Ҳәзирги ўақытта терроризм дүнья жүзилик көлемдеги глобал машқалаға айланды. Қадаған етилген нызамсыз ағымлар тәсирине жаслардың кирип кетиўиниң алдын алыў ҳәм бул ҳаққында толық мағлыўмат бериў, жаслар менен пикир алысыў, бундай ағымларға сын пикирлеўди раўажландырыў мақсетинде «Қәўипсиз келешек» жойбары шеңберинде «Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы тәрепинен Шымбай районында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигинде өткерилген бул тренингте жаслар нызам менен қадаған етилген ағымлар, коммуникацияға кирисиў, экстремистлик шөлкемлер, топарлар ҳәм ағымлар ҳаққында мағлыўматқа ийе болды. Әмелий илажларға бай болған тренинг  қатнасыўшылары жәмийетте ушырасып атырған түрли экстремистлик шөлкемлердиң тәсирине түсип қалмаў ушын қандай илажларды алып барыў бойынша өз пикирлерин топарларға жәмлескен ҳалда билдирип өтти.

– Терроризм ҳәм экстремизм сыяқлы жаўыз күшлердиң мақсети тек ғана қорқытыў, зорлық-зомбылық екенлигин семинар даўамында түсиндириўге ҳәрекет еттик. Оларды сергекликке шақырдық,– дейди, орай тренери Н.Атамуратова. – Бүгинги күнде жасларымыз сырт еллерге жумыс излеп шығып атыр. Оларға елимизден тысқарыда жүз берип атырған ўақыяларды түсиндириўге ҳәрекет еттик.

«Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте бул бағдардағы семинарлар барлық районларда өткериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги