2021-жыл 27-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте Сенат ағзалары, ҳүкиметтиң жуўаплы хызметкерлери министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилистиң жумысы Олий Мажлис Сенатының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей көрсетилди.
Дәслеп сенаторлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги директорының тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.
Жерлерден ақылға уғрас, нәтийжели ҳәм белгиленген мақсетте пайдаланыўды тәмийинлеў, жерлерди қорғаў, жер менен тығыз байланысқан Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын толық жүргизиў мәмлекеттиң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып табылады.
Соңғы жылларда бул ресурстан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаў, жер қатнасықлары тараўында нызамшылықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы жер ажыратыў тәртибиниң ашықлығы ҳәм жәриялылығы артып бармақта, тараўда бюрократиялық тосқынлықлар сапластырылып атыр.
Тилекке қарсы, жер менен байланыслы қатнасықларында талан-таражлықлар жүз бермекте. Бул тараўда коррупция ҳәўиж алған. Ҳәр күни ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда жерди нызамсыз сатыў менен байланыслы жағдайлар бойынша мағлыўматлардан хабардар болынбақта.
Атап айтқанда, 2020-жылы 67 Кадастр агентлигиниң лаўазымлы шахсына 46 жынаят иси көрип шығыў ушын судларға жиберилген болып, жеткерилген зыян муғдары 550 млн. сумды қураған. Буннан тысқары, 2021-жылдың өткен алты айы даўамында болса Кадастр агентлигиниң 48 хызметкерине 24 жынаят иси ашылған. Нәтийжеде мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине 1,3 миллиард сум муғдарда зыян жеткерилген.
Тек ғана 2020-жылда республика бойынша 50 мыңға шамалас жағдайда 11 200 гектар жер өзбасымшалық пенен ийеленген, соннан 3 200 гектарда нызамсыз турақ жай қурылған. Булардың 99 проценти суўғарылатуғын, өнимдарлы аўыл хожалығы жерлери есапланады.
Сондай-ақ, 2021-жылдың өткен жети айы даўамында 11 214 жағдайда 2 000 гектардан аслам жер майданы өзбасымшалық пенен ийелеп алынған. Жуўапкер мәкемелер тәрепинен болса бул нызамбузылыў жағдайларының тек ғана 1188 и яки 10,5 проценти ғана сапластырылған.
Кадастр базасында мәмлекетлик дизимнен өтпеген 2 миллион 746 мыңнан аслам көшпес мүлк объектиниң ийелик ҳуқықы белгиленбеген.
Сондай-ақ, жуўапкер мәкемелер тәрепинен географиялық объектлердиң атамаларын мәмлекетлик реестрге киргизиў жумыслары ақырына жеткерилмегенлиги ақыбетинде республика бойынша 1 123 көше атамасыз қалған. Бул болса, өз гезегинде, түрли шөлкемлер, атап айтқанда, тез медициналық жәрдем көрсетиў мәкемелери, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен пуқаралардың жасаў мәнзиллерин анықлаўда қыйыншылықларды келтирип шығармақта, нәтийжеде халықтың ҳақылы наразылықлары жүзеге келмекте.
Жер участкаларын фермер хожалықларына узақ мүддетли ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы қағыйда талаплары район ҳәкимликлери ҳәм кадастр бөлимлери тәрепинен толық орынланбаған.
Буннан тысқары, республика бойынша 2021-жыл 5-август жағдайына бола, 90 690 фермер хожалығынан 2 916 сы менен ижара шәртнамасы толық рәсмийлестирилмеген. Бул болса, өз гезегинде, фермер хожалықлары ҳәм район ҳәкимликлери арасында жер менен байланыслы түрли наразылықлар келип шығыўына себеп болмақта.
Кадастр агентлиги тәрепинен өз хызметиниң ашықлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеўде де бир қатар кемшиликлерге жол қойылған. Бир ғана Ашық мағлыўматлар (data.gov.uz) базасында жайластырылыўы тийис болған улыўма мағлыўматлардың 55,5 проценти өз ўақтында жайластырылмаған.
Жалпы мәжилисте бул тараўда анықланған кемшиликлер бойынша тийисли илажлар ислеп шығылыўы бойынша Кадастр агентлигине көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажларының орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды алып барыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Бүгинги күнде Арал теңизи апатшылығы өзиниң гуманитарлық, экологиялық ҳәм социал-экономикалық унамсыз ақыбетлериниң көлеми жағынан тек регионымыз емес, ал, улыўма жер жүзилик машқала екенлигин инабатқа алған ҳалда оның негатив тәсирин азайтыў, Аралбойы регионында генофондты сақлап қалыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады. Бул бағдарда жаңа Өзбекстан Аралбойы регионының экологиялық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм социал-экономикалық раўажландырыў бойынша республикамызда кең көлемли реформаларды әмелге асырыў менен бирге, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерде көплеген басламаларды алға қойып келмекте.
Буған айқын мысал ретинде Президент басламасы тийкарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясының қабыл етилиўин келтириў мүмкин.
Ҳүжжетте белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жыл 28-июльде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы резолюциясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Бул қарар менен Аралбойы регионына экономика тармақларында ресурсларды үнемлеўши ҳәм жоқары нәтийжеге ийе заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, илимий изертлеўлер өткериў ҳәм илимий-инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы 7 бағдардағы 2021-2024-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген «Жол картасы» тасыйықланған.
Соның менен бирге, қарар менен 2021-2024-жылларда орынланыўы режелестирилген 65 тийкарғы инновациялық жойбар да тастыйықланған. Олардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 4500 жаңа жумыс орны жаратылады.
Қала берди, Олий Мажлис палаталары, соның ишинде, Сенатқа усы қарар ҳәм резолюция шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша тәсиршең ҳәм турақлы парламентлик қадағалаўды орнатыў усыныс етилген. Усы мүнәсибет пенен бул қарарда белгиленген илажлардың министрлик ҳәм уйымлар және жергиликли ҳәкимият уйымларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы мониторингин әмелге асырыў, олардың орынланыўын Сенат ағзалары тәрепинен терең талқылаған ҳалда жүзеге келиўи мүмкин болған машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, илажлардың әмелге асырылыўы ҳәм олардың нәтийжелилиги ҳаққындағы мәселе бойынша жуўапкер орынлаўшылардың мәлимлемеси тыңланып барылыўы әҳмийетли есапланады.
Мәжилисте парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди. Буннан тысқары, илажлардың орынланыўы үстинен үзликсиз ҳәм системалы мониторинг алып барыў, ҳүкимет ҳәм жуўапкерлерге парламент сораўларын жибериў, орынларда депутатлық ҳәм сенаторлық үйрениўлерди шөлкемлестириў, резолюцияның мазмун-мәниси, оның ўазыйпалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин халық арасында түсиндириў ҳәм ҒХҚда кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.
Сенаттың тийисли комитетлерине илажларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў, илажларды қаржыландырыўдың ишки дәреклерин қәлиплестириў ҳәм муўапықластырыў, Аралбойы регионында экологиялық инновациялар ҳәм технологияларды қолланыўдың институционаллық базасын раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономика тармақларында инновациялық технологияларды қолланыў, илимди раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда алып барылыўы зәрүр болған жумысларға пәт берилди.
Буннан тысқары, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 20-август күни исбилерменлер менен өткерген ушырасыўында Қарақалпақстан Республикасына және бир мәрте айрықша итибар қаратқаны, ол жерде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў ушын басқа аймақлардан исбилерменлерди тартыў, оларға түрли жеңиллик ҳәм преференциялар бериў мәселеси сенаторлар тәрепинен кеңнен додаланды.
Сондай-ақ, бул бағдарда Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте Аралбойы регионын көп тәреплеме турақлы раўажландырыў «Жол картасы»н ислеп шығыў, онда «Қарақалпақстанда бизнес жүргизиң» сүрени астында басқа аймақлардан келген исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылатуғын жойбарларды нәзерде тутыў ҳәм оларға түрли жеңилликлер менен преференциялар бериў бойынша усыныслар киргизиў тапсырмасы берилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң сенаторлар «Қамсызландырыў жумысы ҳаққынд»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.
Ҳүжжет қамсызландырыў жумысын тәртипке салыў, тараўға алдынғы халықаралық тәжирийбелерди енгизиў ҳәм де қамсызландырыў тараўындағы тутыныўшылардың ҳуқықлар менен нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған. Сондай-ақ, қамсызландырыў түрлерин көбейтиў, турақлылығын тәмийинлеў менен тең салмақлы түрде халықтың қамсызландырыў мәдениятын арттырыў да нәзерде тутылған.
Нызамда қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшыларының (қамсызландырыў шөлкемлери, қамсызландырыў брокерлери, аджастерлер, ассистанслер, актуарийлер, сюрвейерлер) ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери анық белгиленбекте.
Қала берди, қамсызландырыў шәртнамаларын электрон тәризде интернет арқалы дүзиў процеси нызам менен беккемленбекте.
Ҳүжжеттиң бир қатар жаңа нормалары қамсызландырыў хызмети тутыныўшылары ҳәм қамсызландырыў жумысының басқа субъектлериниң ҳуқықларын қорғаўды беккемлеў, халықтың қамсызландырыў билимин арттырыў ҳәм олардың қамсызландырыўға болған исенимин беккемлеў, қамсызландырыў базарының ашықлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Сондай-ақ, ҳәр тәреплеме жетик түрде ислеп шығылған нызам қамсызландырыў тараўында тәжирийбеден өткен миллий әмелият ҳәм халықаралық принциплерге тийкарланғанын да айрықша атап өтиў керек.
Улыўма алғанда, нызам тараўдағы көплеген ўазыйпаларды шешиўге қаратылмақта. Атап айтқанда, бул ҳүжжет пенен қамсызландырыў базары профессионал қатнасыўшыларының жумысын жанландырыў, сондай-ақ, улыўма қамсызландырыў базары профессионал қатнасыўшыларының ролин арттырыў арқалы қамсызландырыў базары инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм кеңейтиў, қамсызландырыў хызметлери тутыныўшылары ҳәм қамсызландырыў хызметиниң басқа субъектлериниң ҳуқықларын қорғаўды беккемлеў, халықтың бул бағдардағы билимин ҳәм исенимин арттырыў, қамсызландырыў базарының ашықлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў сыяқлы мәселелер қамтып алынбақта.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар «Аўыл хожалығы кооперативи ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.
Атап өтилгениндей, бул нызам аўыл хожалығы кооперативлериниң жумысын шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тараўыдағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетлерине хызмет етеди.
Аўыл хожалығы кооперативи өндирис кооперативиниң түрлеринен бири болып, коммерциялық шөлкем есапланады.
Нызам менен аўыл хожалығы кооперациялары жумысының тийкарғы принциплери беккемленбекте. Қала берди, аўыл хожалығы кооперативин шөлкемлестириў механизмлери, атап айтқанда, кооперативти шөлкемлестириў ҳәм оны мәмлекетлик дизимнен өткериў, жер участкаларын аўыл хожалығы кооперативлерине бериў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм аўыл хожалығы кооперативиниң уставына байланыслы талаплар белгиленбекте.
Соның менен бирге, кооперацияның басқарыў уйымларын шөлкемлестириў тәртиби, орынлаўшы уйымлары, бақлаў кеңеси ҳәм олардың ўәкилликлери, мәжилислерди шақырыў ҳәм қарарларды қабыл етиў тәртибине байланыслы нормалар нәзерде тутылмақта.
Нызамда аўыл хожалығы кооперативи мүлкин қәлиплестириў дәреклери, пай взнослары ҳәм пай фонды, пайда ҳәм зыянды бөлистириў, кооперация ҳәм ағзалардың мүлклик жуўапкерлигиниң ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте.
Буннан тысқары, аўыл хожалығы кооперативине ағзалыққа байланыслы мәселелер де ашып берилмекте. Атап айтқанда, он алты жасқа толған физикалық тәреплер, сондай-ақ, аўыл хожалығы кооперативи уставы талапларына сай болған юридикалық тәреплер аўыл хожалығы кооперативиниң ағзасы болыўы мүмкин екенлиги келтирилмекте.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы кооперативиниң жумысы үстинен қадағалаў механизмлери белгиленбекте. Атап айтқанда, аўыл хожалығы кооперативиниң уставында кооператив ревизия комиссиясын дүзиў, яғный, ревизорды сайлаў нәзерде тутылыўы мүмкин.
Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде аўыл хожалығында кооперация қатнасықларын қәлиплестириўдиң ҳуқықый тийкары жаратылады, кооперативлердиң жумысы раўажландырылады, хожалық субъектлери ушын қатнасықлар толық ҳуқықый тәртипке салынады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Жалпы мәжилисте елимиз халқының тыныш, татыў турмысы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң орны шексиз екенлиги атап өтилди.
Бул нызамда 26-сентябрь күнин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күни сыпатында белгилеў нәзерде тутылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2018-жылдың 5-апрелинде «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Ҳүжжет пенен хызмет жумысының беккем нызамлы тийкарлары жаратылып, зәрүр шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлер белгиленди. Нәтийжеде Президентимиздиң мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасын демократияластырыў сиясатына сәйкес болған ашық, мәмлекет ҳәм халық мәпин қорғаўшы уйым жаратылды.
Сол себепли, 2018-жыл 2-октябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында 5-апрель Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң кәсиплик байрамы етип белгиленген еди.
Бүгинги күнде 5-апрель сәнесин Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күни сыпатында белгилеў (Хызметтиң 30 жыллығы) қәўипсизлик мәкемелериниң жумыс алып барыўын есаплаўда қарама-қарсылықты келтирип шығармақта. Себеби, өткен жыллар даўамында (2006, 2011 ҳәм 2016-жыллар) хызметтиң салтанатлы юбилейлерине Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң сырт елли шериклери мирәт етилип, оларға естелик белгилери тапсырылған.
Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы белгиленгенинен соң, 26-сентябрь күни Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң 30 жыллығын өткериў логикалық жақтан дурыс есапланады.
Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи нәтийжесинде 2018-жыл 2-октябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызам өз күшин жойытады ҳәм 26-сентябрь тарийхый сәнеси тийкарында елимизде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күни сыпатында белгиленеди.
Бул нызамның мақулланыўы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлериниң мәнаўий-руўхый кейпыятының, хызмет ушын мақтаныш сезиминиң буннан былай да күшейиўи, әўладлар арасында устаз-шәкирт дәстүрлери сақланып қалыўы, хызметтиң нураныйларына ҳүрмет ҳәм иззет көрсетиў, сондай-ақ, сырт елли шериклер арасында мәмлекетлик қәўипсизлик мәкемелери имиджин беккемлеў имканиятын береди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.
Нызам тийисли нормативлик-хуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, исбилерменлик субъектлерин және де қоллап-қуўатлаў, коронавирус пандемиясы жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў, алыс ҳәм шетки аймақлардағы бюджет шөлкемлеринде ислеў тилегин билдиретуғын жоқары мағлыўматлы қәнигелер санының ҳәм халық дәраматларының артыўына хызмет етеди.
Атап айтқанда, нызам менен пандемия дәўиринде экономикалық қыйыншылықларға дус келген тараўлардан бири болған туризмди қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилген ўақтыншалық жеңилликлерди қолланыў мүддети 2022-жылдың 1-январына шекем созылмақта.
Нызам электр двигатели арқалы ҳәрекетленетуғын автомототранспорт қуралларын (электромобильлер) сатып алыўшылар, алып кириўшилердиң жыйым төлеўден азат етилиўин де нәзерде тутпақта.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәр бир қала ҳәм районлардың өзине тән «өсиў ноқаты» деп анықланған жумыс бағдарлары бойынша жаңадан шөлкемлестирилетуғын исбилерменлик субъектлерине 2024-жыл 1-январьға шекем пайда ҳәм суў салықлары бойынша 50 процентлик жеңиллик берилмекте.
Нызамда Өзбекстан Республикасының басқа мәмлекетлердиң аймағында жайласқан айырым аймақлары ушын да нызам менен өз алдына салық ставкалары белгиленбекте.
Атап айтқанда, Ферғана ўәлаятының Сўх районы, Риштон районының «Чўнғара» МПЖ, Ферғана районының «Шоҳимардон», «Ёрдон» ҳәм «Ҳосилот» МПЖлары (Тоштепа көшеси) ушын пайда салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы, социаллық салық (бюджет шөлкемлеринен тысқары) ҳәм айланыстан алынатуғын салық бойынша 1 процент муғдарында салық ставкасы белгиленбекте.
Бул Нызам коронавирус пандемиясы жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиў, тийисли тараўлардағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нормативлик-хуқықый ҳүжжетлерди системаластырыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаторлар буннан кейин «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.
Бул Нызам менен қорғаныў тараўындағы айырым процесслерге жаңалық ҳәм өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, мийнетке қәбилетсиз болса да, шаңарақлық-материаллық шараятлары жақсы ата-аналардың келисими менен олардың шақырыў жасындағы перзентлерине мүддетли әскерий хызметке шақырыў яки мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметти өтеў имканиятын бериў мақсетинде «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 21-статьясына өзгерис киргизиў нәзерде тутылмақта.
Президентимиздиң 2020-жыл 6-мартта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы пуқараларын әскерий хызметке шақырыў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, пуқараларды мүддетли әскерий ҳәм альтернатив хызметлерге шақырыў, мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметке алыў бойынша орынларда турақлы тийисли комиссиялар дүзиў системасы әмелиятқа енгизилди.
Бул болса «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Нызамның бир қатар 18, 20, 21, 38 ҳәм 46-статьяларына өзгерис киргизиў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.
Буннан тысқары, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Миллий қәўипсизлик хызметиниң 2006-жыл 12-майдағы тийисли қарары менен тасыйықланған Мәмлекетке жеткерилген зыян ушын әскерий хызметкерлердиң материаллық жуўапкершилиги ҳаққындағы ўақтыншалық устав қайта көрип шығылып, ондағы жуўапкершиликти белгилеўши нормалар «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өткерилмекте.
Ҳүжжеттиң қабыл етилиўи мәмлекетимиздиң қорғаныў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириў, пуқаралар тәрепинен әскерий хызметти өтеўге байланыслы бағдардағы нызам ҳүжжетлерин бирден-бир көриниске келтириў, тараўда қолланылатуғын түсиник, атама ҳәм аталыўлардың бирдей талқыланыўына хызмет етеди.
Бул нызам пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлиги ҳәм пуқаралардың мәмлекетти қорғаўды тәмийинлеўде қатнасыўына байланыслы ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын тәмийинлейди.
Бул Нызам да сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам додаланды.
Соңғы жылларда мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыў, соның ишинде, судьялардың шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў бағдарында избе-из жумыслар алып барылмақта.
Сенаторлар тәрепинен додаланған нызам менен төмендеги өзгерис ҳәм косымшалар киргизилип атырғаны атап өтилди:
бос судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў процесслерин интернет жәҳән мәлимлеме тармағы (соның ишинде, веб-сайт) арқалы жарытып барыўды жолға қойыў нәзерде тутылыўы;
судья жумысының нәтийжелилигин электрон рейтинг арқалы ашық ҳәм әшкара баҳалаўды тәмийинлейтуғын анық критерияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў;
судьялар жоқары кеңеси баслығының орынбасары ўәкилликлерине тийисли өзгерислер ҳәм басқа да әҳмийетли қағыйдалар киргизилиўи атап өтилди.
Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде ашықлық ҳәм жәриялылық тийкарында судьялар корпусын ең мүнәсип кадрлар менен тәмийинлеў механизмлери және де жетилистириледи, судьялардың еркинлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежеси арттырылады, суд системасында коррупция жағдайларын ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў механизмлериниң және де раўажландырылыўына ерисиледи.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң «Судқа мүрәжат етиў ушын және де қолай шараятлар жаратылыўы ҳәм пуқаралық процесине әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртиби енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Реформалар нәтийжесинде судлардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары және де кеңирек енгизилди. Жаратылған қолайлылықлар себепли пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежеси сезилерли жағдайда, кескин артты. Судлардың жумысына енгизилген заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги абырайы ҳәм орнының артыўына үлес қоспақта.
Бүгинги күнде заманагөй мәлимлеме технологиялары имканиятларынан пайдаланған ҳалда суд системасында «Е-ХSUD» мәлимлеме системасы енгизилген болса да, нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди және де тәртипке салыў, оларда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын ҳуқықый нормаларды анық белгилеў талап етпекте.
Нызам менен 5 кодекс, яғный, Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодекси, Пуқаралық процессуал кодекси, Экономикалық процессуал кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексине бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, суд ис саны бойынша судьяны «E-XSUD» мәлимлеме системасы арқалы өзине керек болған суд ҳүжжетлерин алыў имканияты жаратылғаны себепли, нызам менен нызамшылықта апелляция ҳәм кассация шағымларының мазмунында ҳәм қайтарыў тийкарларында нәзерде тутылған «ис бойынша қабыл етилген суд қарарларының суд тәрепинен тастыйықланған көширме нусқалары қосымша етилмеген болса» деген қағыйда бийкар етилмекте.
Экономикалық процессуал кодексине енгизилген ҳәм бүгинги күнде унамлы нәтийже берген, яғный, әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў институты Пуқаралық процессуал кодексине де қолланылмақта.
Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң әдил судлаўға болған исенимин және де арттырыў, олардың артықша қәрежетлерин үнемлеўге ерисиледи.
Сондай-ақ, бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына заманагөй басқарыў принциплерин енгизиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, нызамшылықтағы айырым бослықларды толтырып, мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги абырайы артыўына алып келеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыўға қаратылған кең көлемли ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик илажлары әмелге асырылмақта.
Бул процесс даўам еттирилип, нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди және де тәртипке салыўды талап етпекте. Нызам 14 статьядан ибарат. Оған муўапық, 7 кодекс ҳәм 5 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, ҳүжжет пенен мүлк ийеси ҳәм (яки) оператор Өзбекстан Республикасы пуқараларының шахсқа тийисли мағлыўматларына мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда, соның ишинде, интернет жәҳән мәлимлеме тармағында қайта ислеўде олардың физикалық Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан техникалық қуралларда ҳәм белгиленген тәртипте Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестрде дизимнен өткерилген шахсқа тийисли мағлыўматлар базаларында жыйналыўы, системаластырылыўы ҳәм сақланыўын тәмийинлеў шәртлиги белгиленбекте.
«Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, Миллий гвардия бөлимлеринде әскерий хызметкерлер менен бир қатарда арнаўлы атағы бар хызметкелер де хызмет етиўи белгиленген. Бирақ, көп ғана нызамларда Миллий гвардия әскерий хызметкерлери, ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳаққында нормалар бар болса да, Миллий гвардия хызметкерлери ҳаққында сөз етилмеген. Сонлықтан, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы ҳәм де «Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы нызамлар, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Бюджет ҳәм Салық кодекслерине Миллий гвардия хызметкерлери менен байланыслы тийисли қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, бухгалтериялық есап ҳаққындағы нызамшылықты бузыўға байланыслы норма басқа нормативлик ҳүжжетлерге муўапықластырылмақта. Яғный, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм «Бухгалтериялық есап ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер киргизилмекте.
Бул өзгерислердиң киргизилиўи инсанның жеке қол қатылмаслығы жоқары қәдирият екенлиги мүнәсибети менен инсанның жеке турмысы, оның шахсына тийисли мағлыўматларды нызамға қайшы түрде алыў, қайта ислеў, сақлаў, тарқатыўдан физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жуўапкершилик қәўпи менен тыйылыўы ҳәм улыўма оған байланыслы мағлыўматлар менен нызамлы ислесиў нәтийжелилигиниң арттырылыўына хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң сенаторлар Ташкент ўәлаятының Зәңгиата, Жоқары Шыршық, Орта Шыршық ҳәм Қибрай районлары ҳәм Ташкент қаласының Сергели, Бектемир, Мырза Улуғбек ҳәм Яшнобод районлары, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Мәмлекетимиз басшысы орынларда әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, социал-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде быйылғы жылдың өзинде бир неше мәрте Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятына сапар еткен еди.
Ташкент ўәлаятының Зәңгиата, Жоқары Шыршық, Орта Шыршық ҳәм Қибрай районлары ҳәм Ташкент қаласының Сергели, Бектемир, Мырза Улуғбек ҳәм Яшнобод районлары, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы шегараларын өзгертиў басламасы да мине усы сапарлардың жемиси.
Атап өтиў лазым, Ташкент қаласы халқының саны 2021-жыл 1-июль жағдайына 2 737,2 мың адамды қурап, быйылғы жылдың басына салыстырғанда 42,8 мың адамға көбейген, халықтың тығызлығы 1 километр квадратқа 7 564 адамды қурайды. Бул болса, өз гезегинде, келешекте Ташкент қаласын раўажландырыў, оның аймағын және де кеңейтиў сыяқлы мәселелерди пайда етеди.
Ташкент қаласы халқының саны жыл сайын артып барыўы қалада жаңа социаллық тараў объектлерин қурыў, жаңа өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларын шөлкемлестириў, мәдений ҳәм дем алыў орынларын көбейтиў илажларын көриўди талап етеди. Бундай машқалалар Ташкент қаласы аймағын басқышпа-басқыш кеңейтиў арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.
Сонлықтан, жалпы мәжилисте додаланған бул мәселе Сенат қарары менен Ташкент ўәлаятынан 7 853,3 гектар жер майданы Ташкент қаласына, Ташкент қаласынан 171,3 гектар жер майданы Ташкент ўәлаяты аймағына өткерилиўи белгиленбекте.
Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Зәңгиата районынан 1 827,1 гектар (соннан, 424,2 гектар аўыл хожалығы жерлери) жер майданы Ташкент қаласының Сергели районы қурамына, Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районынан 490,0 гектар (соннан, 154,2 гектар аўыл хожалығы жерлери) жер майданы Ташкент қаласының Бектемир районы қурамына, Ташкент ўәлаятының Орта Шыршық районынан 1 124,2 гектар (соннан, 578,2 гектар аўыл хожалығы жерлери) жер майданы Ташкент қаласының Бектемир районы қурамына, Ташкент ўәлаятының Қибрай районынан 2 294,6 гектар (соннан, 1 090,9 гектар аўыл хожалығы жерлери) жер майданы Ташкент қаласының Мырза Улуғбек районы қурамына, Ташкент ўәлаятының Қибрай районынан 2 107,4 гектар (соннан, 1 002,6 гектар аўыл хожалығы жерлери) жер майданы Ташкент қаласының Яшнобод районы қурамына, Ташкент қаласының Сергели районынан 33,8 гектар жер майданы Ташкент ўәлаятының Зәңгиата районы қурамына, Ташкент қаласының Бектемир районынан 137,5 гектар жер майданы Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районы қурамына өткерилмекте.
Буннан тысқары, Ташкент қаласы қурамына өткерилип атырған аўыл хожалығына мөлшерленген (суўғарылатуғын) жерлерди басқа мақсетлер ушын ажыратыў нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Ташкент қаласына өткерилип атырған Ташкент ўәлаятының тийисли аймақларындағы сайлаў округлеринен сайланған халық депутатлары тийислисинше Ташкент қаласы халық депутатлары есапланатуғыны белгиленбекте.
Соның менен бирге, Ташкент ўәлаятынан Ташкент қаласына өткерилген аймақлардың инженерлик-коммуникация ҳәм жол инфраструктурасын жақсылаў, социаллық тараў объектлерин қурыў бойынша ҳүкиметтиң айрықша қарары қабыл етилиўи белгиленбекте.
Ҳүкимет қарары менен Ташкент ўәлаяты ҳәм қаланың бир-бирине өткерилип атырған аймақларында жасаўшы халық хатлаўдан өткериў арқалы жаңа мәнзил бойынша қайта дизимге алынады. Ўәлаят ҳәм қала жергиликли бюджети ҳәм социал-экономикалық раўажландырыўдың прогноз параметрлери қайта көрип шығылып, тийисли өзгерислер киргизиледи. Халық ҳәм юридикалық тәреплердиң көшпес мүлклери кадастр ҳүжжетлерине өзгерис киргизиледи. Халық ҳәм юридикалық тәреплердиң автотранспорт қуралларын дизимнен өткериў, мәмлекетлик номерлерин өзгертиў ҳәм гүўалық бериў сыяқлы мәселелер шешиледи.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе додаланды.
Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў жағдайы ҳәм бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилди.
Бүгинги күнде Бюро уйымларының жумысында айырым системалы кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди.
Талқылаўларға көре, Бюро уйымлары 2020-жыл 1-январь жағдайында жынаят, ҳәкимшилик, пуқаралық, экономикалық судлар ҳәм басқа уйымлардың жәми 48,7 триллион сумлық 3 788 927 орынлаў ҳүжжети ис жүригизиўде болған.
Жыл даўамында 34,5 триллион сумлық 2 698 476 орынлаў ҳүжжети жуўмақланған ҳәм тоқтатылған. Соннан 15,1 триллион (31 процент) сумлық 2 124 591 (65 процент) орынлаў ҳүжжети әмелде өндирилген. Олардың 7,6 триллион сумлық 742 476 орынлаў ҳүжжети мүддети бузылған ҳалда орынланған.
2021-жыл 1-январь жағдайына 14,2 триллион сумлық 1 090 451 орынлаў ҳүжжети қалдық болып өткен. Булардан, 3,2 триллион сумлық 368 250 и (40 процент) еки айлық мүддети өткен орынлаў ҳүжжетлери есапланады.
Сондай-ақ, нормативлик ҳүжжетлерге тийкар бир орынлаўшыға бир айда 19 орынлаў ҳүжжети ҳәм бир жылда болса 227 орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў имканияти бар екенлиги көрсетилген.
2021-жыл 1-январь жағдайына Бюро уйымларында жәми 2 320 мәмлекетлик орынлаўшы хызмет көрсетеди. Ҳәр бир мәмлекетлик орынлаўшыға бир айда орташа 470 орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленген.
Соның менен бирге, ҳуқықты қолланыў әмелиятында да бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер бар. Соның ишинде, Мәжбүрий орынлаў бюросы ис жүргизиўинде пуқаралық ислери бойынша судлардан ҳәр ҳәптениң белгиленген күнлери өндириўши менен көрисип турыў ҳаққында орынлаў ҳүжжетлери бар.
Лекин, «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымдың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамда көрисип турыў ҳәм орынлаў тәртиби ҳаққында бирде-бир статья көрсетилмеген. Сондай-ақ, мийнет нызамшылығында механизм нәзерде тутылмаған. Нәтийжеде мәмлекетлик орынлаўшылар бул орынлаў ислерин әмелге асырыў ушын дем алыс күнлери де жумысқа шығыўына мәжбүр болмақта.
Буннан тысқары, «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ы Нызамның 80-статьясында өндириўдеги 6 гезек нәзерде тутылған. Лекин, өндириўши пуқаралар ҳәм исберменлер екинши ҳәм алтыншы талапта көрсетилген. Сол себепли пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң пайдасына өндирилиўи керек болған қарыздарлық өндирилмей, исбилерменлик ҳәрекетине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте. Бул мәселелер сынға алынды.
Додалаў жуўмақлары бойынша сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына парламент сораўын жибериў ҳаққында тийисли қарар қабыл етилди.
Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң 2020-жылдағы ҳәм 2021-жылдың биринши ярым жыллығындағы жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлады.
Атап өтилгениндей, комитет өз жумысында «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Нызамы, Ҳәрекетлер стратегиясы, Президент пәрман ҳәм қарарлары, Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатлары ҳәм уставында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде анық жумысларды әмелге асырған. Атап айтқанда, нызамларды дәслепки тәризде көрип шығыў, ҳуқықты қолланыў әмелияты, парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, дөгерек сәўбети ҳәм халықаралық әнжуманлар шөлкемлестириў бағдарларында жәми 76 илаж өткерилген.
Нызамшылық палатасынан келип түскен 23 нызам дәслепки тәризде көрип шығылып, олардың 22 син мақуллаў ҳәм 1 инен бас тартыў ҳаққындағы комитет жуўмақлары Сенат Кенгашына киргизилген. Министрлик, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының 4 мәрте есабаты, 24 мәрте мәлимлемеси тыңланған. Машқалаларды сапластырыў бойынша комитет усыныслары тийкарында ҳүкиметке парламент сораўлары жиберилген.
Сенатқа келип түскен 4700 ге шамалас мүрәжат комитетте, 15 мыңнан аслам мүрәжат орынларда сенаторлар тәрепинен көрип шығылып, 12 мыңға шамаласы, яғный, 80 проценти унамлы шешилген.
Бюджет ҳәм қаржы қатнасықлары бағдарында есабат дәўиринде 10 нызам дәслепки тәризде көрип шығылып, 12 қадағалаў-таллаў илажы өткерилген.
Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы бойынша қаржы министриниң мәлимлемеси (4 мәрте), жергиликли бюджетлердиң орынланыўы бойынша тийисли ўәлаят ҳәкимликлериниң мәлимлемеси (4 мәрте), турақ жай коммунал хызмет көрсетиў, транспорт министрлери ҳәм Наўайы ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасарының мәлимлемелери тыңланған.
Бул бағдарда әмелге асырылған жумысларға байланыслы комитет усыныслары, соның ишинде, «Өзбекстан Республикасы Есап палатасының жумыслары жетилистирилип атырғанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгерислерде де өз көринисин тапқан.
Пул-кредит сиясаты бағдарында 4 қадағалаў-таллаў илажы шөлкемлестирилип, 2 мәрте Орайлық банк басқармасы баслығының есабаты тыңланып, 1 нызамның орынланыўы бойынша мониторинг өткерилген.
Комитет усыныслары Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманы ҳәм 2021-2023-жылларға мөлшерленген финанслық хызметлер ғалабалығын арттырыў миллий стратегиясы жойбарында да өз көринисин тапқан.
Комитет тәрепинен экономика тармақларында реформаларды әмелге асырыў бағдарында 13 нызам дәслепки тәризде көрип шығылып, Сенат жалпы мәжилисиниң додалаўына киргизилген. 3 нызамның орынланыў жағдайы бойынша мониторинг өткерилген ҳәм экономика тармақлары, жеке исбилерменликти раўажландырыў бойынша 7 мәрте дөгерек сәўбети, семинар ҳәм конференциялар шөлкемлестирилген.
Экономиканы еркинлестириў ҳәм базар механизмлерин кеңнен енгизиўге байланыслы комитеттиң усыныс ҳәм көрсетпелери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 3 пәрманында өз көринисин тапқан.
Әндижан ўәлаятында инвестициялық бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, бюджетке қосымша қаржылар тартыў, Ташкент ўәлаятын комплексли раўажландырыў ҳәм Жер кодексине муўапық бул ўәлаятта жер участкаларына болған ҳуқықлардың кепилликлери тәмийинлениўи жағдайлары үйренилди.
Комитет жумысы бағдарларында еле өз шешимин күтип атырған машқалалар бар екенлиги атап өтилди.
Пул-кредит сиясаты мәселелеринде:
ашық таңлаў тийкарында банклердеги мәмлекет үлесин абырайлы сырт ел инвесторларына сатыў арқалы мәмлекет қатнасындағы банклерди меншиклестириў процесин даўам еттириў;
халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы тәжирийбени қолланған ҳалда банклерде «қәўип-қәтерге» тийкарланған қадағалаў системасын қолланыў, корпоратив басқарыўды жетилистириў, финанслық хызметлердиң ғалабалығын арттырыў миллий стратегиясын ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўды үйренип барыўы зәрүр.
Экономикалық реформалардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелеринде 2022-2026-жылларға мөлшерленген макроэкономикалық раўажландырыў бағдарламасының ислеп шығылыўы қоңсы мәмлекетлер менен кооперация байланысларын күшейтиў арқалы исбилерменликти раўажландырыў мәселелерин тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеўи мақсетке муўапық.
Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республикада өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын тастыйықлаў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте 18 мәселе, соның ишинде, 8 нызам додаланды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети.