Россия Президенти Владимир Путин Украина ҳаққында мақала жазғанын жәриялады.

РИА Новостидиң хабар бериўинше, мақалада руслар ҳәм украинлардың тарийхый бирлиги ҳаққында бир қатар процесслер ашып берилген.

Мақала Кремль сайтында жәрияланған.

Пуқаралар менен өткерилген соңғы тиккелей сөйлесиўде Путин Россия ҳәм Украина ҳаққында аналитикалық мақала жазып, еки мәмлекет арасындағы байланысларға өз мүнәсибетин билдиретуғынын айтқан еди.

Ол мақалада рус ҳәм украин халықларын бир пүтин деп билетуғынын атап өткен.

Россия басшысы ҳәр еки мәмлекетте пуқаралар оның усы шығармасы менен танысып шығатуғынына үмит билдирген.

 

ӨзА