Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде  республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, район ҳәкимлиги тәрепинен  «Жаңа Өзбекстанның перзентимен!» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, депутатлар, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнлери жаңлады.

Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта халқымыз Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамын айтарлықтай табыслар менен күтип алмақта. Соңғы бес жыл даўамында елимизде бир нешше жылларға татырлық өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Өткен қысқа ўақыттың ишинде халқымыздың еркин ҳәм абадан жасаўы ушын барлық тараўларда реформалар әмелге асырылды ҳәм даўам етпекте. Мине, усы өзгерис ҳәм жаңаланыўларда Президентимиздиң жасларға, билимлендириў тараўына, «Меҳрийбанлық үйлери» ҳәм арнаўлы мектеп-интернатлардың тәрбияланыўшыларына көрсетип атырған аталарша ғамқорлығы бәршени қуўанышқа бөлемекте.

Илаж даўамында «Мен спортшы боламан» жойбары шеңберинде белгили спортшылардың тәрбияланыўшылар менен ушырасыўы, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы тәрепинен қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалардың көргизбеси, әскерий хызметкерлердиң, жас спортшылардың көргизбели шығыўлары болды.

Соңғы жыллары елимизде китапқумарлықты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиздиң 2017-жыл 12-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында аймақларда жазыўшы-шайырлардың қатнасыўында китап байрамы ҳәм ярмаркалары, китапқумарлар ҳәм оны басып шығарыўшылар арасында «Жылдың ең жақсы китабы», «Ең жақсы китапқумар шаңарақ», «Жылдың ең жақсы балалар китабы» ҳәм басқа да таңлаўлар турақлы өткерилип киятырғанын айрықша атап өтиў керек.

Сондай-ақ, усы жылдың 24-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Улыўма билим бериў мектеплерниң китапхана фондларын әдебий китаплар менен тәмийинлеў мақсетинде оларға қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм аймақлардағы мәлимлеме-ресурс орайлары китапханаларының фондына өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериндеги әдебий китапларды сатып алыў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан 1,5 миллиард сумға шамалас қаржы ажыратылды.

Руўхый-ағартыўшылық илаж даўамында «Үшинши Ренессансқа мениң үлесим» жойбары әмелге асырылып, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Хожели районы ҳәкимлиги тәрепинен «Меҳрибанлық үйи»ниң китап фондына көркем-әдебий топламлардан ибарат таңламалы китаплар саўға етилди.

«Жаңа Өзбекстан» видеоролиги менен басланған илаждың соңғы бөлиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов «Меҳрибанлық үйи»ниң питкериўшилерин қутлықлап, олардың кейинги турмыс жолында әўметлер тиледи ҳәм баҳалы саўғалар тапсырды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының әскерий хызметкерлери,  «Меҳрибанлық үйи»ниң талантлы тәрбияланыўшылары, республикамыз көркем-өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қатнасыўшыларға көтериңки кейпият, кешеге өзгеше заўық бағышлады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы