Бүгин, 2-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызметиниң гезектеги брифинги болып өтти.

Онда Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында усы ҳәптеде күтилип атырған әҳмийетли илажлар ҳаққында журналистлерге мағлыўмат берди.

Оған бола, бул ҳәптеде де бир қатар илажлар күн тәртибине киргизилген. Соның ишинде, Ташкент қаласында ыссылық тәмийнаты системаларын модернизациялаў бойынша презентация және аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиў тезликлерин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор өткерилиўи режелестирилген.

Жума күни Президентимиз Түркменстанның Аваза қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги мәсләҳәт ушырасыўында қатнасады.

 

ӨзА