Президент Шавкат Мирзиёев 28-июнь күни мыс ислеп шығарыўды және де раўажландырыў ҳәм санаат кластерин шөлкемлестириў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Кейинги 5 жылда мәмлекетимизде мыс ислеп шығарыў көлеми дерлик 1,5 есеге артып, 2020-жылы 148 мың тоннаға жеткен. Бирақ оннан жоқары қосымша қунлы өнимлер таярлаў жумыслары жетерли емес. Атап айтқанда, мыстың дерлик 60 проценти шийки зат сыпатында экспорт етилмекте.
Халықаралық экспертлердиң пикиринше, электромобиллер, электротехника ҳәм қайта тиклениўши энергия тараўларының раўажланыўы есабынан 2030-жылға барып дүньяда мысқа болған талап 40 процентке артыўы күтилмекте.
Мыстан келетуғын дәрамат бүгинги күнде 2,5 миллиард долларды қурамақта. Келеси 5 жылда мыс ислеп шығарыў көлемин 400 мың тоннаға жеткериў арқалы, бул көрсеткишти түрлес тармақлар менен бирге 7-8 миллиард долларға жеткериў мүмкин.
Усы мақсетте, 24-июнь күни кән-металлургия санааты ҳәм оған байланыслы тараўларды раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында Президент қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Мыс санааты кластери шөлкемлестрилетуғыны белгиленди ҳәм Бас министрдиң басшылығында Арнаўлы комиссия дүзилди.
Мәжилисте бул стратегиялық ўазыйпаны әмелге асырыў илажлары көрсетип өтилди.
Бәринен бурын, реңли ҳәм сийрек ушырасатуғын металлар ушын геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў бойынша 5 жыллық бағдарлама ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Тараўда жойбарлаў ҳәм инженерлик хызметлерди раўажландырыў ушын жетекши халықаралық компанияларды тартқан ҳалда, заманагөй жойбарлаў институтын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Елимизде таў-кән үскенелерин ислеп шығарыў және оларға сервисти жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Комбинатларда автотранспорт, санластырыў сыяқлы айрықша жумыс түрлери жеке меншик секторға кооперация ҳәм аутсорсинг тийкарында бериледи.
Сийрек гезлесетуғын металлар ҳәм еритпелер бирлеспесинде металл еритпелер таярлаў, «Ўзэлтехсаноат» кәрханаларында турмыслық техника, компьютер, аккумулятор батареялар, электромобиллердиң комплектлеўши бөлеклери сыяқлы жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Инновациялық раўажланыў министрлигине тараў кәрханаларының жумысын илимий-изертлеў ҳәм әмелий инновациялық жумыслар менен тығыз байланыста раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў тапсырылды. Кластердиң ҳәр бир буўыны ушын жоқары мағлыўматлы инженер-технолог және жумысшы қәнигелерди таярлаў, сол мақсетте жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Тәжирийбели қәнигелерди жыйнап, мыс санааты кластерин шөлкемлестириў бойынша сырт ел тәжирийбесин терең үйрениў, халықаралық компанияны тартқан ҳалда, геология ҳәм кән-металлургия тараўын раўажландырыўда стратегиялық бағдарларды белгилеў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА