Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимниң басламасы менен Нөкис қаласындағы «Нәўбәҳәр» мәкан пуқаралар жыйынында «Халық ҳәм армия бир пүтин» сүрени астында ушырасыў кешеси өткерилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Шуҳрат» медалы ийеси, «Алтын қәлем» миллий сыйлығының жеңимпазы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпастан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, филология илимлериниң кандидаты Алланазар Әбдиев шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер, халық мәпи жолында алып барылып атырған реформалар, соңғы жыллардағы ерисилген жетискенликлер ҳаққында кең түрде атап өтти.
– Ўатансүйиўшиликти жырлаўшы усындай ушырасыўлар кексе әўлад ўәкиллерине күш-қуўат бағышлайды, – дейди капитан А.Саидматов. Әсиресе, жақсылықты гөзлеген бундай ушырасыўлар турақлы шөлкемлестирилип барылса, халық арасында шүкиршилик сезимин оятып, халық ҳәм армияның бир пүтинликте ҳәрекет етиўине хызмет етеди.
Илаж қатнасыўшыларына жазыўшының жақында баспадан шыққан «Қарақалпақ қосығы» атамасындағы китабының презентациясы өткерилип, әскерий бөлим китапханасына ҳәм аймақ турғынларына жазыўшының жаңа китабы саўға етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги