Пайтахтымызда 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен салатанатлы илаж болып өтти.
Быйылғы байрам ең уллы ҳәм ең әзиз әййям – Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық сәнеси алдында болып өтип атырғаны оған айрықша руўх ҳәм мазмун бағышламақта.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ветеран журналистлер, баспалар, баспа хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысының баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.
Бүгин журналистлерден оперативлик, әдиллик пенен бирге, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қойылып атырған ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў, пухта ҳәм жетик билим тийкарында, өзиниң жумысына дөретиўшилик, терең аналитикалық-сын көзқарас руўхында қатнас талап етилмекте.
Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған адамгершиликли ҳәм халықшыл сиясат миллий журналистиканы жедел раўажландырыў, сөз ҳәм баспасөз, пуқаралардың информация алыўға байланыслы ҳуқықлары менен еркинлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта. ҒХҚ раўажланыўы жолындағы ғамхорлық ҳәм итибар тараў хызметкерлериниң жәмийеттеги социаллық абырайын күн сайын арттырыў, оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўда өз сәўлелениўин таппақта.
Елимиздеги реформалар процеси ямаса дүньяның қәлеген жеринде жүз берип атырған ўақыя ҳәм ҳәдийселер сол ўақыттың өзинде ғалаба хабар қураллары, әсиресе, интернет басылымларында сәўлеленбекте. Елимизде пуқаралық журналистикасы, блогерлердиң жумысы күн сайын жеделлесип бармақта.
Ҳәзирги күнде барлық дәрежедеги басқарыў уйымлары басшыларының ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер менен турақлы ушырасып, жәмийетлик турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелерди еркин пикирлесиў тийкарында кеңнен додалаўы жақсы дәстүрге айланып бармақта. Мәмлекетимиз басшысы аймақларға ҳәр бир сапарында журналистлер ҳәм блогерлер менен сөйлеспекте, олардың сораўларына жуўап бермекте. Бундай қатнас Өзбекстанда алып барылып атырған ашық-айдынлық ҳәм демократиялық сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.
Ғалаба хабар қураллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыў процесслерин ҳәр тәреплеме таллап, орынлардағы социаллық машқалалар, қәте ҳәм кемшиликлерге мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетшиликтиң итибарын қаратпақта.
Ҳәзирги ўақытта электрон ғалаба хабар қураллары, газета ҳәм журналлар, редакциялар ҳәм баспалар санының көбейип атырғаны итибарға ылайық.
Мәмлекетлик уйымлардың жәмийетшилик пенен байланысларын беккемлеўге айрықша әҳмийет қаратылмақта. Соның ишинде, ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, миллий бағдарлама ҳәм стратегиялардың орынланыўы бойынша турақлы түрде баспасөз әнжуманы ҳәм брифинглер, ашық сөйлесиўлер шөлкемлестирилмекте.
Егер 2019-жылы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердеги мәлимлеме хызметлериниң дәреклери – рәсмий веб-сайтлар, социаллық тармақлардағы каналлар 559 ды қураған болса, 2021-жылы бул сан 2 мың 410 ға жетти.
Ғалаба хабар қуралларындағы сын көзқарастан шығыўларға министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимлердиң мәлимлеме хызметлери арқалы оператив мүнәсибетлер билдириў әмелияты қәлиплеспекте. Оның тастыйығын мәмлекетлик уйымлар тәрепинен сын көзқарастан таярланған материалларға жуўап қайтарыў көрсеткиши 2018-жылы 12 пооцентти қураған болса, 2020-жылдың ақырына бола дерлик 90 процентке жеткени мысалында да көриў мүмкин.
Жақында қабыл етилген «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрман бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Президентимиздиң «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында елимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў, пуқаралардың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислер прцесслерине қосып атырған үлкен үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, жаңа Өзбекстанды қурыў жолында ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы мүнәсип хызметлери, заманагөй журналистика системалары ушын жоқары қәнигели профессионал кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы нәтийжели жумысы және жәмийетлик турмыста белсене қатнасы ушын бир топар ҒХҚ ўәкиллери атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Илажда бул сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.
– Кишкене мийнетим жоқары баҳаланғанынан басым көкке жетти,-дейди «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Ўғилой Балтабаева. –Жәмийеттеги машқалалы мәселелерди жарытыў, сол мәнисте халқымызға жәрдемши болыў ушын тараў ўәкиллеринен исенимлилик, ҳақыйқатлық ҳәм қалыслық талап етиледи.
Салтанатлы илажда көркем өнер шеберлери, эстрада жулдызлары ҳәм жас атқарыўшылардың қатнасыўында концерт қойып берилди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы