгили, усы жыл 24-октябрь күни мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтеди.
Соңғы бес жыл даўамында мәмлекетимиз миллий сайлаў нызамшылығында үлкен өзгерислер жүз берди. Абырайлы халықаралық экспертлер атап өткениндей, жаңа Өзбекстанда сайлаў нызамшылығын избе-из жетилистириў ҳәм сайлаўларды өткериў әмелияты сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
Бул реттеги Президент сайлаўлары биринши мәрте 2019-жылдың 25-июнинде қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында болып өтеди.
Бул сайлаў бәршемиз ушын Өзбекстанның келеси раўажланыўы қандай жолдан барады, перзентлеримиз, шаңарағымыз, мәмлекетимиз келешегин қалай қурамыз, деген шешиўши сораўларға жуўап беретуғын оғада әҳмийетли сиясий илаж болып табылады. Соның ушын бул сиясий процесске көп миллетли халқымыз да, жәҳән жәмийетшилиги де үлкен қызығыўшылық ҳәм итибар менен қарамақта.
Сайлаўда дүньяның 50 ге шамалас мәмлекети ҳәм онлаған халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасыўы күтилмекте.
Усы мәнисте, болажақ сайлаўлар жоқары демократиялық принциплер тийкарында өтеди ҳәм жаңа Өзбекстан халқының өсип баратырған сиясий пикирин, жәмийетлик белсендилиги менен мәдений дәрежесин айқын көрсетеди, деп исенемен.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!
Биз кейинги жылларда белимизди беккем буўып, миллий мәплеримизди тәмийинлеў, халқымызды разы етиў жолында шын кеўилден мийнет етип, оғада әҳмийетли нәтийжелерди қолға киргизбектемиз.
Ең тийкарғы нәтийже баслаған реформаларымыз изге қайтпайтуғын турақлы түс алғанында, бүгинги жәмийетимиздиң мәнаўий ояныўында көринбекте.
Мәнаўий ояў жәмийетти, өз алдына үлкен ўазыйпалар қойып, келешекке қарай исеним менен баратырған халықты ҳеш ким өз жолынан тоқтата алмайды. Бундай халықты Жаратқанымыз да қоллап-қуўатлайды, бәрҳа жолын ашып береди.
Бүгин миллион-миллион ўатанласларымыздың сана-сезими, пикири өзгерип, олар реформалар процесине өзин тиккелей тийисли деп билмекте, бул өзгерислердиң белсенди қатнасыўшысына айланбақта.
Бүгин биз бир халық, бир миллет болып, гөзлеген бийик мақсетлеримизге қарай исенимли бармақтамыз. Денемизде, қанымызда бабаларымыздан мийрас уллы қүдирет толып-тасып турған екен, биз ийгиликли арзыў ҳәм мақсетимиз болған жаңа Өзбекстанды әлбетте, қурамыз. Өзбекстан ҳәр тәреплеме абат ҳәм абадан, еркин демократиялық мәмлекетке айланады.
Мен сиз, әзизлерди, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, бәрше ўатанласларымызды, мине, усындай уллы ҳәм даңқлы сапта жаңа Өзбекстан жаратыўшылары қатарында көрип турғанымнан бахтиярман.
Арадан еле қанша жыллар, әсирлер өтеди. Елимизде жаңа-жаңа әўладлар дүньяға келеди. Миллий мәмлекетшилигимизди тиклеп, бизге раўажланыў ҳәм абаданлыққа ерисиў жолында мине усындай шексиз имканиятларды жаратып берген ғәрезсизлигимиз жанажан Ўатанымыздың даңқлы тарийхында ҳәмийше ең жарқын, өшпес бет болып қалады.
Пурсаттан пайдаланып, сиз қәдирданларымды, ҳүрметли нураныйларымыз, меҳрибан апа-қарындасларымыз, уллы мақсетке умтылған жасларымызды, пүткил халқымызды Ғәрезсизлик байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Мине усы мүбәрек әййямда барлық табысларымыздың жаратыўшысы болған мийнеткеш, мәрт ҳәм сақаўатлы, кеңпейил ҳәм жоқары мәртебели халқымызға перзентлик меҳири менен тәжим етемен.
Бәршемизди ақ жуўып, ақ тарап камалға келтирген ана халқымыз бәрҳа аман болсын!
Елимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан ийгиликли мақсетлерине жетсин!
Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!
Итибарыңыз ушын рахмет.