Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде Әндижан ўәлаятына жөнеп кетти.

Еки күнлик әмелий сапар етиў даўамында тоқымашылық, агросанаат ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының жумысы менен танысыў, дөретиўшилик жумысларды көзден өткериў режелестирилген.

«Жаңа Әндижан» қалашасы қурылысының басланыўы сапар етиўдиң ең әҳмийетли ўақыяларынан бири болады.

 

ӨзА