МҒКАда Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Севара Убайдуллаеваның қатнасыўында брифинг өткерилди. Онда қәниге вакцинадан кейин иммунитет қашан пайда болатуғыны ҳаққындағы сораўға жуўап берди.

-Коронавирусқа қарсы вакцинаның 1-басқышын алғанларда иммунитет клеткалар пайда болыўы вакцина алған күнинен 14 күн аралығында көтерилиўди баслайды ҳәм оның максимал көтерилиў дәрежеси ақырғы басқыш (яғный 2- ямаса 3-басқыш) вакцинаны алғаннан 30-60 күн, айырымларында 90 күн аралағында ерисиледи. Бул ерисилген вакцинаның неше күн ямаса жыл сақланыўы бойынша пүткил жер жүзинде ҳәм өзимиздиң илимпазлар да қадағалап бармақта. Ўақыт өтип иммун клеткалардың сақланыў мүддетлери ҳаққында анық мағлыўматлар басып шығарылады.

Бүгинги күнде бар мағлыўматлардан илимпазлардың болжаўлары жәрияланып барылмақта, олардың болжаўларына бола, айырым вакциналар 1 жыл, айырымлары 2 жыл, айырым вакциналар болса мәңги иммун қорғаў пайда етеди-деп жуўмақ шығармақта.

Соған қарамастан, вакцина алып атырғанларға ҳәм алғанларға вакцина алып иммун қорғаўындаман деп шешим қаббыллаўға асықпаң. Карантин қағыйдаларына әмел етиў барлық инфекциялық кеселликтен сақлайды, сондай-ақ, коронавирус инфекциясына қарсы вакцинадан кейинги иммунитеттиң пайда болыўына да жәрдем береди,-деди қәниге.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги