Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланған «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астындағы жаслар фестивалы республикамыздың қала ҳәм районларында көтериңкилик жағдайында өткерилди.
Төрт күн даўам еткен фестиваль шеңберинде өткерилген жойбарлар, таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары жасларды бир мақсет жолында бирлестирди.
Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда фестивальдың жуўмағына бағышланған гала концерт болып өтти. Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев шығып сөйлеп, жасларымызды байрам менен қутлықлады.
– Мен ҳәр сапары жасларымыз бенен ушырасқанымда, сизлердиң ғайратыңыздан күш-қуўат аламан, кеўлим таўдай көтериледи. Ҳәр бириңиз жанажан Ўатанымыз ҳәм халқымызға шын кеўилден хызмет етиў әрманы менен жанып жасап атырғаныңызды жақсы билемен. Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлеймен,-деген еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан жаслар форумында шығып сөйлеген сөзинде. Бул үлкен исеним жасларымызға мақтаныш және айрықша жуўапкершилик жүклейди.
Фестиваль көлеминде өткерилген жойбарлардың жеңимпазларына ҳәм илажларға белсене қатнасқанларға диплом және естелик саўғалары тапсырылды. Қарақалпақ миллий кийимлериниң көргизбеси жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.
Көркем өнер шеберлериниң, белгили эстрада қосықшыларының концерт бағдарламасы, салютлар шоусы бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги