Ҳәзирги сынаўлы күнлерге қарамастан елимизде кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта. Елликқала ҳәм оған қоңсы районларда бой тиклеп атырған өндирис кәрханалары, социаллық объектлер, заманагөй турақ жайлардың қурылысында «Топыраққала арнаўлы қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшыларының мүнәсип үлеслери бар. Олар тәрепинен «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы, Елликқала районы орайындағы «Элтекс» акционерлик жәмийети, 6 кәсип-өнер колледжи, 4 улыўма орта билим бериў мектеби, 6 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, «Жаслар үйлери», район орайындағы көп қабатлы турақ жайлар ҳәм басқа да бир қатар имаратлар қурылды.
Өз жумысын 2009-жылы баслаған қурылыс шөлкеминде бүгинги күнде жәми 122 жумысшы-хызметкер мийнет етип, соннан 40 и мәўсимлик ҳәм 82 си турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Олардың көпшилигин жаслар қурайды. Жумысшы-хызметкерлердиң нәтийжели мийнет етиўи ушын кәрхана басшылары тәрепинен барлық шараятлар жаратылған. Соның ушын, жумысшылар еки мәҳәл ыссы аўқат, зәрүр кийим-кеншек ҳәм алыстан қатнайтуғынлар бийпул жатақхана менен тәмийинленген. Қурылыс шөлкеминдеги жәрдемге мүтәж хызметкерлердиң шаңарақлық жағдайы есапқа алынып, перзентлериниң жоқары оқыў орынларында оқыўы ушын шәртнама төлемлери төлеп берилип, жеке турақ жай қурыўында материаллық жәрдем көрсетилмекте. Мийнет ҳақылары ўақтында берилип келмекте. Мине, усындай шараятлардың нәтийжесинде қурылысшылар жаздың жәзирама ыссысына, қыстың қақаман суўығына қарамастан белгиленген объектлерди өз ўақтында тапсырыў жолында минсиз хызмет етип келмекте. Өз гезегинде жәмийет қурылысшыларының пидәкерлик мийнети мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып келинбекте.
Бүгинги күни жуўапкершилиги шекелген жәмийетиниң қурылысшылары Елликқала, Беруний, Төрткүл районларындағы объектлерде мийнет етпекте. Атап айтқанда, Елликқала раойнындағы 13-санлы мектеп-интернатында қурылысы жуўмақланбаған 240 орынға ийе оқыўшылар жатақханасы, оқыў корпусы ҳәм асхана имаратының қурылыс жумысларын алып бармақта. Бул жерде усы қурылыс шөлкеминен тысқары жумысты бөлип алып ислеўши «Бостан абат арнаўлы қурылыс» жеке меншик кәрханасы ҳәм «Полат қурылысшы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринен жәми 100 ден аслам қурылысшы қатнаспақта. Улыўма баҳасы 6 миллиард 272,8 миллион сум болған мектеп-интернатының қурылысында бүгинги күнге «Топыраққала арнаўлы қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 3 миллиард 316 миллион сум, жәрдемши жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкемлер тәрепинен 773 миллион сум муғдарындағы жумыс көлеми орынланды.
– Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен барлық тараўлар сыяқлы қурылыс жумысларына да айрықша итибар қаратылмақта, – дейди «Топыраққала арнаўлы қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы Абат Миришов. – Әсиресе, бүгинги күни Аралбойының қала ҳәм районларында кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бундай имканият ҳәм ғамқорлықтан нәтийжели пайдаланған ҳалда қурылысшыларымыз барлық объектлерди өз мүддетинде сапалы питкериўге ҳәрекет етпекте. Ең тийкарғысы, биз қурып атырған ҳәр бир имарат ҳәм объекттиң халқымыз мәпи және олардың абадан жасаўына, елимиздиң раўажланыўына хызмет етип атырғаны ҳәр биримизге мақтаныш бағышлайды.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысының усы жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, орынларда ақаба суў ҳәм санитариялық имаратларды қурыў жумыслары алып барылмақта. Жуўапкершилиги шекленген жәмийет қурылысшылары Төрткүл районы «Кўкча» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы суўды душшыландыратуғын станцияны ҳәм ишимлик суў тармақларын реконструкциялаў жумысларын алып бармақта. «Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлери қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының буйыртпасы тийкарында алып барылып атырған қурылыстың улыўма баҳасы 3 миллиард 581,2 миллион сум болып, соннан өзлериниң күши менен 1 миллиард 194,7 миллион сум, жәрдемши жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкемлер тәрепинен 468 миллион 173,1 мың сум муғдарында жумыс көлеми орынланды.
Буннан тысқары усы районның «Отаюрт» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан ишимлик суў тармағын тартыў, 29-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, Беруний районындағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имаратларын ири оңлаў жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта. Шөлкем тәрепинен бүгинги күнде тек ғана қурылыс жумыслары емес, ал темир-бетон өнимлери, АКФА айна ҳәм есиклер, темир дәрўаза ҳәм есиклер, МДФ есиклер де ислеп шығарылмақта.
Барлық объектлердиң қурылысын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырыўды режелестирип атырмыз. Бул қурылысшылардың халқымызға, соның ишинде, қәбилетли жасларға байрам саўғасы болып есапланады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери