31-июль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте Ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Дәслеп сенаторлар Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  бойынша мәмлекетлик комитетиниң мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын дарақ ҳәм путалардың кесилиўине байланыслы мәселе бойынша мәлимлемени тыңлады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы ПП-6155-санлы Пәрманы менен республика аймағында мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын дарақ ҳәм путалардың баҳалы сорталарының кесилиўине енгизилген мораторийдиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 31-декабрьге шекем созылған.

Соның менен бирге, аймақлық экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў уйымларының мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын дарақ ҳәм путаларды кесиў ҳаққындағы шешимлерине қарамастан, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен дарақ ҳәм путаларды кесиўге нызамсыз рухсат берилиўиниң бақланып атырғаны атап өтилген.

Бул мәселе кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының наразылықларын келтирип шығармақта. Соның ишинде, 2021-жылдың өткен дәўири даўамында электрон ғалаба хабар қуралларында мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын дарақлардың кесилиўине байланыслы 41 материал жәрияланған.

Атап өтилгениндей, 2021-жылдың биринши ярым жыллығында республикада дарақ ҳәм путалардың нызамсыз кесилиўине байланыслы 2 597 ҳуқықбузарлық жүз берген ҳәм өсимликлер дүньясына 6,7 миллиард сум зыян жеткерилген. Ашынарлысы, анықланған ҳуқықбузарлықлар нәтийжесинде 2 407 баҳалы сортлы дарақ, 2 109 сы төмен баҳалы дарақ, 1 744 м3 путалар нызамсыз кесилген.

Бул бағдарда дарақ ҳәм путалардың нызамсыз кесилиўи ҳәм зыян жеткерилиўине байланыслы ең көп жағдайлар Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Қашқадәрья, Наўайы, Ташкент ўәлаятларының үлесине туўра келген.

Бүгинги күнде дарақлардың хатлаўы ҳәр бес жылда бир мәрте өткериледи, бул республикада тоғай фондына кирмейтуғын дарақлардың кесилиўине байланыслы жағдайлардың көбейиўине ҳәм анық статистикалық мағлыўматлардың жүргизилмеслигине себеп болмақта.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын дарақлар ҳәм путаларды кесиўдиң алдын алыў, қоршаған орталық ҳәм экологияны қәстерлеп сақлаў, жәмийетшиликтиң наразылықларына себеп болыўшы бул жағдайлардың алдын алыў мақсетинде системалы жумысларды шөлкемлестириўге қаратылған илажларды және де күшейтиў бағдарында пикир-усыныслар билдирилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Бүгинги күнде сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы қатнасықлар 20 ға шамалас нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен пытыраңқы ҳалда тәртипке салынады ҳәм бул бағдарда әмелге асырылыўы керек болған барлық илажлар нызамшылықта нәзерде тутылмаған.

Соның ушын республика халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы бирден-бир ҳуқықый нормаларды енгизиў зәрүр.

Жоқарыда атап өтилгенлерди есапқа алып ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызамы ислеп шығылды.

Ҳүжжет пенен мәмлекетлик уйымлардың, атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўәкилликлери белгиленбекте. Сейсмикалық қәўипсизлик тәмийинленетуғын объектлердиң классификациясы ҳәм имарат пенен объектлердиң сейсмикалық беккемлиги бойынша тексериў, сондай-ақ, жер силкиниўлериниң жүз бериў итималын анықлаў тәртиби де белгиленбекте.

Буннан тысқары, Нызам менен күшли жер силкиниў ақыбетлерин сапластырыў, күшли жер силкиниўлер нәтийжесинде зыян көрген объектлерди тиклеў – мәмлекетлик бюджет, халықаралық финанс институтларының қаржылары ҳәм басқа да қадаған етилмеген дәреклер есабынан әмелге асырылыўы, сондай-ақ, пуқаралардың сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленбекте.

Улыўмаластырып айтқанда, нызам республика халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм әмелдеги нызамшылықтағы бослықларды сапластырыўға, соның менен бирге, сейсмикалық беккем имаратлар қурылысының сапасы үстинен қадағалаўға хызмет етеди.

Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар тәрепинен «Жер участкаларын ажыратыў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ, жерлерди есапқа алыў ҳәм мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызам менен 6 кодекс ҳәм 12 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Онда:

– нызамлар тийкарғы түсиниклер сәўлелендирилген өз алдына статья менен толықтырылған;

– районлық, қалалық мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ийелик етиўге, пайдаланыўға ҳәм ижараға жер бериў, жер участкаларын саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўы объектлери менен биргеликте юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге мүлк етип реализациялаў ҳәм жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын ким зият саўдасы тийкарында пуқараларға реализациялаў сыяқлы ўәкилликлер бийкар етилмекте;

– юридикалық тәреплердиң жер участкаларына болған турақлы ийелик етиў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў, сондай-ақ, физикалық тәреплердиң жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў ҳуқықлары шығарып тасланбақта;

– жер участкаларын шәртнама тийкарында ижараға бериў ушын тийкар болатуғын жағдайлар ҳәм ижараға бериў мүддетлери анық белгилеп берилмекте;

– нызам менен анық белгиленген жағдайларда аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын Министрлер Кабинетиниң қарары менен тиккелей ажыратыўға рухсат берилмекте;

– жер участкаларын ажыратыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў үстинен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыўдың жаңа механизми енгизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде аўыл хожалығы, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы тараўындағы жер қатнасықларының жетилистирилиўине, жер участкаларына болған ҳуқықлардың оптималластырылыўына, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди, әсиресе, суўғарылатуғын жерлердиң қорғалыўына, жер участкаларын бериўде ашық-айдынлықтың тәмийинлениўине ҳәм коррупция жағдайларының азайыўына, жер ажыратыўда бирден-бир шахс тәрепинен қарар қабыл етиў механизминиң сапластырылыўына хызмет етеди. Бул болса жерге мүлк ийесиниң ҳуқықын беккемлейди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы менен кеселленгенлердиң саны, сондай-ақ, өлим жағдайларының саны барған сайын көбейип бармақта. Халықтың ғалабалық вакцинациясы усы кеселликке қарсы гүресиўдиң нәтийжели илажларынан бири болып есапланады.

«Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы әмелдеги нызамларда санитариялық-гигиеналық илажлар ҳәм эпидемияға қарсы илажлар шеңберинде профилактикалық шаншыўлар өткериўди енгизиў илажлары нәзерде тутылған. Онда пуқара ямаса оның нызамлы ўәкили медициналық араласыўдан бас тартыў ямаса оның тоқтатылыўын талап етиў ҳуқықына ийе екени белгиленген (әтираптағылар ушын қәўипли кеселликке шатылған шахсларға бул келисимсиз медициналық жәрдемниң көрсетилиўи буған кирмейди).

Бирақ бул нызамда жуқпалы кеселликлердиң тарқалыў қәўпи бар болған жағдайда халықты профилактикалық шаншыўдан өткериў енгизилиўи мүмкин екенлиги бойынша норма жоқ.

Жоқарыдағылардан келип шығып, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы ислеп шығылды.

«Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызамның 28-статьясында карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлердиң тарқалыў қәўпи бар болған жағдайда Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитария врачының қарары тийкарында нызамшылықта белгиленген тәртипте халықты профилактикалық шаншыўдан өткериў енгизилиўи мүмкин екенлиги ҳаққында анық норма киргизилмекте;

Нызамның қабыл етилиўи коронавирус инфекциясының жаңа толқынларының алдын алыў ушын халық арасында ғалабалық вакцинацияны шөлкемлестириўдиң нызамлы тийкарларын және де беккемлеўге ҳәм жуқпалы кеселликлердиң тарқалыў қәўпи болған жағдайда профилактикалық шаншыў өткериўди енгизиў бойынша әмелдеги нызамшылықтағы бар кемшиликлерди сапластырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, Сенаттың 2021-жыл апрель айында болып өткен он төртинши жалпы мәжилисинде лицензиялаў, рухсат бериў, хабардар етиў, мәселелери мәниси жағынан гөнерген ҳәм пытыраңқы нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салып келингени себепли заман талапларына сәйкес келетуғын ҳәм әпиўайыластырылған бирден-бир нызам мақулланған еди.

Ҳүжжет пенен миллий нызамшылығымызда өз орнына ийе мақулланған бул нызам әмелдеги 70 түрдеги лицензияланатуғын жумыс ҳәм 34 түрдеги рухсатнамаларды бийкарлаўы менен бирге, лицензия ҳәм рухсатнамалардың тараўын тәртипке салатуғын 33 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў керек екенлиги талабын да келтирип шығарған.

Соның ишинде, «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызамға да өзгерислер киргизилип, әмелдеги нызамдағы банк тәрепинен филиалды шөлкемлестириўге байланыслы Орайлық банктен рухсатнама алыў тәртиби бийкар етилип, орнына Банклер өз филиалы ямаса банк хызметлери офисин ашқаны ҳәм сапластырғаны ҳаққында Орайлық банкти белгиленген тәртипте хабар етеди, деп белгиленбекте.

Лицензиялаўдан тысқары басқа да рухсат бериў тәртип-қағыйдалары ямаса хабардар етиў тәртиби әмел ететуғын жумыстың басқа да түрлеринен де нызамға қайшы келетуғын тәризде көп муғдарда дәрамат алыў мүмкин екенлигин есапқа алып, олар ушын нәтийжели жуўапкершилик механизмлерин белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, «Денетәрбия ҳәм спорт ҳаққында»ғы, «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы, «Баҳалаў жумысы ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар нызамларға өзгерислер киргизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи исбилерменлик орталығын жеделлестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғын лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларына байланыслы нызамлардың нәтийжелилиги артыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Он жетинши жалпы мәжилисте сенаторлар «Интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Бул нызам интеллектуаллық мүлк объектлерине талапнама тапсырыўшылардың талабын толық түрде есапқа алыў, тараўда жәҳән тәжирийбесин табыслы әмелге асырыў, тараў бойынша халықаралық рейтинглердеги орнын беккемлеў, авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар тараўындағы ҳүжжетлердиң талапларын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған.

Ҳүжжетде Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси, «Ойлап табыўлар, пайдалы модельлер ҳәм санаат үлгилери ҳаққында»ғы, «Товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери ҳәм товар келип шыққан орынның атамалары ҳаққында»ғы, «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Қалаберсе, интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў процесине оператив экспертизаны енгизиў, интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериў мүддетлерин сезилерли дәрежеде қысқартты, сондай-ақ, авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар тараўында мүлклик ҳуқықларды қорғаў мүддетин созыў, жеткерилген зыян ушын ақша муғдарының белгилениўи сыяқлы мәселелер өз сәўлелениўин таппақта.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Есап палатасы жумысының жетилистирилип атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

«Бюджет процесиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен Өзбекстан Республикасы Есап палатасына бюджет системасына қаржылар түсиминиң толық екенлигин үйрениў ҳәм бюджеттиң ашық-айдынлығын қадағалаў ўазыйпасы белгиленген еди.

Усы мүнәсибет пенен нызамда Есап палатасы тәрепинен бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртибине әмел етилиўин тәмийинлеў бағдарындағы нормалар белгиленген. Бул нормалар бюджеттен тысқары мақсетли қорлар қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм мақсетли пайдаланыў мәселелерине де тийисли болып есапланады.

Сондай-ақ, жаңа редакцияда қабыл етилген «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызам менен Есап палатасына мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң дурыс қолланылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўы жүкленген.

Соннан келип шығып, нызам менен мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәмлекетлик қаржылардан нәтийжели ҳәм мақсетке муўапық пайдаланыў үстинен финанслық қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби белгиленбекте.

Нызамға бола, ендигиден былай Есап палатасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ишки қадағалаў системасын өз ўақтында енгизиўге ҳәм оның нәтийжели жумыс ислеўине тосқынлық етип атырған факторларды анықлайды, сондай-ақ, оларды системалы түрде таллап, олардың нәтийжелери бойынша мәлимлеме киргизиўи белгиленбекте.

Қалаберди, нызамда Есап палатасына жасырын экономиканы қысқартыўға қаратылған илажлардың орынланыўын қадағалаўға байланыслы болған ўазыйпалар белгиленген.

Нызам менен Есап палатасының бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртибине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў тараўындағы функциялары белгиленген.

Атап өтилгениндей, нызам менен Есап палатасының жумысын ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдағы бар кемшиликлер сапластырылған.

Улыўма, нызам миллий әмелият ҳәм сырт мәмлекетлердиң көп жыллық унамлы  тәжирийбесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылған болып, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларының орынланыўы үстинен және  бюджет системасы бюджетлерине ҳәм басқа да қорларға қаржылардың толық түсиўи ҳәм бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртибине  әмел етилиўи, экономикада жасырын экономиканың қысқартылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўды тәмийинлейди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Зайтун майы ҳәм зайтун мийўеси ҳаққындағы халықаралық келисимге (Женева, 2015-жыл 9-октябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы нызам  көрип шығылды.

Келисимниң тийкарғы мақсети зайтун жетистириў  тараўындағы миллий ҳәм халықаралық  нызамшылықты үйлестириў, мәлимлеме алмасыўға жәрдем бериў, илмий-изертлеў жумысларын муўапықластырыў, зайтун мийўесин жетистириў ҳәм зайтун  майын ислеп шығарыў тараўындағы техникалық  бирге ислесиўди ҳәм изертлеўлерди хошаметлеўден ибарат.

Додалаўларда Өзбекстанда бул бағдарда үлкен имканият бар екенлиги атап өтилди. Мәселен, зайтун  мийўеси Сурхандәрья ўәлаятының Жарқорған ҳәм Алтынсай районларында  және Ферғана ўәлаятының Үшкөпир районында  дерлик 20 гектар майданда жетистириледи. Соның менен бирге, мәмлекетте зайтун жетистириў ҳәм оны қайта ислеўдиң аўыл хожалығы техникасы бойынша   илимий тийкарланған стандартлар ҳәм усыныслар еле жоқ.

Сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық келисимге қосылыўы мәмлекетимизде санаатты және де раўажландырыў ушын бир қатар имканиятларды ашып беретуғынын, соның ишинде, жаңа зайтун плантацияларын шөлкемлестириў, оларды қайта ислеў кәрханаларын иске қосыўды, соның ишинде, сырт мәмлекетлер менен тығыз  илимий-техникалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў арқалы иске қосыў ушын бир қатар имканиятлар жаратылатуғынын атап өтти.

Ҳүжжет мәмлекетимиздиң халықаралық миннетлемелери  ҳәм ишки нызамшылығына қайшы келмеўи ҳәм Өзбекстан Республикасының тийкарғы мәплерине  толық жуўап бериўи атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң айырым  қарарларын үйрениў нәтийжелери ҳаққындағы  мәселесин додалады.

Бул мәселе Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети тәрепинен үйренип шығылған. Яккабоғ районы ҳәкиминиң 2020-жыл 18-майдағы қарарына тийкарланып «Қоплон дара шаҳзодаси» ЖШЖ түриндеги  агрофирмаға қояншылықты раўажландырыў ушын район фондынан узақ  мүддетли ижара шәртнама тийкарында 17,0 гектар жер майданы ажыратылған.

Буннан соң район ҳәкимлиги және «Қоплон дара шаҳзодаси» ЖШЖ түриндеги агрофирма арасында 49 жыл мүддетке жер ижара шәртнамасы дүзилген. Бирақ халық депутатлары Яккабоғ районлық Кеңесиниң  2021-жыл 23-марттағы қарарына тийкарланып болса «Қоплон дара шаҳзодаси» ЖШЖ түриндеги агрофирма және бир қатар фермер хожалықларына жер майданларын ажыратыў ҳаққындағы район ҳәкиминиң қарарлары бийкар етилип,  жер майданлары районлық резерв фондына қайтарылған.

Үйрениўде анықланғанындай, бул қарарлар әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине қайшы түрде қабыл етилген.

Соған уқсас жағдай Узун районы ҳәкиминиң 2020-жыл 26-марттағы қарарында бақланады. Оған бола, пуқара И.Муртазаевқа пахта-ғәллешилик бағдарындағы фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын 52,7 гектар жер майданы ажыратылған. Соннан кейин  2020-жыл 11-апрельде район ҳәкимлиги  ҳәм «Замин Султан Барака» фермер хожалығы басшысы И.Муртазаев арасында жерден пайдаланыў бойынша 31 жылға мөлшерленген ижара шәртнамасы дүзилген.

Бирақ халық депутатлары Узун районлық Кеңесиниң  2020-жыл 9-ноябрьдеги «Райондағы пахта-ғәлле егиси ушын ажыратылған жер майданларынан нәтийжели-ақылға уғрас пайдаланыўды жолға қойыў ҳаққында»ғы қарары менен «Замин Султан Барака» және  35 фермер хожалығы менен дүзилген жер  ижара шәртнамалары мүддетинен алдын бийкар етилип, жер майданлары район ҳәкимлигиниң резервине қайтарылған.

Көрилген мәселе бойынша Сенат қарары қабыл етилди.

Он жетинши жалпы мәжилисте халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша парламентлик  қадағалаўды күшейтиў мәселелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда усы жылдың 23-июль күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде физикалық ҳәм юридикалық  тәреплердиң  мүрәжат етиўлерине  мәжбүр етип атырған машқалаларды мәҳәллениң ямаса аймақлардың өзинде шешиў системасы толық жолға қойылмағанлығы қатты сын көзқараста талланып, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын  жаңаша шөлкемлестириў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Атап өтилгениндей, Сенат комитетлери тәрепинен терең  талланған ҳалда министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары  басшыларының мәлимлемелерин сын көзқараста көрип шығады және  парламентлик қадағалаўды күшейтип барады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары, ўәлаятлық ҳәм  Ташкент қалалық Кеңеслерине ҳәр шеректе  тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң мәлимлемесин тыңлаў ҳәм сын көзқарастан додалап, сондай-ақ, жәмийетте қызғын бәсекилерге себеп болған мүрәжатлар бойынша  жедел тыңлаўлар шөлкемлестирген ҳалда жуўапкер шахслардан түсиник талап етип, кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў усыныс етилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине пуқаралардан ең көп келип түсип атырған мүрәжатлар, социаллық тармақларда додалаўларға себеп болып атырған мәселелерди таллаған ҳалда олар бойынша түсиниклер берип барыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының  жуўапкершилигин күшейтиў бойынша зәрүр илажлар көриў тапсырылды.

Буннан кейин сенаторлар Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңесиниң үлги регламентин ҳәм Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңесиниң турақлы комиссиялары ҳаққындағы үлги режени тастыйықлаў  ҳаққындағы  мәселени көрип шықты.

Өткен дәўир ишинде жергиликли Кеңеслердиң жумысын тәртипке салыўшы бир қатар нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары кеңейтилди, бир қатар жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жергиликли Кеңеслер алдында есап беретуғынлығы белгиленди.

Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслерде өз алдына секретариатлар шөлкемлестирилип, Кеңес, турақлы комиссиялар ҳәм депутатлардың жумысына шөлкемлестириўшилик, таллаў жағынан хызмет көрсетиў, олардың жумысын муўапықластырып барыў әйне усы уйымға жүкленди.

Бул болса жергиликли Кеңеслердиң жумысын тәртипке салыўшы тийкарғы нормативлик-ҳүжжетлерден бири есапланған Регламентке өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди талап етти.

Соның менен бирге, бүгинги күн әмелиятында  жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының жумысы олар менен турақлы биргеликте ислейтуғын  Сенат комитетлериниң жумысына толық сәйкес келмеўи ҳәр еки тәрепке де қолайсызлықлар келтирип шығарып атырған еди.

Сенаттың бир комитети жергиликли Кеңеслердеги бир неше турақлы комиссиялар менен ислесиўге ямаса жергиликли Кеңес турақлы комиссиялары да  Сенаттың бир неше комитетери менен ислесиўге туўра келген еди.

Өткен дәўир ишинде нызамшылық ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларды, мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыў тараўындағы структуралық өзгерислерди, сондай-ақ, жергиликли Кеңес депутатларының усынысларын инабатқа алған ҳалда, әмелдеги  жергиликли Кеңестиң үлги Регламенти және турақлы комиссиялары ҳаққындағы үлги реже қайта ислеп шығылды.

Жалпы мәжилис күн тәртибине  жасларға байланыслы сиясаттың аймақларда әмелге асырылыўы бойынша рейтинг системасын енгизиў ҳаққындағы  мәселе киргизилген.

Президенттиң «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин және де арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманында Олий Мажлис Сенатына жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың аймақларда әмелге  асырылыўы бойынша рейтинг системасын енгизиў усыныс етилген.

Усы мүнәсибет пенен Сенат тәрепинен жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың аймақларда әмелге асырылыўы бойынша рейтинг системасы енгизилмекте.

Рейтинг системасын ислеп шығыўда «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы Нызамы тийкар етип алынған. Ол жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, жаслардың турмысы ҳәм денсаўлығын сақлаў, жаслар ушын ашық ҳәм сапалы билимлендириўди тәмийинлеў, жасларды жумысқа жайластырыў ҳәм олардың бәнтлиги ушын шараятлар жаратыў, парламент ҳәм жергиликли Кеңеслердиң жаслар менен бирге ислесиўин жолға қойыў сыяқлы рейтинг баҳалаўдың  тийкарғы бағдарларын белгилемекте.

Ислеп шығылған  Нызамға тийкарланып Сенат жанында рейтинг баҳалаў бойынша дүзилген Республикалық комиссия тәрепинен жасларға байланыслы  мәмлекетлик сиясаттың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырылыўы арнаўлы  индикаторлар тийкарында  баҳаланады.

Республикалық комиссия қурамына Сенат Баслығы басшылығында жаслар менен тиккелей ислесетуғын министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары тартылған.

Бул Комиссия аймақларды рейтинг баҳалаў процесслерин  шөлкемлестиреди, муўапықластырады, мағлыўматлар ҳәм нәтийжелерди улыўмаластырады және мониторинг етип барады.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың район ҳәм қалаларда әмелге асырылыўы халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен индикаторлар тийкарында баҳаланады. Аймақларды рейтинг баҳалаў бойынша жумысшы уйымы етип Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги белгиленди.

Жеңимпаз аймақлар ҳәр жылы 1-июньге шекем Республикалық комиссия тәрепинен жәрияланып барылады.

Ең жоқары балл топлаған аймақ жеңимпаз байрағы менен сыйлықланады. Буннан тысқары Жеңимпаз  болған аймақта  30-июнь – Өзбекстан Республикасы Жаслар күни мүнәсибети менен жаслар ҳәм стундентлер форумы шөлкемлестириледи.

Рейтинг баҳалаў нәтийжелери Олий Мажлис Сенаты мәжилислеринде, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде сын көзқараста додаланып барылады. Анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди орнында шешиў  илажы көриледи.

Ҳәр бир аймақтың жасларға байланыслы сиясатты әмелге асырыў бойынша усыныс еткен мағлыўматлары Сенаттың жумысшы топары тәрепинен орынларға шыққан ҳалда үйрениледи. Баҳалаў системасы Сенаттың турақлы қадағалаўында болады.

Додалаўлар даўамында сенаторлар тәрепинен бул жаңа система жаслардың арзыў-нийетлерин әмелге асырыўға, олар ушын кең имканиятлар ашыўға, жуўапкер басшылардың жуўапкершилигин және де арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң  2020-жылдағы ҳәм 2021-жылдың биринши ярым жылындағы жумысы ҳаққындағы есабаты  тыңланды.

Есап бериў дәўиринде Комитет тәрепинен парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, Өзбекстанның сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық мәплерин тәмийинлеў, мәмлекеттиң халықаралық имиджи ҳәм абыройын беккемлеў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Атап өтилгениндей, COVID-19  глобал пандемиясына қарамастан, есап бериў дәўиринде Сенаттың парламентлераралық бирге ислесиўи артқаны айрықша атап өтилди. Гендер, регионларарлық бирге ислесиў, мәрипатлы Ислам идеяларын үгит-нәсиятлаў, ҳаж зыяраты, ҳәм жаслар туризми тараўында сырт ел парламентлери менен бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша дослық топарларының саны дерлик еки есеге көбейип, 49 ға жетти.

Есап бериў дәўиринде Комитет тәрепинен халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатларының қатнасыўында ҳәм нызамшылық жумысы тараўындағы экспертлер тартылған ҳалда 7 нызам көрип шығылды ҳәм тастыйықлаў  ушын Сенатқа киргизилди. 20 қадағалаў-таллаў илажы, соның ишинде, министрликлер ҳәм уйымлардың  10 мәлимлемеси, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилликханалары басшыларының  4 есабатын тыңлаў өткерилди (улыўма  23 елшиниң есабатлары тыңланды), 4 нызам бойынша нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди орынлаў ҳәм қабыллаў жағдайы  үйренилди.

Атап өтилгениндей, Комитет тәрепинен  2021-жылдан баслап енгизилген жоқары дәрежедеги  сапарлардың жуўмақлары бойынша қол  қойылған «жол карталары»ның орынланыўы үстинен қадағалаў әмелияты енгизилди.

Пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм жетекши экспертлер менен мәсләҳәтлесиўлер тийкарында ең әҳмийетли ҳәм системалы машқалалар бойынша Министрлер Кабинетине 3 парламентлик сораў таярланды. Пуқаралардың  даўаларын көрип шығыў ҳәм шешиў бойынша халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлары менен бирге ислесиў күшейтилди. Мүрәжатлардан келип шығып, халықты тәшўишке салып атырған системалы машқалалар ҳәм  кемшиликлер бойынша парламентлик сораўларды жибериў әмелиятқа енгизилди.

Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм экспортқа жәрдем бериў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәкимлердиң орынбасарларының мәлимлемесин тыңлаўды шөлкемлестириўде  методикалық жәрдем көрсетиў зәрүр екенлиги атап өтилди.  Буннан тысқары, сырт мәмлекетлер менен регионлараралық қатнасықларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм сырт мәмлекетлердеги  мийнет мигрантларымыз ушын қосымша  кепилликлер ҳәм имканиятлар жаратыў бойынша парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў жумысларын жеделлестириў мақсетке  муўапық болып есапланады.

Жалпы мәжилисте 19 мәселе, соның ишинде, 7 нызам додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши  жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

ӨзА