Жаңа китап

Ҳәммемизге белгили, 2020-жыл пүткил инсаният тарийхында аўыр сынақ дәўири сыпатында жазылды. 2019-жылы пайда болған «COVID-19» кеселлигиниң тез пәт пенен пүткил жер жүзи бойлап тарқалып, дүнья халқын тәшўиш ҳәм қорқыўға салып қойды.

Бул жуқпалы кеселлик елимизди де шетлеп өтпеди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен берилген көрсетпелер тийкарында елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, халықты социаллық қорғаў, аймақларда санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў бойынша қысқа ўақыт ишинде комплексли илажлар белгиленди.

Тилекке қарсы, пүткил жер жүзи коронавирус пандемиясының қәўпинде турған бир жағдайда, Бухара ўәлаятында жүз берген күшли самал, Сырдәрья ўәлаятында суў тасқынын келтирип шығарған үлкен апатшылықлар халқымыздың мәртлигин және бир мәрте сынақтан өткерди.

Көпти көрген, қыйыншылықларда қатайған халқымыз бул апатшылықларды да жарқын жүз бенен жеңип өтти.

Жақында «Өзбекстан» редакциясында басып шығарылған «Апатшылық ҳәм мәртлик» атлы жаңа китапта қыйын пандемия шараятында елимизде болып өткен тарийхый процесслер, атап айтқанда, мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен бул апатшылыққа қарсы гүресиў мақсетинде ислеп шығылған жедел ҳәм әҳмийетли илажлар, әмелге асырылған жақсы ҳәм ийгиликли басламалар, күтилмеген тәбийғый ҳәм техноген апатшылықларды үлкен мәртлик, сабыр ҳәм күш-ғайрат пенен жеңип өткен кеңпейил ҳәм уллы мәртебели халқымыздың жақсы пазыйлетлери ҳаққында сөз етиледи.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул салмақлы басылым еле дүнья көлеминде даўам етип атырған қыйын пандемия шараятында барлығымызды сергек болыўға, сынаўлы күнлерден мүнәсип жуўмақ шығарып, арттырылған турмыслық билим ҳәм тәжирийбелерден пайдаланыўға шақырады.

 

ӨзА