Сингапур изертлеўшилери инсандағы сезимлерди сезиў имканиятын беретуғын ҳәм «жарақатланғанда» өзин тап инсан сыяқлы тиклейтуғын (ақыллы) робот қол ислеп шықты. Жасалма түрде иннервацияланған усы қол – AiFoam – жоқары эластик полимер, Сингапур Миллий университети изертлеўшилериниң пикири бойынша, «жарақат алғанда» аңсат ғана қайта тикленеди.
– Робототехника ҳәм протезлеў қурылмаларын жасаўда адамлар жетерли дәрежеде абайлы болыўы керек, – дейди жетекши изертлеўши Бенжамин Ти. – Илимпазлар роботты микроскопиялық металл бөлеклери ҳәм майда электродлар арқалы еки жыл даўамында таярлады. Протезге талабы бар инсанларға робот қоллары интуитивлик пайдаланыўға имканият бериўи мүмкин.
Бул робот қол бес жыл ишинде әмелий пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилмекте.
ӨзА