Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги баянаты

Қәдирли жаслар, әзиз перзентлерим!

Сизлерди ҳәм пүткил Өзбекстан жасларын бүгинги қутлы байрам – Жаслар күни менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Әлбетте, бул әййям Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдында болып өтип атырғаны оған және де терең мазмун ҳәм көтериңки кейпият бағышламақта.

Усы күнлерде ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымызды мүнәсип күтип алыў мақсетинде пүткил елимиз бойлап үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Жаңадан-жаңа санаат кәрханалары, заманагөй турақ жайлар, коммуникация ҳәм инфраструктура тармақлары, социаллық тараў объектелри қурылмақта. Әлбетте, бүгин халқымыз қатары сизлер де бул процесслерде белсене қатнаспақтасыз.

Елимиз бойлап  6 миллионға шамалас ғайраты толып-тасқан, умытылыўшаң ул-қызларымыздың қатнасыўында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилген фестивальлар барлық жасларымыз ушын жетиклик ҳәм ҳақыйқый ўатансүйгишлик көриниси болды. Бул фестивальлар буннан былай тек ғана ўәлаят орайларында емес, ал ҳәр бир район ҳәм қалада өткерип барылады ҳәм оларда көтерилген мәселелерди шешиў бойынша ҳәр жылы Ҳүкимет өз алдына бағдарламалар қабыл етиледи.

Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған улыўмахалықлық ҳәрекет қатарларында сиз, әзиз жасларымыздың қүдиретли толқын болып ортаға шығып атырғаныңыз жоқары алғысқа ылайық.

Әлбетте, жаслыққа тән күш-ғайрат, көтериңкилик ҳәм мәртликти, жақсы арзыў-нийетлеримизди әмелий ҳәрекетке айландырып, үлкен нәтийжелерге ерисиў ушын инсан өз алдына анық мақсет қойып  жасаўы керек.

Егер тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, уллы ата-бабаларымыз ерискен даңқлы жетискенликлер тийкарында бәринен бурын Ўатанға, халыққа хызмет етиўдей уллы мақсет жәмлескенин көремиз. Мәселен, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек сыяқлы уллы илимпазлар, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза сыяқлы шайыр ҳәм ойшыллар, Абдулла Авлоний, Фитрат, Абдулла Қадирийдей ағартыўшы, жазыўшы ҳәм илимпазлар дүньяға белгили илимий ойлап табыўларын, мәңгилик көркем шығармаларын сизлердиң жасыңызда жаратқанларын ҳәммемиз жақсы билемиз ҳәм оның менен мақтанамыз.

Бизиң тамырларымызда мине усындай уллы ата-бабаларымыздың қаны ағар екен, олардың мүнәсип мийрасхорлары болыў, олардай уллы мақсетлерғе умтылып жасаў барлығымыздың ийгиликли миннетимиз.

Бүгин биз мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятларын жумсаған ҳалда, елимизде Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў жолында үлкен қәдемлер қоймақтамыз.

Бул бойынша елимизде пүткиллей жаңаша түр ҳәм мазмундағы Президент мектеплери, дөретиўшилик ҳәм қәнигелескен мектеплер системасын жаратылғанын айтып өтиў зәрүр. Бул мектеплерде билим алып атырған көплеген оқыўшылар абырайлы халықаралық таңлаўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте.

Мысал ушын, Әндижаннан Дурдана Мухтархўжаева, Бухарадан Фердавс Собиров, Дониёр Исмоилов, Сырдәрьядан Илғор Қодирқулов, Набихон Набихонов, Ташкент қаласынан Нодира Саъдуллаева, Искандар Бўриев, Дилшод Хўжақулов, Раил Хашаев, физика, математика ҳәм химия бойынша халықаралық олимпиадалардың алтын, гүмис ҳәм бронза медальларына миясар болды. Бундай зийрек ҳәм билимли перзентлеримиз бенен ҳәр қашан мақтансақ арзыйды.

Пурсаттан пайдаланып, олардың мине усындай жетискенликлерге ерисиўине үлкен үлес қосқан жанкүйер ата-аналарына мийнеткеш устаз ҳәм тренерлерине де өзимниң шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.

Ендиги әҳмийетли ўазыйпамыз – мине усындай перзентлеримиз арасынан жаңа әўлад берунийлерин, ибн сино ҳәм улығбеклерин, хорезмий ҳәм фарғонийлерин тәрбиялап камалға келтириўден ибарат. Бул бағдарда  «Беруний избасарлары», «Мырза Улығбек мийрасхорлары», «Әлийшер Наўайы даўамшылары»  сыяқлы таңлаўлар өткерип, жеңимпазларды хошаметлеў системасы жолға қойылады.

Кейинги жыллары жасларымыздың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратпақтамыз.

Хабарыңыз бар, жақында белгили сиясатшы, Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг басшылық еткен рәсмий делегация елимизге келди. Сөйлесиў ўақтында ол адам бир пикирди өкиниш пенен атап өтти. Яғный, планетамыз халқының ярымынан көбисин 30 жасқа шекемги инсанлар қураса да, пүткил дүнья бойынша жас депутатлардың үлеси 2,6 процентке де жетпейди екен. Уллы мәртебели мийман Өзбекстанда бул көрсеткиш 6 проценттен артқанын жоқары баҳалады, бул – үлкен тән алыў, әлбетте.

Биз бул оғада әҳмийетли бағдардағы жумысларымызды даўам еттирген ҳалда, Парламентлераралық аўқам жәрдеминде  «Биз парламентте жасларды қоллап-қуўатлаймыз!» деген ийгиликли басламаны әмелге асырамыз. Усы система тийкарында сиясий жетик ҳәм белсенди жас ул-қызларымызды миллий парламентимиз ҳәм жергиликли кеңеслердиң жумысына және де кеңирек тартамыз.

Халық депутатлары кеңеслериниң усынысы тийкарында жас, ғайратлы, пидайы ул-қызларымыз буннан былай Олий Мажлис депутатлары менен сенаторларына бириктириледи.

Соның менен бирге, жергиликли кеңеслерде де, Сенат ҳәм Нызамшылық палатасындағы сыяқлы, жаслар парламенти ўәкиллериниң мектеби шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, қәбилетли жаслар арасынан жаңа әўлад резерв кадрлары – «Келешек лидерлери»н қәлиплестиремиз.

Бундай жасларымыздың көпшилиги жанкүйерлик көрсетип хызмет етип атырғанын, бүгин қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәледим. Мәселен, Шерзод Раҳмонов – Нарпай районында, Сарварбек Султонов – Ширин қаласында ҳәм Элбек Шукуров – Сергели районында ҳәким ўазыйпасында, Дурдона Раҳимова – Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары, Одилжон Тожиев – Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары лаўазымында ислеп келмекте.

Соның менен бирге, көплеген талантлы ул-қызларымыз сырт елдеги абырайлы жоқары оқыў орынларында оқымақта, илим менен шуғылланбақта, ири ҳәм жетекши компанияларда жумыс ислемекте. Биз мине усындай жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе болған жасларымыздың Ўатанымызға келип ислеўи ушын барлық шараятларды жаратып беремиз. Оларды басшылық лаўазымларына тийкарғы талабан сыпатында белгилеў, турақ жай ажыратыў, мүнәсип мийнет ҳақы төлеў бойынша жаңа система енгиземиз.

Улыўма, жас кадрларды қоллап-қуўатлаў ҳәм тәрбиялаўға қаратылған сиясатымызды қатаң даўам еттиремиз. Оның ушын, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслер ҳәр жылы ҳәким, министр, уйым ҳәм банк басшылығына кеминде 2 еўден жас талабанлар резервин тастыйықлайды. Усы жылдан баслап бундай қәбилетли жасларымыз «Эл-юрт умиди» қорының қаржылары есабынан сырт еллерде стажировкадан өтеди. Сондай-ақ, республикамызда ҳәрекет етип турған, халықаралық рейтинглерде мыңлыққа кирген жоқары оқыў орнын тамамлаған ҳәм сырт елде илимий жумыс ислеген жас қәнигелерге қосымша ҳақы төленеди.

Ҳәр бир ўәлаят ҳәкими ҳәм министр жыл басында өз аймағы ҳәм системасына мине усындай жас қәнигелерди жумысқа алып келиў режесин тастыйықлайды және оларға берилетуғын мийнет ҳақы, турақ жай ҳәм хошаметлеўге байланыслы мәселелерди шешеди.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Өткен жылы декабрь айында елимизде биринши мәрте өткерилген Жаслар форумы миллионлаған ул-қызларымыздың өмиринде айқын из қалдырды. Барлық қала ҳәм районларда шөлкемлестирилген бундай әнжуманларда жасларымыз тәрепинен алға қойылған баслама ҳәм усыныслардың  бир топары «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасынан орын алды.

Әзиз жаслар, усы жерде бир пикирди айрықша атап өтиўди қәледим. Биз Өзбекстанда ҳәр бир жылға қандай атама бериўимизге қарамастан, жаслардың билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи, олар ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятын жаратыў мәселеси бәрқулла итибарымыз орайында болып қалады. Буннан былай ҳәр бир ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимликлери ҳәм жергиликли кеңеслер тәрепинен берилген усыныслар тийкарында бул бағдарда айрықша бағдарламалар қабыл етиледи ҳәм олардың орынланыўы жыл даўамында турақлы қадағалап барылады.

Бүгин турмысымыздың қайсы тараўы ҳәм тармағын алмайық, жасларға итибар ҳәм ғамхорлық тийкарғы орынға көтерилип, оларға зәрүр шараятлар ҳәм имканиятлар жаратып берилмекте. Кейинги 4 жылда 30 жасқа шекемги исбилерменлердиң саны 5 есе көбейип, олардың 500 мыңнан артқаны, буның айқын дәлили болып есапланады.

Сырт ел инвестицияларының қатнасыўында заманагөй кәрханалар қурып, көплеген жаңа жумыс орынларын жаратып, өз өнимлерин экспорт етип атырған исбилермен жасларымыздың қатары күн сайын кеңейип бармақта. Мысал ушын, Самарқанд районында – Музроб Тошев, Риштонда – Хуршид Норматов, Ургутта – Мажидхон Исломов, Хўжаободта – Нуриддин Абдурахмонов, Хазараспта – Дилшодбек Ҳожиев сыяқлы излениўшең жасларымыз ҳәўес етсе арзыйтуғын нәтийжелерге ериспекте.

Бүгинги байрам мүнәсибети менен мине усындай потенциаллы жасларымыздың бир топары жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны әлбетте барлығымызды қуўандырады.

Әлбетте, бундай ул-қызларымыз, заманымыздың жас қаҳарманлары болып есапланады. Олардың дәслепки, бирақ үмит бағышлайтуғын жетискенликлери ҳаққында ғалаба хабар қуралларында көрсетиўлер, мақала ҳәм сөйлесиўлер шөлкемлестирип, әмелге асырып атырған ибратлы жумысларын кең жәмийетшилик, бәринен бурын, заманласлары арасында үгит-нәсиятлаў мақсетке муўапық болады.

Қәдирли жаслар!

Хабарыңыз бар, кейинги ўақытлары келешегимиз ийелери болған ул-қызларымыз бенен ислесиўдиң пүткллей жаңа системасы – «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар бағдарламалары» турмысқа енгизилмекте.

Алып барылған әмелий жумыслар нәтийжесинде өткен 8 ай даўамында «Жаслар дәптери»не кирген 430 мың жигит-қыздың машқалаларын шешиў ушын 300 миллиард сум қаржы қаратылды. Соның ишинде, «Темир дәптер»деги шаңарақлардың перзентлери болған 2 мыңнан аслам студенттиң контракт пулы төлеп берилди.

Буннан былай ҳәр қандай инвестициялық жойбардың бас мақсети, бәринен бурын, жаслар бәнтлиги мәселесин шешиўге қаратылыўы керек. Бул ҳәмме жерде өзгермейтуғын қағыйдаға айланыўы зәрүр.

Жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, зәрүр кәсип-өнерлерге үйретиў ушын орынларда ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары жуўапкер.

Хабарыңыз бар, быйылдан баслап, жумыс бериўшилерге олардың 25 жастан аспаған жумысшы-хызметкерлери ушын есапланған социаллық салық суммасын бюджеттен толық қайтарып бериў тәртиби енгизилди. Нәтийжеде усы жылдың екинши ярымында 170 миллиард сум, келеси жылы болса 500 миллиард сум қаржы 240 мың жасты жумысқа қабыл еткен исбилерменлердиң еркинде қалады.

Сондай-ақ, кәсип-өнер мектеби ҳәм техникум оқыўшыларына кәрханаларда әмелият өтеген дәўири ушын  6 ай даўамында 500 мың сумнан субсидия бериў енгизилгени, жаслар ҳәм олардың ата-аналары ушын үлкен хошамет болды.

Буннан тысқары, жатақхана менен тәмийинленбеген 62 мың студентке айлық ижара төлеминиң 50 процентин бюджеттен қаплап бериў басланды. Соның менен бирге, быйылдың өзинде 92 мыңнан аслам ул-қызлардың исбилерменлик жойбарлары ушын, 2  триллион 300 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Аймақларда шөлкемлестирилген 186 «Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары»ндағы 3 мың жойбар шеңберинде жасларымыз ушын 50 мың жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Ҳүрметли жас досларым!

Бүгинги қыйын заманда жасларды физикалық ҳәм мәнаўий жақтан бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў биз ушын оғада әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Бул бойынша айырым мысалларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Кейинги бир жылда билимли ҳәм тырысқақ жасларымыз халықаралық пән олимпиадаларында 4 алтын, 18 гүмис ҳәм 29 бронза медалларын қолға киргизди.

Усы жылы Президент мектеплерин тамалаған 96 оқыўшының барлығы мүддетинен бурын абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға кирди. Мысалы ушын, Ташкент қаласынан Темурбек Сулаймонов – 26, Қарақалпақстаннан Нурсултан Дүйсенбаев – 16, Хорезмнен Чаросхан Ўктамбоева – 8, Наманганнан Робияхан  Набижанова – 5, Әндижаннан орта мектеп оқыўшысы Висола Асадуллаева – 12 абырайлы сырт ел жоқары оқыў орнына оқыўға қабыл етилген.

Бундай нәтийжелер алдыңғы тарийхымызда ҳеш қашан болмағанын атап өтиў орынлы.

Елимизде жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе болған, бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў мақсетинде жоқары оқыў орынларының саны 127 ге жеткерилди, 26 сырт ел жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары ашылды. Сондай-ақ, кейинги 5 жылда жоқары билимлендириўге қабыллаў квотасы 3 есеге арттырылып, усы жылы 182 мың жас ушын студент болыў имканияты жаратылды. Бул – улыўмалық қамтып алыў 28 процентке жетти, дегени. 4 жыл бурын бул сан  тек ғана 9 процентти қурайтуғын еди.

Мәмлекетлик грантлар 21 мыңнан 47 мыңға көбейтилгени, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 2 мың қызға жоқары оқыў орынларына кириў ушын айрықша грантлардың ажыратылғаны жасларымыздың келешегин тәмийинлеўге қаратылған әмелий итибарымыздың үлгиси болып есапланады.

Мине, күни кеше елимизде және бир жоқары билимлендириў дәргайы – «Жаңа Өзбекстан» университети шөлкемлестирилди ҳәм оған көп жыллар Европадағы ең абырайлы университетлердиң бирин басқарған германиялы белгили профессор ректор сыпатында таңлап алынды.

Дүньяның жетекши оқыў ҳәм илимий шөлкемлери менен биргеликте жумыс ислейтуғын бул университетке усы жылы 300 жас қабыл етиледи.

Ҳәммемизге белгили быйыл елимизде мектеплер, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин дерлик 560 мың жас тамамлап, еркин өмирге қәдем қояды. Соның ушын жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.

Бул бойынша төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратамыз.

 Бириншиден,  ҳәр оқыў жылының жуўмағы менен район, қала, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы бағдарламалар қабыл етиў әмелияты жолға қойылады.

Бағдарламада ҳәр бир мәҳәлле, район, қала ҳәм ўәлаят кесиминде қанша жасларды кәсип-өнерге оқытыў, қаншасын жумыс пенен тәмийинлеў, неше стартап ҳәм исбилерменлик жойбарын әмелге асырыў белгилениўи шәрт. Бул бизиң жаслар менен ислесиў бойынша «бәнтлик», «инновация» ҳәм «инвестиция» бағдарламамыз болып хызмет етеди.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери және сектор басшылары ҳәр ҳәптеде бир мәрте жаслар менен ушырасып, олардың идея, усыныс ҳәм басламаларын тыңлап, машқалаларын шешиўге жуўапкер болады.

Екиншиден,  бүгинги күнде жоқары мағлыўмат талап ететуғын 80 мыңға шамалас бос жумыс орынлары бар. Мысал ушын, транспорт, геология, аўыл хожалығы, мәденият, спорт тараўларында билим ҳәм маманлығы жетерли бола турып, жоқары мағлыўматы жоқ болғаны ушын мыңлаған жасларымыз жумысқа кире алмай атыр.

Соның ушын усы жылы жоқары мағлыўмат талап ететуғын кәсип ҳәм лаўазымлар қайта көрип шығылады және олардың кеминде 150 и бойынша бундай талап бийкар етиледи. Бундай жеңиллик себепли 10 мыңнан аслам жаслар жумысқа жайласады.

Екиншиден,  мектеплердиң 10-11-класс оқыўшыларын мийнет базарында талап жоқары болған кәсип ҳәм өнерлерге оқытыў системасы жолға қойылады.

Бул бойынша Әндижан ўәлаятында жәми 41 мың мектеп питкериўшилериниң 25 мыңын кәсип-өнерге үйретиў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қәлиплескен тәжирийбе барлық аймақларда кеңнен қолланылыўы керек.

Буннан былай мектеп питкериўшисине аттестат бериўде мийнет базарында талап жоқары болған кеминде бир кәсип ямаса өнерди ийелеў мәжбүрий қағыйда болады. Бул система мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте жолға қойылады.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем мектеплер кесиминде 10-11-класс оқыўшыларын мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлерге оқытыў бойынша дизим ҳәм бағдарламаны жергиликли кеңеслерде додалап, тастыйықлайды. Парламентимиз палаталары бул талапты нызам дәрежесинде беккемлеўи мақсетке муўапық болатуғын еди.

Мен бул басламаны барлық ата-аналар қоллап-қуўатлайды, деп ойлайман. Себеби кәсип-өнер ийелеген инсан биреўге мүтәж болмайды, бузғыншы идеяларға берилмейди, өмирде, әлбетте, өз жолын табады.

 Төртиншиден, аўылларда жасап атырған 230 мыңнан аслам жумыссыз жасларға дийқаншылық пенен шуғылланыў ушын усы жылы 61 мың гектар жер майданлары ажыратылды. Сондай-ақ, ғәлледен босаған жерлерден және 75 мың гектары 170 мың жасқа тәкирарый егин егиў ушын берилди.

Усы жылы баслаған жер реформамыз шеңберинде пахта ҳәм ғәлледен қысқаратуғын майданларда азық-аўқат егинлерин жетистириў ушын жерлерди 10 жыл мүддетке ижараға бериў системасы жолға қойылады. Усы тәризде ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшылары ушын және 500 мың жасты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў имканияты жаратылады.

 Бесиншиден, жасларға берилетуғын жеңиллетилген кредитлер ҳәм лизинг тийкарында 50 мыңнан аслам жеңил конструкциялы заманагөй автосервис, турмыслық хызмет, усақлап сатыў ҳәм улыўма аўқатланыў  шақапшалары қурылады.

Онда ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары Кәсиплик аўқам ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги баслаған Алат тәжирийбесин өз аймағында жолға қойыўы шәрт.

 Алтыншыдан, мәлимлеме технологияларын раўажландырыўға айрықша әҳмийет беремиз.

Усы мақсетте быйылғы жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан, Әндижан, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында технопарклер пайдаланыўға тапсырылады.

Келеси жылы Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Ферғана, Хорезм ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында да усындай технопарклер қурылады. Сондай-ақ, жаслардың стартап идеяларын сайлап алыўдың ашық-айдын системасы жолға қойылып, ең жақсы жойбарларды қаржыландырыўға бюджеттен 100 миллиард сум қаржы ажыратамыз.

Ўәлаят ҳәкимлери жаслардың «Бизнеске биринши қәдем» стартап жойбарлары таңлаўын енгизип, ҳәр бир районнан кеминде үш жеңимпазға жергиилкли бюджеттен грантлар берип барады. Бир гранттың суммасы орташа 50 миллион сумды қурайды. Бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўге Мәлимлеме технологиялары ҳәм Инновациялық раўажланыў министрликлери, Жаслар ислери агентлиги және олардың төменги структуралары жуўапкер болады.

Жетиншиден,  жасларды исбилерменликке тартыў ҳәм олардың бизнес баламаларын қоллап-қуўатлаў Миллий банк баслығы А.Мирсоатов ҳәм банктиң барлық филиаллары басшыларының тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленеди.

Онда жасларды бизнеске оқытыў, «Жойбарлар фабрика»ларында алға қойылып атырған жаңа идеялар тийкарында инновациялық жойбарлады ислеп шығыў ҳәм қаржыландырыў бойынша турақлы жумыс ислейтуғын және жасларға қолайлы ҳәм қызықлы болған жаңа система жаратыў зәрүр.

Сондай-ақ, банк тәрепинен сырт елдеги жасларымызға Ўатанымызға қайтып ислеў, өз бизнесин шөлкемлестириў, турақ жай шараятлары бойынша жәрдем бериўге қаратылған жумыслар жолға қойылыўы керек. Мине, усы жумысларды қаржыландырыў мақсетинде бюджеттен қосымша түрде 100 миллион доллар қаржы ажыратылады.

Соны айрықша атап өтиў керек, алдынғы форумда ажыратылған 100 миллион доллар ҳәзирги ўақытта жас исбилерменлер тәрепинен өзлестирилмекте.

Миллий банк, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан саўда-санаат палатасы абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынлары менен биргеликте Ташкент қаласында жасларды исбилерменликке үйретиў бойынша жаңа бизнес мектеп шөлкемлестиреди. Келеси жылдан баслап барлық аймақлардан усы бизнес мектептиң филиаллары ашылады.

Мине усы жаңа системаны шөлкемлестириў ўазыйпасы бас министрдиң орынбасары С.Умурзоқовқа тапсырылады.

Әзиз жаслар!

Мен ҳәр сапары сизлер менен ушырасқанымда, «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!»  деген сөзлерди тәкирарлаўдан ҳасла шаршамайман:

Өзиңиз көрип турсыз, дүньяда оқыған, заманагөй илим ҳәм өнерлерди пуқта ийелеген, жас әўладын мине усы руўхта тәрбиялаған халықлар, мәмлекетлер жедел раўажланбақта.

Өзбекстан жаслары да мине усындай жоқары дәрежелерге көтерилиўи ушын биз, әлбетте, барлық имканиятларды иске қосамыз.

Бул бойынша әсиресе төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылады.

Бириншиден, қәбилетли, бирақ жоқары оқыў орнында контракт тийкарында оқыў имканияты болмаған жасларымызды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жаратамыз.

Ҳәммемизге белгили, бүгинги күнде ата-аналар перзентин жоқары оқыў орнында оқытыў ушын 22-28 процент ставкада тәлим кредитин 3 жыл мүддетке алмақта. Бирақ, бул ҳәммеге, әсиресе, алыс ҳәм шетки жерлерде жасайтуғын шаңарақларға аўырлық етип атырғаны бар гәп.

Соны есапқа алып, жаңа оқыў жылынан баслап ҳәмме ушын тәлим кредити жеңиллетилген шәртлерде 7 жыл мүддетке, орайлық банктиң тийкарғы ставкасында, яғный, усы жылы 14 процентлик ставкада ажыратылады. Оған қосымша түрде тәлим кредитлерин қаплаў ушын қаратылған қаржылар дәрамат салығынан да азат етиледи.

Буннан тысқары, «Темир дәптер»ге киргизилген шанарақлардың перзентлерине, жоқары оқыў орнындағы оқыўдың биринши жылы ушын контрактти бюджеттен төлеп бериў тәртиби енгизиледи.

Екиншиден, мектеплерде оқыўшыларды компьютерден тек ғана пайдаланыўшы емес, ал оннан дәрамат табатуғын қәнигелер етип тәрбиялаўымыз зәрүр.

Усы мақсетте быйылғы жылдың ақырына шекем улыўма билим бериў мектеплерин жоқары тезликтеги Интернетке жалғаў жумыслары жуўмақланады. Республикамыз бойынша қосымша 5 мың компьютер класслары шөлкемлестириледи.

Мектеплерде мәлимлеме технологиялары сабақлары заманагөй «Кэмбридж» бағдарламалары тийкарында жолға қойылады ҳәм муғаллимлер де, усы бағдарламалар тийкарында қайта таярланады. Тап усындай система барлық жоқары оқыў орынларында да енгизиледи.

Үшиншиден,  жас шаңарақлардың социаллық қорғаўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылады.

Онда ипотека бағдары шеңберинде турақ жай сатып алыў ушын жас шаңарақларға қосымша 2 мың квота ажыратылады ҳәм усы мақсетлер ушын бюджеттен 60 миллиард сум қаржы қаратылады. Сондай-ақ, жас шаңарақлардың ипотека кредитин қайтарыўға төлеген қаржылары дәрамат салығынан толық азат етиледи.

«Дәптерлер»ге кирген шаңарақлардың жаңадан турмыс қурып атырған перзентлерине өз шаңарағында қосымша турақ жай тиклеп алыўы ушын 33 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит системасы жолға қойылады. Сондай-ақ, өткен жылғы тәжирийбе тийкарында «Темир дәптер»де дизимге алынған шаңарақлардың ҳәр бир перзентине оқыў қураллары ҳәм мектеп формасын сатып алыў ушын август айында 500 мың сумынан материаллық жәрдем бериледи.

Әзиз перзентлерим!

Мени бәрқулла ойландыратуғын, тәшўишке салатуғын және бир әҳмийетли мәселе бул – жасларымыздың минез-қулқы, жүрис-турысы, мәдений дәрежеси, бир сөз бенен айтқанда, тәрбиясына байланыслы. Биз бул бағдарда үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз. Бирақ олардың нәтийжелилигин және де күшейтиў ушын төмендеги мәселелерге әҳмийетли итибар бериўимиз зәрүр.

Бириншиден, жаслар арасында китапқумарлықты, оқыў мәдениятын раўажландырыў турақлы итибарымыздың орайында болады.

Перзентлеримизге мөлшерленген көркем әдебиятларды көбейтиў ҳәм олардың авторларын хошаметлеў мақсетинде «Балалар ҳәм жаслар ушын ең жақсы китап» таңлаўын өткериў жолға қойылады. Онда авторларға биринши орын ушын – 100 миллион сум, екинши орын ушын –  75 миллион сум, үшинши орын ушын – 50 миллион сум сыйлық бериледи.

Екиншиден, бүгин сизлер менен жәмийетшиликти қәўетерге салып атырған айырым машқалалардың шешими бойынша да пикирлесип алыўымыз зәрүр.

Жаслар арасында жынаятшылық, нәшебентлик, ишиўшилик, шаңарақтағы ажырасыўлар, бузғыншы ҳәм радикал ағымлардың тәсирине түсиў жағдайларының даўам етип атырғаны, мәмлекет басшысы сыпатында жеке мени үлкен тәшўишке салмақта. Өткен 5 айда 7 мыңнан аслам жаслар жынаятқа қол урғаны, ҳәзирги ўақытта дерлик 40 мың жас профилактикалық есапта турғаны да қәўетеримиздиң бийкарға емес екенлигин көрсетпекте.

Жақында социаллық тармақларда көрсетилген кеўилсиз жағдайлар, яғный, орынлардағы Әлийшер Наўайы, Әмир Темур, Ҳәсиретли ана  естеликлериниң жанында айырым тәрбиясыз жаслар тәрепинен жүз берген қолайсыз ҳәрекетлер мени оғада ренжитти. Бул балалардың ата-анасы, ата-апалары, оқытыўшы ҳәм муғаллимлери, қалаберсе, мәҳәлле, жаслар менен ислейтуғын жуўапкер басшылар қай жерге қарап атыр?

Ўатанымыз жасларына пүткиллей жараспайтуғын, ҳәммемизге зыян келтиретуғын бундай унамсыз көринислерге жәмийетимизде улыўма орын болмаўы зәрүр. Керек болса, биз халқымыздың муқаддес қәдириятлары тымсаллары ҳәм зыярат етиў орынларына бийпәрўа қатнаста болатуғын адамларға жаза илажларын және де күшейтемиз. Бундай бузғыншы ислердиң алдын бүгин алмасақ, ертең кеш болады.

Бул бағдарда мени бир нәрсе терең ойландырады. Не ушын жаслардың тәрбиясына тиккелей жуўапкер болған шөлкемлер, ата-аналар, педагогикалық топарлар бул мәселе бойынша жедел ҳәм принципиаллық мүнәсибет билдирмей атыр?

Ҳәзирги оғада қыйын дәўирдиң кескин талабы сондай, ҳәр қандай имканият ҳәм минберден пайдаланып, реформаларымызға кесент етип атырған барлық машқала менен кемшиликлерди биргеликте, ашық-айдын додалаўымыз керек. Себеби, бул жумысларды өзимиз ислемесек, шеттен келип ҳеш ким бизлер ушын ислеп бермейди. Соның ушын Жаслар ислери агентлиги директорының биринши орынбасары, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлериниң жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары, жоқары оқыў орынларындағы тийисли проректорлардың статусы, ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, жумыс усылларын өзгертиў ҳәм пүткиллей жетилистириў керек.

Парламенттиң палаталары, мине, усындай жуўапкер басшылар жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў және олардың есапларын тыңлап барыў тәртибин енгизиўи орынлы болар еди. Ҳүкимет болса усы тәризде олардың ўәкилликлерин кеңейтиў, жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажларды ислеп шығып, әмелге асырыўы керек.

Мәмлекетлик басқарыў академиясында жаслар мәселесине жуўапкер барлық басшылардың билим ҳәм маманлығын арттырыў ушын оқыў курслары шөлкемлестирилиўи керек. Олар өз ўәлаяты ҳәм районлары, мектеп, колледж, техникум, жоқары оқыў орынларындағы жаслардың руўхый тәрбиясы ушын тиккелей жуўапкер болып, ҳәр айда аналитикалық додалаўлар өткериўи ҳәм жергиликли кеңеслерде есабат берип барыўы керек.

Бүгинги күнде жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың пуқаралық позициясын беккемлеў қаншелли әҳмийетли екенин, бәршемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман.

Регионымыз ҳәм дүнья жүзиндеги жағдай барған сайын кескинлесип бармақта. Миллий қәўипсизлигимиз, тыныш турмысымызға қәўип-қәтерлер күшеймекте.

Мине, өзиңиз телевидение, социаллық тармақлар арқалы көрип атырсыз, қоңсы Аўғанстандағы жағдай кескинлесип бармақта. Бундай жағдай Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын арттырыў бағдарындағы жумысларды, әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясы менен үнлес ҳалда алып барыўды талап етпекте. Сонлықтан сергекликти арттырыў, өз-ара аўызбиршилик ҳәм бирлигимизди беккемлеў, ҳәр қандай қәўиплерге мүнәсип жуўап бериўге таяр болып жасаў турмыстың әҳмийетли зәрүрлигине айланбақта.

Жас әўладтың санасын унамсыз тәсирлерден қорғаў, адасқанларды дурыс жолға қайтарыў өзин ўатансүйиўши деп есаплайтуғын ҳәр Өзбекстан пуқарасы, әсиресе, жаслардың тийкарғы миннети болып қалыўы шәрт.

Ҳәзирги ўақытта миллий армиямыз, ишки ислер, айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия, шегара әскерлеринде хызмет етип атырған әскерлеримиз ҳақыйқый Ўатан жаўынгерлери, мәрт ата-бабаларымыздың мүнәсип даўамшылары екенин әмелде дәлийллемекте. Олар халықаралық әскерий жарысларда, жәҳән спорт майданларында Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип атырғанын бәршемиз жақсы билемиз.

Хабарыңыз бар, әскерлеримиздиң физикалық ҳәм руўхый потенциалын арттырыў мақсетинде Мәртлик мектебин жаратыўға қарар еткен едик. Бул бағдарда әмелий жумыслар баслап жиберилди. Соның менен бирге, жоқары әскерий билимлендириў орынлары, лицей ҳәм колледжлер, соның ишинде, «Темирбеклер мектеби»ниң жумысын жетилистириўге айрықша итибар қаратып атырмыз.

Уллы сәркардаларымыздың жаўынгерлик өнери, әскерий тараўдағы билим ҳәм тәжирийбеси, ең әҳмийетлиси, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери ҳәр елимиздиң ҳәр бир улы ушын ибрат үлгиси болып хызмет етиў керек. Олардың жаўынгерлик дәстүрлерин бүгин ким даўам еттиреди? Сизлер, сизлер сыяқлы миллионлаған перзентлеримиз, әлбетте.

Жаслар, әсиресе, жәмлеспеген жаслардың машқалаларын үйренип, шешиў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм спортқа тартыў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратыўымыз зәрүр. Усы мақсетте Қорғаныў министрлиги жанында «Ватан ўғлони» балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳаққындағы басламаны қоллап-қуўатлайман. Ҳәрекеттиң ҳәр бир мектепте дүзилетуғын отрядларының жәми 200 мыңнан аслам оқыўшыларын қамтып алып, оларды тәрбиялаўда тийкарғы күшке айланыўы керек.

Қорғаныў ҳәм Халық билимлендириў министрликлери ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери менен бирге, усы системаны нәтийжели жолға қойыўға жуўапкер болады.

Үшиншиден, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў тараўында өз қәбилетин көрсетип атырған жаслар ушын зәрүр шараятларды жаратыў аймақлар ҳәм министрликлер және уйымлар басшыларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болыўы шәрт.

Усы мақсетте Бостанлық районында, Өзбекстан металлургия комбинатының «Жаслар дем алыў орны» негизинде жыл даўамында жумыс ислейтуғын Республикалық қәбилетли жаслар дем алыў орайы шөлкемлестириледи. Дем алыў орайы Президент, дөретиўши ҳәм қәнигелестирилген мектеплер агентлигиниң қарамағында болып, оның барлық қәрежетлери «Өзметкомбинат» тәрепинен қаржыландырылады.

Бул жерде, жасларымыз жыл даўамында анық пәнлер менен бирге, көркем өнер, әдебият, сүўретлеў көркем өнери ҳәм музыка бойынша да билим менен маманлығын арттырады. Ҳәр жылы усы бағдарлар бойынша район, қала, ўәлаят ҳәм республика көлеминде фестивальлар шөлкемлестириледи.

Әсирлер даўамында уллы ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған руўхый ғәзийнени көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў ҳәм оны және де байытыў, келеси әўладларға зыянсыз жеткериў – ҳәммемиздиң миннетимиз болып есапланады. Тақыя, шапан, атлас, адрас, сузана, кесте, дуўтар, гиржек, танбур, домбыра, шыңқобыз сыяқлы миллий өнерментшилик үлгилери ҳәм саз әсбапларын жаслар арасында ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратыў керек.

Ҳәр бир мәҳәлле, аўыл ҳәм районда, мектеплер, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў орайларында Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамларына бағышлап, таңлаў ҳәм фестивальларды шөлкемлестириў керек. Сондай-ақ, ул балаларды ер жигиттиң қанаты болған ат пенен досласып, мәрт болып ер жетиўи ушын жаслар арасында ат спортын оптималластырыў зәрүр.

Әсиресе, қарабайыр нәсилли атлар жасларымыз ушын мақтаныш тымсалына айланыўы керек. Усы мақсетте ҳәр бир ўәлаят ҳәм районларда «Шабандозлар мектеби»ниң жумысы жолға қойылады.

Жақында Германияда ат спорты бойынша болып өткен абырайлы жарыста самарқандлы мектеп питкериўшиси Абдураҳмон Абдуллаев еки бағдарда алтын ҳәм гүмис медалларына ийе болды. Халықаралық көлемдеги жетискенликлери ушын бул улымыз «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.

Бундай шебер шабандозларды көбейтиў ушын район, ўәлаят ҳәм республика көлеминде ат спорты жарыслары, сондай-ақ,  көкпар, айлаў, бәйги сыяқлы миллий  ойынлар шөлкемлестириледи. Ўәлаят ҳәм раойнлардың ҳәкимлери және Миллий гвардия сәркардасы бул жумысларды шлөкемлестириўде жеке жуўапкер болады.

Төртиншиден, үлкен қанаатланыўшылық пенен айтыў керек, 100 ден аслам жасларымыз кейинги айда Токиода болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Параолимпиада жарысларында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Олардың ўәкиллери де бул ушырасыўымызда қатнаспақта.

Пурсаттан пайдаланып, талантлы спортшыларымызға ҳәммемиз биргеликте жетискенлик ҳәм жеңислер тилеп қаламыз.

Денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў ҳаққында сөз болғанда, бир машқаланы айтып өтиў зәрүр, аймақлардағы көплеген спорт объектлери тийкарынан район ҳәм қала орайларында жайласқанлығынан шетки аўылларда жасайтуғын жаслар бул имканиятлардан пайдалана алмай атыр. Сол себепли орынлардан спорт дөгереклерин шөлкемлестирип атырған тренерлерге инвентарь сатып алыў ушын субсидия ажыратылады, бос турған имаратлар жеңиллик тийкарында ижараға бериледи. Сондай-ақ, кеминде 100 жастың спорт пенен турақлы шуғылланыўына ерискен тренерлерге бюджеттен айлық төлеў тәртиби енгизиледи.

Туризм ҳәм спорт министрлиги еки ай мүддетте узақ аймақларда жаслар ушын жеңил конструкциялы ҳәм сэндвич паннелли спорт объектлерин қурыў бойынша ҳәр бир район кесиминде Ҳүкимет бағдарламасын ислеп шығып, үлгили жойбарлардың презентациясын өткерсин.

Бесиншиден, елимиз тарийхый естеликлер, муқаддес зыярат етиў орынларына оғада бай. Бирақ, узақ ҳәм шетки аймақларда көпшилик жасларымыз Самарқанд, Бухара, Шахрисабз, Хийўа, Термиз, Марғулан, Ташкент сыяқлы әййемги қалаларымызды көрмеген, десек, дурыс болады.

Соның ушын ишки туризмди раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаслардың дем алыс ўақтында республикамыз бойлап саяхатларын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр. Сондай-ақ, жасларымызды тәбиятымыз дүрданалары болған-Чатқал, Замин, Сурқан, Нурата, Қызылқум қорықханаларына саяхатларын жолға қойыў зәрүр.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Қәдирли жаслар, әзиз перзентлерим!

Мен бүгин сизлердиң интелектуаллық, мәнаўий ҳәм физикалық потенциалыңызды әмелге асырыўға қаратылған жумысларымыздың тек айрымларына қысқаша тоқтап өттим. Ҳәммемиз түсинемиз, алдымызда турған үлкен ўазыйпалар және бағдарлама ҳәм режелер қабыл етиўди талап етеди. Орынларда министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ҳәкимлер сизлер менен турақлы ушырасыўлар өткерип, пикир ҳәм усынысларыңызды турақлы тыңлап барады. Әне, усындай нәтийжели система тийкарында жасларымыздың турмыслық мәплерин тәмийинлеўге қаратылған жумысларымызды турақлы түрде даўам еттиремиз.

Сизлер менен биргеликте орынлайтуын жумысларымыздың көлеми кең, оғада үлкен екенлигин көрип турыпсыз.

Биз сизлердиң ақылыңыз, күш-ғайратыңыз, келешекке исенимиңиз, Ўатанға болған меҳир-муҳаббатыңызға сүйенип, шеклерди оғада жоқары алдық. Бул ўазыйпаларды ҳәммемиз биргеликте табыс пенен әмелге асыратуғынымызға, әлбетте, исенимим кәмил.

   Бүгинги күнде көп миллетли халқымыз, Ўатанымыздың раўажланыўы ушын, Өзбекстанның жаңа Ояныў дәўирин жаратыў жолында белин беккем буўып, пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Бул жолда үлкен арзыў-нийетлер, үлкен режелер менен қатарымызға қосылып атырған жасларымыз – тийкарғы таянышымыз ҳәм сүйенишимиз болып есапланады.

Сизлер түп мәнисинде елимиздиң ғәрезсизлиги, айдын келешегин қурыўшысыз.

Белгили шайырымыз Эркин Воҳидовтың айтқанындай, жаслықтағы күш-жигерди елге бағышлаған жигит-қызлардан Ўатан да, халық та, жаслықтың өзи де разы болады.

Ҳәммемизге, мине, усындай үлкен бахыт, үлкен абырай несип етсин!

Сизлерди бүгинги гөззал байрам – Жаслар күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа жетискенликлер тилеймен.

Байрамыңыз мүбәрек болсын, әзиз ул-қызларым!