Пайтахт аэропорты. Саат 20:40 ты көрсетпекте. Японияның Токио қаласында өткен XXXII жазғы Олимпиада ойынларында жанажан Ўатанымыз – Өзбекстанның даңқын, мәртебесин дүньяға танытқан спортшыларымыз мәмлекетимизге қайтып келмекте.

Усы мүнәсибет пенен бул жерге жыйналған кең жәмийетшилик ўәкиллери, спортшылар, олимпиадашылардың ата-аналары, туўысқанлары, журналистлер, спортымыз ветеранлары, ҳәммениң жүрегинде үлкен толқынланыўшылық пенен қуўаныш.

Спортшыларымызды узақ Токиодан алып киятырған самолёттың пайтахт аэропортына қоныўына 15 минут ўақыт бар. Гүл көтерген ўатанласларымыздың қуўанышы шексиз. Әсиресе, «Токио-2020» ойынларында Өзбекстан байрағын жоқары көтерген спортшыларымыз – Баҳодир Жалолов, Улуғбек Рашитов, Акборжон Жўраев, Давлат Бобонов, Бекзод Абдураҳмоновтың туўысқанлары оғада қуўанышлы.

Саат 21:00 ди көрсетти. Жеңимпаз спортшыларымызды Токиодан алып келген арнаўлы авиалайнер Ташкентке қонғанлығы жәрияланды. Жүреклер қуўаныштан толқынланды. Токио спорт майданларында елимизди улығлаған спортшыларымыз мәмлекетимиздиң байрағын бәлент көтерген ҳалда ана Ўатан жерине қәдем таслайды. Кернай-сурнай намалары жаңлады. Токио олимпиадасының қаҳарманларына гүллер берилди…

Ташкент аэропортының кең майданында шөлкемлестирилген мәресимде шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева, Өзбекстан халық шайыры М.Тоир, Өзбекстан халық артисти Ё.Саъдиев, 32-олимпиада ойынларының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери, олардың аналары жас аўладты интеллектуал потенциаллы инсанлар етип тәрбиялаў, талантын көрсетиўи ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараятлар нәтийжесинде қолға киргизилип атырған жетискенликлер, атап айтқанда, дүньядағы қыйын эпидемиологиялық жағдайға қарамастан Токио олимпиадасында спортшыларымыздың мәртлик көрсеткенин айрықша атап өтти.

– Қуўанышымыздың шеги жоқ. Ҳәммеси ушын үлкен рахмет, – дейди Олимпиада ойынларының жеңимпазы Баҳодир Жалолов. – Мәмлекетимиз, жеке Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен биз, спортшыларға көрсетилген ғамқорлық, айрықша итибар, жаратып берилген шараятлардың нәтийжесинде бул жеңиске еристик. Мениң алтын медалым Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына саўға болып есапланады.

-Токио олимпиадасын үлкен толқынланыўшылық пенен бақлап бардым, – дейди таэквондо бойынша олимпиада чемпионы Улуғбек Рашитовтың анасы Оксана Рашитова. – Оғада қуўанышлыман. Ҳәр бир ана өз перзентиниң Ўатаны ушын гүресиўин, жеңимпаз болыўын, байрағы көтерилиўин, гимни жаңлаўын қәлейди. Улуғбек исенимимизди ақлады. Оны жеңиске жетиўи ушын қоллап-қуўатлаған тренерлерине рахмет. Спортшыларымыздың шуғылланыўы ушын жаратылған барлық шараят, ҳәттеки, биз, ата-аналарға көрсетилген материаллық ҳәм мәнаўий итибар ушын мәмлекетимизден шексиз миннетдарман.

«Токио-2020» ойынларында мәртлик көрсеткен спортшылар, тренерлер, қәнигелер ҳәм олардың туўысқанлары Өзбекстан байрақлары менен безелген автобусларда пайтахтымыздың Бабур, Нөкис, Айбек, Ш.Рашидов, И.Кәримов атындағы көшелери ҳәм Әмир Темур қыябаны бойлап избе-из жолға шықты. 32-олимп майданында Ўатанның абыройын улығлағанларды халқымыз, мыңлаған жас спортшылар жол шетинде турып күтип алды, қутлықлады.

Өзбекстан спорт тарийхында 19 жаслар спортшымыз Улуғбек Рашитов Токио олимпиадасында мәмлекетимизге алтын медаль алған биринши спортшыға айланды. Оның жарқын үлкен жеңиси себепли дүнья спорт сахнасында гимнимиз жаңлады.

Аўыр атлетикашымыз Акборжон Жўраев «Токио-2020» Олимпиада ойынларында Өзбекстанға екинши алтын медальды алып берди. Ол 109 килограмм салмақ категориясындағы спортшылар жарысында дәс көтериўде 193 килограмм, силкип көтериўде 237 килограмм штанга көтерип, улыўма есапта 430 килограмм нәтийжени көрсетип, «Токио-2020» Олимпиада ойынларының алтын медалына ийе болды.

Дзюдошымыз Давлат Бобонов ҳәм екрин гүресшимиз Бекзод Абдураҳмоновтың олимпиада ойынларындағы қыйын гүреслер нәтийжесинде бронза медалының ийелери болыўы ҳәм алпамыслар әўлады Баҳодир Жалолов «Токио-2020»ның соңғы күнинде 32-олимпиада ойынларының алтын медалын қолға киргизиўи халқымыздың мақтанышын жоқарылатып ғана қалмастан, ҳәммемизде бир мақсет- Өзбекстанның ертеңги келешеги, жаңа жеңислери жолында бирлесиў принципин жүрегимизде жайластыра алды.

Миллий Олимпиада комитетинде 32-олимпиада ойынларында жеңиске ерискен спортшыларымызды сыйлықлаў мәресими өткерилди. Токио спорт майданларында медальларға ийе болған ҳәр бир спортшымызға Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғалары- жеңил автомашиналар ҳәм турақ жайлардың гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.

Жеңиске ерискен спортшыларымызды күтип алыў ҳәм сыйлықлаў мәресимлеринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувохитов, Өзбекстан Республикасының Бас Министри А.Арипов қатнасты.

 

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзА