Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Әмиўдәрья»ның 2021-жылдағы 2-саны жарық көрди.
Бәриңизге белгили, быйыл халқымыздың белгили ақсақалы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, «Шуҳрат» медалы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Қәллибек Камалов 96 жасты қарсы алмақта.
Жаңа санның бет ашарында Сизиң нәзериңизге Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаровтың қәлемине тийисли халқымыздың Қәллибек Камаловқа деген жүрек сезимлерин, терең миннетдаршылығын сәўлелендирген «Уллы тулға ямаса Қәллибек Камалов баязы» темасындағы қосық қатарлары усынылмақта.
«Драматургия» рубрикасында Ѳзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Абдулла Ариповтың «Саҳыпқыран» драмасы менен танысыўыңызға болады. Мағлыўмат орнында бул пьесаның қарақалпақ сахнасында 1996-жылы Ѳзбекстан халық артисти Н.Аңсатбаев тәрепинен табыслы сахналастырылғанын атап ɵтиў орынлы.
Басылым бетлеринде турақлы нәзериңизге усынылып киятырған «Проза» рубрикасында болса Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызановтың «Муваракшина» қыссасын оқыўыңызға болады. Ертеде Қоңырат районындағы мектеплердиң биринде устазлық еткен Татарстанлы Ғафифабану Муваракшина ҳаққындағы шығарма әлбетте, Сиз оқыўшыларды бийпарық қалдырмайды.
«Поэзия» рубрикасында Т.Жийемуратов, Н.Дәўлетов, Қ.Әметов, Ж.Мәмбетшарипов ҳәм Б.Қаниязовлардың қәлемине тийисли дүркин қосықлар топламы усынылып атыр.
Журналдың бул санынан «Қызлар дәптери» рубрикасы да орын алған болып, онда Сиз З.Қайнарова менен С.Шаддиновалардың жаңа қосықлары ҳәм Н.Балбаниязованың «Бахытлы күнди излеп» атлы повестинен үзинди оқыўыңыз мүмкин.
«Әдебият ҳәм илим» рубрикасының гезектеги санында Филология илимлериниң докторы З.Бекбергенованың белгили журналист ҳәм жазыўшы Е.Ермановтың дɵретиўшилигине бағышланған «Дәўир нәпеси менен…», Филология илимлери бойынша философия (PhD) докторы П.Ѳтениязовтың «Ертеклерде қаҳарманларға қарсы образлар», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы Ш.Смамутованың «Базарбай Сейтаев лирикасында халық поэзиясы дәстүрлериниң қолланылыўы» ҳәм Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы Қ.Худиярованың Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўкамының ағзасы, Халық билимлендириў ағласы Қ.Әметовтың дɵретиўшилигине арналған «Педагог шайыр» атлы илимий мийнетлери менен оқып танысыўыңызға болады.
Бәршеңизге белгили, журналдың ɵткен санларынан баслап Сизиң дыққатыңызға «Пәлек гәрдиши» рубрикасы менен Нуралы Қабул авторлығындағы «Сталиннен Саддамға шекем» атлы роман-памфлет усынылып келинбекте. Сиз журналдың жаңа санында усы шығарманың даўамын оқыўыңыз мүмкин.
Усы жерде редакция жәмәәтиниң журнал муқабаларынан да нәтийжели пайдалана билгенин көриўимизге болады. Онда быйыл туўылғанына 80 жыл толып атырған Ѳзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Абдулла Ариповтың фотосүўрети ҳәм художниклер И.Жолымбетов пенен Қ.Бердимураовлардың дөретпелери орын алған.
Жуўмақлап айтқанда «Әмиўдәрья» журналының 2021-жылғы 2-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады, – деп ойлаймыз.
Ч.Елмуратов,
журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги