Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Миллий комиссия баслығы Танзила Норбоева алып барған мәжилисте адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша 2021-жылдың 1-ярымында әмелге асырылған жумыслар, көрилген илажлар және бул бағдарларда еле шешимин күтип атырған мәселелер додаланды.
Өткен дәўир даўамында тараўда миллий нызамшылық тийкарларын жетилистириў процеси избе-из даўам еттирилди. Атап айтқанда, 2 нызам, Президент пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилип, әмелиятта қолланылды. Халықаралық мийнет шөлкеминиң «Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына жәрдемлесиў тийкарлары ҳаққында»ғы конвенциясы ратификацияланды. Өзбекстанда биринши мәрте адам саўдасынан жәбирленген ямаса адам саўдасынан жәбирленген деп болжанып атырған шахсларды миллий дәрежеде қайта бағдарлаў системасы енгизилди.
Мәжилисте адам саўдасы жәбирлениўшилерине жәрдем көрсетиў, оларды реабилитациялаў, сондай-ақ, сырт елдеги пуқараларымыздың мәплерин қорғаў мәселелерине де айрықша тоқтап өтилди. Адам саўдасынан жәбирленген, узақ мүддет сырт елде болып қайтқан ҳәм депортацияланған ҳаял-қызларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилгени атап өтилди.
Итибарлы тәрепи, елимизде адам саўдасы, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де кең түрде тән алынбақта. Соның ишинде, Халықаралық мийнет шөлкеми, Халықаралық миграция шөлкеми, Жәҳән банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Европа Аўқамы, АҚШ Мәмлекетлик департаменти, Мийнет министрлиги бул бағдардағы ҳәрекетлерди мүнәсип баҳаламақта.
АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң жыллық есабатындағы усынысларды әмелиятта қолланыў мәселелери де додаланып, бул бойынша тийисли «Жол картасы»н ислеп шығыўға келисилди.
Сондай-ақ, мәжилисте адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша өз шешимин күтип атырған мәселелерге итибар қаратылды. Айырым жергиликли атқарыў уйымлары, министрликлер ҳәм уйымлардың төменги структураларының басшылары тәрепинен мәжбүрий мийнетке тартыў жағдайлары елеге шекем бақланып атырғаны сынға алынды.
Мысалы ушын, есап бериў дәўиринде Мийнет инспекциясы тәрепинен орынларда хызметкерлерди өзиниң функциональ ўазыйпасына кирмейтуғын жумысларға тартыў бойынша 41 жағдай анықланған. Тараўлар бойынша айтқанда, мәжбүрий мийнет жағдайларының айырымы халық билимлендириўи, банк-финанс, медицина, транспорт ҳәм абаданластырыў тармақларында ушыраспақта.
Мәжилисте усы жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде мәжбүрий мийнетке жол қоймаў, мийнет қатнасықларын дурыс рәмийлестириў, теримшилер ушын қолайлы мийнет ҳәм дем алыў шараятларын жаратыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған мәселелер де додаланды.
Өз гезегинде, орынларда адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша аймақлық комиссиялардың есабатлары тыңланды.
Күн тәртибинде додаланған мәселелер бойынша Миллий комиссияның тийисли қарары қабыл етилип, келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Нурилло Насриев,
ӨзАның хабаршысы