Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлардың көлемин кеңейтиў, коронавирус пандемиясы дәўиринде пуқараларды социаллық қорғаў ҳәм мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаўды буннан былай да күшейтиў, олардың дәраматларын избе-из арттырып барыў мақсетинде:

  1. 2021-жылдың 1-сентябринен баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары 1,1 есеге арттырылсын.
  2. 2021-жылдың 1-сентябринен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – айына 822 000 сум;

базалық есаплаў муғдары – айына 270 000 сум;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 289 000 сум;

жасқа байланыслы ең аз пенсиялар – айына 565 000 сум;

балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – айына 622 000 сум;

зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 440 000 сум;

жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 440 000 сум;

белгиленген жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдарынан 623 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы ҳәм майыплығы бойынша пенсияларының муғдары – айына 623 000 сум;

1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерьлериниң жас өспирим бурынғы қамалғанлары ҳәм Ленинград қаласының қоршаўға алынған дәўиринде жумыс ислеген шахслардың ең аз пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 2 750 000 сум етип белгиленсин;

бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыўшылардың биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары – айына 440 000 сум етип белгиленсин ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленсин;

бағыўшысынан айырылған папақа алыўшылардың биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақаның муғдары – айына 440 000 сум ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын 165 000 сумнан қосылатуғыны белгиленсин.

  1. Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақылары, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақаларының арттырылыўына байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет ҳәм Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қаржылары есабынан қаплансын.

Жумыс бериўшилерге мийнет ҳақы муғдарларын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан аз болмаған ҳалда төлеўди тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарларын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына муўапық арттырыў усыныс етилсин.

  1. Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2021-жыл 1-сентябрьден қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Кучкаровқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-ноябрьге шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 17-август