Өзиниң дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалы, таңлаған кәсип бағдары ҳәм социаллық турмыста ерискен әҳмийетли нәтийжелери менен түрли тараўларда елимиздиң раўажланыўына, оның халықаралық абырай-мәртебесин арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, заманласларына өрнек ҳәм үлги болып киятырған белсенди және жетекши жасларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «30-июнь-Жаслар күни» мүнәсибети менен республикамыздыӊ бир қатар жаслары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған еди.
Солар қатарында Қарақалпақстанымыздыӊ мақтанышына айланған спорттыӊ грек- рим гүреси ҳәм қылышласыў бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзалары, Азия ҳәм Жәҳән чемпионатлары жеӊимпазы Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Зайнаб Дайыбековалардыӊ болыўы барлық спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.
-Зайнаб 2020-жылдыӊ 15-17-февраль күнлери Алжирде өткерилген жәҳән кубогинде II орынды, 2021-жылы Болгария пайтахты София қаласында болып өткен халықаралық турнирде III орынды ийелеген болса, усы жылдыӊ 25-26-апрель күнлери Азия-Океания мәмлекетлери арасында өткерилген чемпионатта өзиниӊ ҳәр тәреплеме күшли спортшы екенлигин дәлийллеп, Японияныӊ Токио қаласында болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизди. Ол ҳәзирги күнлери Олимпиада ойынларында жеӊип шығыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте. Университетимиз студентиниӊ Жаслар күни байрамы мүнәсибети менен Президент Пәрманы тийкарында “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланыўы Зайнаб Дайыбекованыӊ Олимпиаданыӊ алтын медалын жеӊип алыўы ушын қосымша хошамет ҳәм жуўапкершилик болды. Алдағы ўақытлары ол Президентимиздиӊ оған билдирген бул жоқары исеними ҳәм хошаметинен руўхланып, Токиода да жеӊимпазлықты қолға киргизеди деп ойлаймыз,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы хам спорт университети Нөкис филиалы директоры Байрам Мәмбетов.
Бизлерде өз гезегинде халқымыз мақтанышына айланған спортшылар Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Зайнаб Дайыбековалардыӊ Японияныӊ Токио қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларында жеӊип шығып, көксинде тағылған “Шуҳрат” медалы Олимпиаданыӊ алтын медалына айланатуғынына исенемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги