Даўыт аға Абибуллаев пенен 2007-жылдан бери кәсиплес сыпатында бир тараўда ислесип киятырмыз. Оны «Еркин Қарақалпақстан» газетасында бирге ислескен журналистлери « Усы Даўыт пенен көшеде бирге жүриўге бийзарсаӊ, 10 минутта жететуғын мәнзилиӊе ярым саатта барасаӊ. Оныӊ танымайтуғын адамы жоқ.Қай жерде жүрсеӊ де, Даўыттыӊ бир танысы шығып, соныӊ менен ярым саат ҳал-аўҳал сорасып турады деп тоӊқылдайды…».
Буны ким қалай қабыл етсе, солай қабыл етсин, бирақ, мен журналист сыпатында Даўыт Абибуллаевтыӊ бул ис-ҳәрекетлерин адамгершиликтиӊ, дослықтыӊ бир үлгиси деп түсинемен. Себеби, халқымызда «бийдай наныӊ болмаса да, бийдай сөзиӊ жоқпа еди» деген әжайып мақал бар. Сол айтқанындай, Шымбайдыӊ «Кеӊес» елатында туўылып, кишкенелигинен аўылдағы жасыүлкенлердиӊ тәрбиясын алып өскен болажақ журналистке адамлар менен сөйлесип, олардыӊ сөзлерин тыӊлаў, өмирдеги қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиў ана сүти ҳәм әке тәрбиясы менен кеўлине сиӊип қалған пазыйлет десем, алжаспаған боламан.
Буннан 40 жыл бурын Нөкис қаласындағы бурынғы Киров атындағы орта мектепти питкерип шыққаннан оныӊ журналистикаға деген қызығыўшылығы жоқары болды. 1982-1985-жыллары Ўатан алдындағы әскерий хызмет ўазыйпасын орынлап қайтқан ол ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университеттиӊ филология факультетине оқыўға киреди ҳәм студент ўақыттан баслап-ақ, Бозатаў районыныӊ «Ылғаллы мийнет» газетасына жумысқа өтип, бул газетада 5 жыл даўамында халқымыздыӊ белгили шайыры Әскербай Әжиниязов, белгили публицист Атажан Халмуратовлардан журналистиканыӊ әлўан түрли сырларын үйренеди.
Буннан кейинги жыллары «Хожели ҳақыйқаты», Қарақалпақстан радиосы, «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, Қарақалпақстан телевидениеси, «Қишлоқ ҳаёти» газеталарында хабаршы, бас редактордыӊ орынбасары болып ислеген Даўыт Абибуллаев 2009-жылы республикалық «Устаз жолы» газетасына бас редактор болып тайынланады.
Усы жыллар аралығында өзиниӊ мийнеткешлиги, дөретиўшилик излениўшилиги менен халқымыз нәзерине түскен мақаламыз қаҳарманы бир қатар таӊлаўларға қатнасып, оларда жеӊимпаз атанады.
27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери байрамы алдында кәсиплесимиз Даўыт Абибуллаев және бир қуўанышқа бөленди. Атап айтқанда, оныӊ мәмлекетимизде сөз ҳәм баспаөз еркинлиги, ашықлық ҳәм жәриялылық принциплерин беккемлеў, пуқаралардыӊ мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислерге қосып атырған салмақлы үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, жаӊа Өзбекстанды жаратыў жолында ерисилип атырған жетискенликлеримизди кеӊнен үгит-нәсиятлаўдағы мүнәсип хызметлери, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўдағы нәтийжели жумысы ҳәм жәмийетлик турмыста белсендилиги ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиӊ Пәрманы менен «Дослық» ордени менен сыйлықланыўға миясар болды.
Бизлер тәжирийбели журналист, адамгершиликли инсан, үлгили шаӊарақ басшысы кәсиплесимиз Даўыт аға Абибуллаевты бүгинги ерискен бул сыйлығы менен қызғын қутлықлап, устаз журналисттиӊ алдағы дөретиўшилик ислерине табыслар тилеймиз!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги