Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының 2015-жыл 31-март күнги 21-53 «С» санлы «Ең үлгили басланғыш шөлкем» таңлаўын өткериў ҳаққындағы қарары тийкарында ҳәр еки жылда бир мәрте орынларда таңлаўлар өткерилип келинбекте.
11-июнь күни усы таңлаўдың Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хизметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси қурамындағы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлериниң қалалық басқышы өткерилди. Онда 100 ден аслам басланғыш шөлкемлер (18 мектеп) қатнасты.
Пайтахтымыздағы 6-мектеп муғаллими Н.Алламуратова 1-орынды, 46-мектеп муғаллими А. Нургамабетова 2-орынды, 4-мектеп муғаллими Ж. Даўлетова 3-орынды, 27-мектеп муғаллими Ш. Янгибаева, ҳәм 36-мектеп муғаллими Г. Нурманова 4-орынды алды. Жарыс жеңимпазлары бөлимше кеңеси атынан естелик саўғалары ҳәм тийисли дәрежедеги дипломлар менен сийлықланды.
Сондай-ақ, таңлаўда Мектепке шекемги билимлендирў шөлкемлериниң 100 ге шамалас басланғыш шөлкемлери (21 МШБШ) қатнасты.
Онда 1-орынды 16-МШБШ тәрбияшысы Г.Жуманазарова, 2-орынды 34- МШБШ тәрбияшысы А. Нурбаева, 3-орынды 14- МШБШ тәрбияшысы Ю. Авезимбетова, 4-орынды 39- МШБШ тәрбияшысы Г. Нуранова ҳәм 46- МШБШ тәрбияшысы Д. Сейилханова ийеледи.
Жарыс жеңимпазлары бөлимше кеңеси атынан естелик саўғалары ҳәм тийисли дәрежедеги дипломлар менен сийлықланды.
Гүлсара Жартыбаева,
Саёрра Шамуратова,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 2-курс студентлери.
Қарақалпақстан ҳабар агентлиги