Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жаңа ири санаат қуўатлықларын иске қосыў, сондай-ақ, бар кәрханалардың жумысы менен танысып, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 27-август күни Наўайы ўәлаятында болды.
Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы алдында Наўайы ўәлаяты Кармана районында мәмлекетимиздеги дәслепки қуяш фотоэлектр станциясы иске қосылды.
Сол мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Ҳәзирги күнге шекем, газ, нефть сыяқлы углеводлар энергиясынан пайдаланыў кең тарқалған. Бирақ олардың резервлери шекленген. Соның ушын елимизде қайта тикленетуғын энергия дәреклери раўажландырылмақта.
Бизге белгили, елимизде бир жылда орташа 320 қуяшлы күн бақланады. Қәнигелердиң есап-санақларына бола, Өзбекстанда қуяш станцияларын қурыў арқалы жәми 600 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты бар. Бул-мәмлекетимиздиң энергияға болған жәми талабынан 8 есе көп энергия ислеп шығарыў мүмкин дегени.
Сонлықтан, сырт ел инвесторлары тартылып, көплеген қуяш электр станциялары қурылмақта. Кармана районындағы станция олардан бириншиси болып есапланады.
Бул комплекстиң қурылысы өткен жылы басланған еди. 110 миллиион доллар инвестиция өзлестирилип, 300 мың қуяш панеллери орнатылды. Оның қуўатлылығы 100 мегаватт.
– Бул станция жаңа Өзбекстан энергетика системасында биринши үлкен қәдем, өз гезегинде, «биринши қарлығаш» болып, тараўдың раўажланыўында пүткиллей жаңа дәўирди баслап бермекте. Бул жерде жылына 252 миллион киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Оның есабынан 80 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленип, атмосфераға 160 мың тонна парланыўшы газлер шығыўының алды алынады,-деди Шавкат Мирзиёев.
«Nur Navoiy solar» деп аталған бул жойбар Бирлескен Араб Әмирлигиниң «Масдар» компаниясы тәрепинен әмелге асырылды. Президентимиз бул мәмлекет пенен өз-ара бирге ислесиў жылдан-жылға раўажланып баратырғанын айрықша атап өтти.
Тек ғана энергетика тараўында улыўма баҳасы дерлик 1,5 миллиард доллар болған 1 мың 700 мегаваттлы 6 жойбар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Наўайы ўәлаятының өзинде 2023-жылы «Масдар» компаниясы менен биргеликте 500 мегаваттлы самал станциясы ҳәм «Фанес групп» қатнасыўында 200 мегаваттлы қуяш станциясы қурылады.
Мәмлекетимиз басшысы фотоэлектр станциясының қурылысында қатнасқан сырт ел инвесторлары, барлық қурылысшы ҳәм қәнигелерге миннетдаршылық билдирди.
Бул станцияның әҳмийети сонда, халық ҳәм санааттың өсип баратырған талабын турақлы энергия менен тәмийинлейди. Баҳасы да арзан – 1 киловатт-саат ушын 2,67 АҚШ центи.
Және бир әҳмийетли тәрепи, усындай жойбарлар себепли елимизде жаңа өндирис бағдарлары, заманагөй технологиялар пайда болмақта.
Атап айтқанда, усы станцияның қурылысы ушын «Өзэлектраппарат» кәрханасынан электротехника үскенелери, «Өзбеккабель», «Эйч-Пи-Си системс» кәрханаларынан кабельлер, Бектемир металл конструкциялары заводынан таяныш үстинлер алып келинген.
Улыўма, бундай ири жойбарлар жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын жылына кеминде 1 миллиард долларлық жаңа базар, электротехника кластерин шөлкемлестириў ушын пухта тийкар жаратады.
Бул кластерде қуяш панеллери, кабель өнимлери, трансформаторлар, аккумуляторлар, электр двигательлери, самал электр станциясы ушын генератор ҳәм таяныш үскенелер ислеп шығарыўды локализациялаў мүмкин. Бул мыңлаған жаңа жумыс орынлары дегени.
Мәмлекетимиздиң экономикасы жедел раўажланып, оның қурамында өндиристиң үлеси артып бармақта. Халықтың турмыс дәрежеси өсип, электр техникаларынан пайдаланыў көбеймекте. Атап айтқанда, кейинги 5 жылда электр энергиясынан пайдаланыўшы исбилерменлердиң саны 25 процентке, олардың пайдаланыў көлеми болса 30 процентке көбейген.
Президентимиз экономика, соның ишинде, энергетиканы раўажландырыўға қаратылған режелерди де айтып өтти.
– Келеси 5 жылда экономикамыздың өсиўин 1,5 есеге арттырып, жалпы ишки өнимниң көлемин кеминде 100 миллиард долларға жеткериўди режелестиргенбиз. Бул бойынша орта ҳәм ири түрдеги мыңлаған жаңа өндирис кәрханалары иске қосылып, электр энергиясына талап 100 миллиард киловатт-саатқа жетеди. Бул сан ҳәзиргиден 30 миллиард киловатт-саатқа көп дегени.
Соның ушын электр энергиясы тараўында жаңа реформалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша жүдә үлкен режелер белгилеп алғанбыз. Соның ишинде, келеси 5 жылда баҳасы 6,5 миллиард доллар болған 19 жойбар есабынан қосымша түрде 11 мың 500 мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылады. 2030-жылға барып электр энергиясының өндирис қурамында қайта тикленетуғын дәреклер үлеси 30 проценттен артады. Электр энергиясын аймақларға жеткериў ушын 500 ҳәм 220 киловольтлы 3 мың километр жаңа электр тармақлары қурылады,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Соның менен бирге, ҳәзирги күнде төмен күшлениўли тармақлардың 66 проценти, подстанциялардың 74 проценти ҳәм трансформатор пунктлериниң 50 проценттен көбиреги ескирген. Соның ушын келеси бес жылда жәми 70 мың километр төмен күшлениўли электр тармақлары, 22 мың трансформатор ҳәм 100 ден аслам подстанциялардың жаңаланатуғыны атап өтилди.
Орайлық Азия еллери бирден-бир энергетика шынжырын шөлкемлестириў ҳәм бул тараўдағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жумыс алып бармақта. Усы мақсетте электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылатуғыны, регион энергия системасын өз-ара байланыстыратуғын магистраль тармақлардың қурылатуғыны мәлим етилди.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий қуўатланыдырыў түймесин ҳәрекетке келтирип, қуяш фотоэлектр станциясын иске қосты.
Илажға қатнасқан инженерлер ҳәм қурылысшылар, наўайылы нураныйлар ҳәм жаслар, сондай-ақ, сырт ел инвесторлары шығып сөйлеп, жаңа станцияның әҳмийети ҳаққында сөз етти.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев «Наўайыазот» акционерлик жәмийетине барды. Бул жерде еки завод – азот кислотасы және аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў кәрханаларының ашылыў мәресими болды.
Химия санааты мәмлекетимиз экономикасында тийкарғы драйверлерден бирине айланбақта. Бурын бул тармақ тийкарынан аўыл хожалығы ушын минерал төгинлер ислеп шығарып, ондай өнимлердиң үлеси тараўда дерлик 80 процентти қурайтуғын еди. Ҳәзирги күнде заманагөй полимерлер ислеп шығарылып атырғаны есабынан минерал төгинлердиң үлеси 10 процентке қысқарды, басқа тараўлар ушын таярланып атырған өнимлердиң көлеми болса 6 мәрте артты.
Кейинги бес жылда «Өзхимиясанаат» системасында товар өнимлериниң көлеми 4 мәрте артып, химиялық өнимлердиң экспорты 250 миллион долларға жетпекте.
Онда «Наўайыазот» акционерлик жәмийетиниң орны жүдә үлкен. Бул жерде мәмлекетимиз химия санааты өнимлериниң дерлик ярымы ислеп шығарылады, 9 мыңға шамалас инженер, технолог ҳәм маман жумысшылар мийнет етеди.
Жаңадан иске қосылған азот кислотасы және аммиак ҳәм карбамид кәрханалары тараўдың раўажланыўына қосымша пәт береди. Улыўма баҳасы 1,5 миллиард доллар болған бул жойбарлар «Наўайыазот»та өним ислеп шығарыў көлемин 3 есе арттырып, бул көрсеткишти жыллық 150 миллион доллардан 410 миллион долларға шекем алып шығады.
Өзбекстанға биринши мәрте алып келинген, ең алдыңғы технологиялар менен үскенеленген бул заманагөй комплекслер 60 жыл бурынғы ески қуўатлықлар орнын толық ийелейди.
Атап айтқанда, биринши кәрханада жылына 660 мың тонна аммиак ҳәм 578 мың тонна карбамид ислеп шығарылады. Онда бир тонна аммиак ислеп шығарыў ушын энергияның жумсалыўы 2,5 мәрте азаяды.
Екинши кәрханада болса жылына 500 мың тонна азот кислотасы ислеп шығарылып, электр энергиясының жумсалыўы 18 мәрте қысқарады.
Тек ғана, мине, усы еки жойбар есабынан ислеп шығарылып атырған азотлы төгинниң өзине түсер баҳасы 30 процентке азаяды.
– Бул санлардың артында кәрхананың мыңлаған мийнеткеш, пидайы жумысшылары, жоқары маман қәнигелердиң машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы мийнети жәмленген,-деди Шавкат Мирзиёев. Ҳәм оларға миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, азот кислотасы және аммиак ҳәм карбамид кәрханаларын иске қосты.
2019-жыл 28-декабрь күни Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекси иске қосылған еди.
Бүгин поливинилхлорид кәрханасының екинши басқышының қурылысы басланды. 400 миллион доллар қунға ийе болған бул жойбар поливинилхлорид ислеп шығарыў қуўатлылығын жылына 100 мың тоннадан 220 мың тоннаға, каустикалық соданы болса 75 мың тоннадан 165 мың тоннаға жеткериў имканиятын береди. Усы тәризде электротехника, мебель қурылысы, қурылыс материаллары санааты, турмыслық химия ҳәм басқа да тараўларда жылына талап жоқары болған 210 миллион долларлық өнимлер таярлаў жолға қойылады. Оны 2023-жылы иске қосыў мөлшерленген.
Әҳмийетли тәрепи- бул кәрхана арқалы «Наўайыазот» ҳәм «Электр химия заводы» негизинде ири, өз-ара интеграцияланған химия кластерин шөлкемлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы бул кластердиң потенциалын, перспективасын айрықша атап өтти.
– Бул кластерде жақын жылларда улыўма баҳасы 3,4 миллиард доллар болған 23 жойбар әмелге асырылады. Кластер шеңберинде 33 түрдеги жоқары қунлы өнимлер ислеп шығарылады. Атап атйқанда, жылдың ақырына шекем кластер шеңберинде химия, былғары, мебель қурылысы ҳәм қурылыс материаллыры өндириси ушын өним ислеп шығаратуғын 2 жойбар иске қосылады. Ең әҳмийетлиси, усы тийкарда «Наўайыазот»да қосымша 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары ашылады,-деди Президент.
Мәмлекетимиздеги экономикалық жойбарлар өз-ара ақылға уғрас байланысқан ҳәм бир-бирин толықтырады. Мәселен, 2030-жылға шекем 8 мың мегаватт қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў режелестирилген болып, бул жылына 5 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў имканиятын береди. Бул газ болса қайта исленип, жоқары қосымша қунлы өнимлер таярланады.
– Биз бурын тийкарынан пахта менен газ сататуғын едик. Ҳәзир шетке сатпай атырмыз, өзимизде қайта ислеп атырмыз. Керек болса, газ сатып алып атырмыз. Неге? Кәрханалар көбейип атыр, өним көбейип атыр,-деди Шавкат Мириёев.
Усы мақсетте келеси жыллары 6 химиялық технологиялық кластер шөлкемлестириў режелестирилген. Олардан бириншиси усы «Наўайыазот»дағысы.
Екинши кластер Бухара ўәлаятында жайласытырылады ҳәм бул жерде тәбийғый газден полиэтилентерефталат (ПЭТ), поливинилацетат (ПВА), полипропилен ҳәм басқа да полимерлер ислеп шығарылады. Усылар тийкарында таяр өним ҳәм буйымлар шығаратуғын онлаған заманагөй кәрханалар шөлкемлестириледи.
Үшинши кластер Қашқадәрья ўәлаятында Шортан газ-химия комплекси ҳәм Дийқанабад калий заводы тийкарында болады. Онда жуўыў ҳәм турмыслық химия қуралларының тийкарғы компонентлери, бимодал полиэтилен ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарылады.
«Ферғанаазот» негизинде болатуғын төртинши кластерде лак-бояўлар, мебель ушын меламин, тоқымашылық санааты ушын жасалма талшықлар ислеп шығарыў нәзерде тутылған.
Бесинши кластер Қарақалпақстан Республикасында, Үстирт аймағында жайластырылады. Онда кальцийленген сода, поливинилхлорид, полиэтилен ҳәм полипропилен ислеп шығарылады.
Алтыншы кластер Ташкент ўәлаятында шөлкемлестириледи. Онда моноаммонийфосфат, алтынкүкиртли карбамид, басқа да фосфорлы ҳәм азотлы минерал төгинлер, протеин, жуўыў қураллары таярланады.
Бул жойбарлардың нәтийжесинде 2026-жылға барып химиялық товар өнимлериниң көлеми ағымдағы жылға салыстырғанда 3 мәрте артады ҳәм 2030-жылы мәмлекетимиз ишки өниминиң 7 процентин қурайды.
Мәмлекетимиз басшысы бул тараўдағы үлкен жойбарлар ушын маман қәнигелер таярлаў зәрүр екенлигин атап өтти.
Сол мақсетте Ташкенттеги Улығбек қалашасында химия тараўында илимий ҳәм билимлендириў кластери шөлкемлестириледи. Бул кластер 4 жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм химия бойынша заманагөй илимий-изертлеў орайын қамтып алады.
Мәмлекетимиз басшысы поливинилхлорид ислеп шығарыў жойбарының екинши басқышы қурылысына тырнақ тасын қойды.
Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы ўәлаятына сапары ўақтында алыс Тамды районына да барды. Наўайы кән-металлургия комбинатының техноген шығындыларды қайта ислеў кәрханасының жумысы менен танысып, адамлар менен сәўбетлести.
Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискенге шекем Наўайы кән-металлургия комбинатында 2 завод болған болса, оннан кейинги жыллары 4 гидрометаллургия заводы қурылды. Нәтийжеде руданы қайта ислеў көлеми 3 мәртеге, өним ислеп шығарыў көлеми 2 мәртеге артты. Бул процессте, өз-өзинен, таў массасын қазып шығарыў да көбейеди ҳәм үлкен көлемде шығындылар пайда болады.
Жаңа кәрхана бул техноген шығындылардан алтын ислеп шығарыўға қәнигелескен. Соның ушын ол 7-гидрометаллургия заводы деп те аталады.
Наўайы кән-металлургия комбинатын 2026-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасына муўапық, улыўма баҳасы 3,4 миллиард долларлық 27 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген. Бул завод усы жойбарлардан бири болып есапланады.
Улыўма баҳасы дерлик 200 миллион доллар болған бул кәрхана жылына 15 миллион тонна техноген шығындыларды қайта ислеп, 7 тоннадан артық алтын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Итибарлысы, онда пайдаланылатуғын шығындылар 2040-жылға шекем жетеди.
Завод қурылысында жеңил конструкциялар ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан пайдаланылған. Бурын сырттан алып келинетуғын көплеген әсбап-үскенелер ҳәм комплектлеўши материаллар локализацияланған. Атап айтқанда, олар Наўайы машина қурылысы заводы ҳәм кән басқармаларындағы цехларда таярланбақта. Химиялық қайта ислеў процесинде де жергиликли өнимлерден пайдаланылмақта.
Олар өзине түсер баҳаны және де арзанлатыўда әҳмийетли фактор болып атыр.
Кәрханада 1 мың 100 ден артық адам жумыс пенен тәмийинленди. Бул жерге Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтын тамамлаған жас қәнигелер ҳәм жергиликли халық қабыл етилди.
Президентимиз кәрхана жәмәәти, тамдылы белсендилер, жаслар менен сөйлести.
– Кейинги 4 жылда елимизде жер асты байлықларын өзлестириў жумыслары 30 процентке артты. Санаатымызға жаңа, алдыңғы технологиялар кирип келди. Ең әҳмийетлиси, бул заманагөй кәрханаларда ислей алатуғын билимли қәнигелер жетисип шығып атыр. Мәмлекетимиз ушын жер асты байлықларынан да қәдирли байлық бул – сизлерсиз, – деди Шавкат Мирзиёев жасларға қарата.
Бул жерде Наўайы кән-металлургия комбинатында әмелге асырылып атырған жойбарлардың презентациясы да өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы журналистлер менен де сәўбетлесип, бүгин иске қосылған кәрханалардың экономикалық нәтийжелилиги, санаат тараўындағы режелер ҳаққында айтып берди.
Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,
Абдували БЎРИЕВ,
ӨзАның хабаршылары