Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов 5-июльдеги брифингде мәмлекетимиз басшысының усы ҳәптедеги жумыс кестеси ҳаққында да журналистлерге мағлыўмат берди.

– Бул ҳәптеде де бир қатар илажлар күн тәртибине киргизилген. Соның ишинде, бүгин аўыл хожалығы машина қурылысы кәрханаларының трансформациясы бойынша презентация, ертең БМШ Бас Ассамблеясы 75-сессиясының баслығы Волкан Бозкир менен ушырасыў режелестирилген. 8-июль күни Олимпиада резервлерин таярлаў системасын жетилистириў бойынша мәжилис, 9-июль күни санластырыў илажлары бойынша презентация өткерилиўи мөлшерленген,-деди Шерзод Асадов.

 

ӨзА