Бүгин Өзбекстан параолимпиада спорт делегациясы усы жылдың 24-август – 5-сентябрь күнлери Японияның Токио қаласында болып өтетуғын XVI жазғы Параолимпиада ойынларында қатнасыў ушын күншығыс елине жол алды.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы Өзбекстан миллий паралимпиада комитетинде мәртлик ҳәм ерк-ықрар тымсалы болған спортшыларымызды салтанатлы шығарып салыў мәресими болып өтти.
Ата-аналар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, спорт ветеранлары XVI жазғы Параолимпиада ойынларының елимиздиң спорт өмириндеги әҳмийети, күшли ерк-ықрар ҳәм күш-ғайрат тымсалы болған параатлетлеримиздиң усы абыройлы жарыс жолламаларын қолға киргизиў жолындағы жанкүйерлиги миллионлаған жасларымызға ибрат мектеби екенлигин атап өтти.
Мәмлекетимизде физикалық имканияты шекленген инсанларға спорт пенен шуғылланыў ушын зәрүр шараят жаратыў, олардың халықаралық спорт майданларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслардың системалы алып барылып атырғанлығы нәтийжесинде параспортшыларымыз тек ғана спорт жарысларында емес, ал күнделикли турмысымызда да саламат турмыс тәризи принциплериниң үлкен үгит-нәсиятлаўшылары болып ортаға шықты. Қалаберди, олар халықаралық жарысларда, олимпиада ҳәм континент ойынларында Ўатанымыздың спорт потенциалын жоқарылатып келмекте.
Жаңа Өзбекстанның айдын келешегине үлкен исенимлилик сезими менен жасап атырған, спорт майданларында мәмлекет байрағын жоқарылатыў арзыў-нийетлерин кеўлине жәмлеген 48 параспортшымыз эпидемиологиялық қурамалы жағдайға қарамастан 16-паралимпиада ойынларының 55 жолламасын қолға киргизгенлиги Өзбекстан спорт тарийхында итибарлы ўақыя болды. Параолимпиадашыларымыз Токио спорт майданларында 8 спорт түринде жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.
– Быйыл карантин шеклеўлери болыўына қарамастан мәмлекетимиз тәрепинен биз, спортшыларға шынығыўларда қатнасыў, параолимпиада сайлап алыў жарысларында қатнасып, жолламаларды қолға киргизиўимизге барлық шараят жаратып берилди. Өткен жылы Доҳада өткерилген олимпиада сайлаў турниринде Токио жолламасына еристим. Мақсетим Токио ойынларында жеңимпаз болыў. Егер минберден орын ийелесем, жеңисим себепли Өзбекстан байрағы көтерилсе, бул дүньяда меннен бахытлы инсан болмайды,-дейди толқынланып пара жеңил атлетиканың ядро ылақтырыў бағдары бойынша сайланды команда ағзасы Муҳаммед Рихсимов.
Илаж даўамында, сондай-ақ, Өзбекстан спорт ветеранлары кеңесиниң баслығы Б.Махситов, спортшы Н.Қурбонова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Токиода өткерилип атырған параолимпиада жарысларында мәмлекетимиздиң спортын улығлаўға атланған делегация ағзаларына әўметлер тиледи.
Токио қаласына жол алып атырған елимиздиң спорт делегациясын шығарып салыў мәресиминде Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувохитов қатнасты.
Тўлқин Рўзиев,
ӨзАның хабаршысы