Шоманай районында Өзбекистан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий хызметкерлерине ҳәр бири 8 квартиралы еки турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынласып қалған Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 26 жыллығы  менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқары Бас Сәркарласы  Ш.Мирзиёев басшылығында қорғаныў тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өткен жылдың апрель айында басланған қурылыс жумыслары «Қурилиш бинокор Шўманой» жуўаркершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилип, байрам қарсаңында әскерий хызметкерлерге саўға етилди. Бул жерде 3 миллиард 700 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды. Еки қабатлы заманагөй үлги жойбар тийкарында қурылған турақ жайлар балалар ҳәм спорт майданшасына да ийе.

-Әскерий хызметкерлерге көрсетилип атырған ғамхорлық шегараларымыздың қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўде бизлерди мәртлик ислерге руўхландырады,-дейди аға лейтенант Элёр Эркинов.-Ташкент  жоқары улыўмаәскерий сәркардалық билим журтын 2014-жылы тамамлап, Өзбекистан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлиминде хызмет атқарып киятырман. Жаңа турақ жайда барлық шараятлар жаратылған. Буның ушын Ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқары Бас Сәркарласы  Ш.Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

-Жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың әскерий хызметке болған қызығыўшылығын арттырыў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылмақта,-дейди Шоманай педагогика ҳәм хызмет көрсетиў колледжиниң оқытыўшысы Абдирасул Тилеўмуратов.- Оқыў орнымыздың «Туран» командасы ҳәр жылы «Суңқарлар» ҳәм «Жас шегарашылар» әскерий-спорт жарысларына қатнасып, республикалық, соның менен бирге елимиз көлеминде сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Команданың ағзаларынан Абдулла Өтешов, Султан Тасполатов ҳәм басқа да бир қатар жасларымыз  колледжди питкергеннен кейин әскерий қәнигеликти таңлап, бүгинги күни жемисли хызмет атқарып келмекте.

Қатнасыўшыларға республикамыздың көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилип, қурылыс жумысларына белсене қатнасқан бир қатар қурылысшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.