Тахтакөпир районындағы Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Жаслар айлығы» шеӊберинде «Жаӊа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районыныӊ белсенди жаслары ҳәм аймақта өзлериниӊ азаматлық ўазыйпасын орынлап атырған әскер жаслар қатнасында жаслар фестивалы болып өтти.

Онда фестиваль қатнасыўшылары жыйын аймағындағы пайызлы дем алыў орынларын тамашалап, йошлы  қосықлар атқарды. Айырымлары аяқ-ойынға түсип өз талантларын көрсетти.

Бул болса, елимизде ҳүким сүрип турған миллетлер арасындағы дослық ҳәм  аўызбиршилик айқын үлгисин көрсетти деп толық айта аламыз.  Фестиваль дослық салютлары менен жуўмақланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги