Усы жыл 30-июнь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирмаланшы сессиясы болып өтти.

Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға Олий Мажлис Сенаты ҳәм ҳүкимет ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып  барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде дәслепки мәселе, яғный «Билимлендириў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығының орынбасары Т.Романов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын түпкиликли реформалаў, билим бериўдиң сапасын жоқары басқышларға алып шығыў, педагог-хызметкерлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў бойынша бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Бул өз гезегинде билимлендириў тараўында үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўларға тийкар болмақта.

Бүгинги күни ҳәрекет етип турған «Билимлендириў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы 1997-жылы қабыл етилген болып, тараўдағы жоқарыда атап өтилген өзгерислер менен жаңаланыўларды есапқа алған ҳалда нызамшылық нормаларын қайта көрип шығыў зәрүрлигин пайда етпекте.

Усынылып отырған Нызам жойбары 11 бап 75 статьядан ибарат. Бул Нызам жойбарын қабыл етиў арқалы билимлендириў тараўында ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўға, билим бериўдиң сапасын буннан былай да жақсылаўға, халықаралық стандартларға сәйкес билим бериўге ерисиў мүмкин. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады.

Атап өтилгениндей, ҳәрекеттеги 20 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усынылмақта.  Бул өзгерислер ҳәм қосымшалар бүгинги күнде алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде пайда болған қатнасықларды тәртиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибинде және бир мәселе- «Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Бекбергенов баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессияда «Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы жумыслардың барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының есабаты туўралы», «Қала ҳәм районларда экспорт потенциалын арттырыў, товарлар ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм импортты оптималластырыў бағдарындағы жумыслардың барысы  ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының есабаты туўралы»,  «Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы  туўралы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәлимлемеси туўралы»,«2021-жылдың биринши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары және ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси туўралы», «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы» мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Жоқарғы Кеңес депутатлары тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, тараў ўәкиллери тәрепинен жуўап берилди ҳәм  тийисли қарарлар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирмаланшы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги