Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде енгизилген «Халықлар дослығы күни» көп миллетли жанажан Өзбекстанымызда кең көлемде, жоқары дәрежеде, көтериңки руўхта дәслепки мәрте белгиленбекте.

Республикамызда биринши мәрте байрамланып атырған усы сәне мүнәсибети менен мәмлекетимиз басшысының пәрманына тийкарланып бир топар ўатанласларымыз Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары – орден ҳәм медальлар, көкирек белгилери менен  сыйлықланды.

Пайтахтымызда, мине, усы сыйлықларды өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти. Оған түрли министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер, миллий мәдений орайлардың ўәкиллери, елимизде миллетлераралық дослықты беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырған ўатанласларымыз мирәт етилди. Илажды онлайн түринде де елимиздиң түрли аймақларынан бақлаў имканияты жаратылды.

Президентимиздиң Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.

Диярымыз әзелден дослық, татыўлық, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, сақаўат орталығын қоллап-қуўатлаўы менен дүньяға кеңнен танылған. Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде миллетлер ҳәм диний конфессиялар арасында өз-ара татыўлық, кеңпейиллик орталықты сақлаў, социаллық турақлылықты тәмийинлеў мәселесине мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында итибар қаратыла басланды. Мәмлекетимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, олардың билим алыўы, кәсип ийелеўи, барлық конституциялық ҳуқықларды жүзеге шығарыўы ушын кең имканиятлар ҳәм шараятлар жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен соңғы жыллар даўамында көп миллетли мәмлекетимизде барлық пуқаралардың мәплерин қорғаў, сырт ел ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын жаңа тәризде жолға қойыў, онда жақсы қоңсышылық принциплерине сүйениў, миллетлер арасындағы татыўлықты көз карашығындай қәстерлеп сақлаўда пүткиллей жаңаша системаны жолға қойыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде миллетлераралық татыўлықты сақлаў мәселеси Елбасшымыздың 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында, Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатларында, жоқары минберлердеги шығып сөйлеген сөзлеринде көз тасланады.

Тийисли пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети шөлкемлестирилди. Миллетлераралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының концепциясы усы тараўда мәмлекетимиз сиясатының мақсетлери, принциплери ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын көзқараслардың бирден-бир системасын өзинде жәмлеген. Өзбекстанда миллетлераралық, диний конфессиялараралық дослықты беккемлеў, өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршилик орталығын тәмийинлеў бағдарындағы әмелий жумыслар халықаралық көлемде де жоқары тән алынбақта.

… Салтанатлы нама жаңлады. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева миллий мәдений орайлардың ўәкиллери, пидайы ўатанласларымызға Ўатанымыздың орден ҳәм медальларын тапсырды.  Сондай-ақ, «Халықлар дослығы» көкирек белгилери де тапсырылды.

– Мен жанажан Өзбекстанның перзенти екенимнен оғада қуўанышлыман, – деди «Фидокорона хизматлари учун» ордениниң ийеси, Республикалық қырғыз миллий мәдений орайының баслығы Раҳматилла Жабборов. – Мәмлекетимизде барлық миллет ўәкиллериниң емин-еркин жасаўы, билим алыўы, өз қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр барлық шараяттың жаратылғаны бизлерге қанаатланыўшылық, илҳам бағышлайды. Байрам даўам етти. Түрли миллет ўәкиллериниң липаслары ҳәр түрли, бирақ, олардың мақсети бир – теберик Өзбекстанымызды абадан, пайызлы, тыныш раўажланыўға жүз тутқан ҳалда көриў.

Илаж көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслардың үлкен концерт бағдарламасы менен көтериңки руўхта өтти.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувоҳитов қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы