Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Елликқала районында болды.
Сенат Баслығы дәслеп райондағы «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ҳаял-қызлар ҳәм жасларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша шөлкемлестирилген «Оқыў орайы»ның жумыслары менен танысты. Орайда «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Соңынан усы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Мәҳәлле кесиминде» ислеў, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилгенлердиң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты. «Ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси»ниң ағзалары менен сәўбетте болды.
Буннан кейин «Бостан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жаслар мийнет гүзары»нда шөлкемлестирилген хызметлер көрсетиў тараўының жумысларын көзден өткерди. Бул жерде мийнет етип атырған ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар менен танысты.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева, сондай-ақ Әмиўдәрья районында да болды. Дәслеп райондағы «Дурунки» мәкан пуқаралар жыйынында болып, аймақ белсендилери ҳәм жаслар менен ушырасты. Ушырасыў даўамында илим-билимлендириў, спорт тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған жасларға естелик саўғалары тапсырылды.
Буннан кейин «Ўрта қалъа чорвадори» агрофирмасының жумысы менен танысты. Сенат Баслығы өткен жылы мәўсимде 2 тоннадан аслам жоқары сапалы пал жетистирип, мол дәрамат алып киятырған агрофирманың баслығы менен сәўбетлести. Халықты, әсиресе, жасларды оқытыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм пал ҳәррешиликти раўажландырыў бойынша исбилерменниң алып барып атырған жумысларына жоқары баҳа берди.
Сенат Баслығы бир қатар пуқаралар жыйынларында болып, пилле жетистириў ҳәм гилем тоқыў арқалы дәрамат алып киятырған шаңарақлар, өзин-өзи жумыс пенен бәнт етип атырған ҳаял-қызлардың жумысларын көзден өткерди. Сондай-ақ, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлиминде хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты.
Усы күни район белсендилери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары менен ушырасыў өткерилди. Онда жергиликли Кеңестиң жумысларын жеделлестириў, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Илаж даўамында «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген пуқараларға саўғалар тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаеваның сапары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги