Қоӊырат районы орайында жайласқан «Қоӊырат» мәкан пуқаралар жыйынында бүгинги күни 518 хожалықта 2836 халық тыныш-татыў жасамақта. Аймақта өзбек, қарақалпақ, қазақ миллетинен тысқары украин, башқурт халықларыныӊ да ўәкиллери бир атаныӊ баласындай аўызбиршилик пенен жасап келмекте.
Халық бар жерде машқала да болыўы тәбийғый. Мәселен, айырымлар жумыссызлық, гейбиреўлер социаллық тараўдағы машқалалар бойынша қыйыншылықларға ушыраса, базыбиреўлери исбилерменлик жумысларын раўажландырыў мәселесинде жергиликли ҳәкимият уйымларына мүрәжат етеди. Олардыӊ бул машқалаларын үйренип шығыў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў мәселесинде сектор басшылары ҳәм жыйын жанында дүзилген ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеӊеси комиссиясы тәрепинен бир қанша жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, комиссия тәрепинен «ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген Жайна Ержанованыӊ турақлы жумыс орнына орналасыўына жәрдем көрсетилген болса, Бийбиназ Батырова, Камила Махаметниязовалардыӊ коммерциялық банклерден жеӊиллетилген кредит алыўына жәрдем берилди. Айырым ҳаял-қызларымызға бийпул таўықлар берилмекте.
-Ал, өзи менен күйеўи де 1-топар майыбы болған Мийрихан Тилепованыӊ шаӊарағына барып оныӊ жасаў жағдайларын үйренгенимизде, олардыӊ турақ жайыныӊ оӊлаўға мүтәж екенлиги анықланды ҳәм олардыӊ үйи қәўендерлер жәрдеминде шиферланып, әйнек-қапылары салып берилмекте,-дейди бизге усы жыйын баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Мәрьяш Уразалиева.
Сондай-ақ, усы райондағы «Гүлабад» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлмийра Халықназарова да 4 перзенти менен үйинде жумыссыз отырған еди. Усы жыйын жанында дүзилген комиссия тәрепинен үйрениўлер барысында, оныӊ нанбайшылық пенен шуғылланыў нийети барлығы анықланып, оған коммерциялық банктен 3 жылға 30 млн сум жеӊиллетилген кредит алыўына жәрдем көрсетилди.
-2006-жылы Хожели педагогика колледжин тамамлап, үйде жумыссыз отырған едим,-дейди бизге Гүлмийра Халықназарова.- «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилгеним себепли, нан ҳәм кондитер өнимлерин таярлайтуғын заманагөй үскене сатып алып, ҳәзир еки адамды жумыс пенен тәмийинледим ҳәм халқымызға хызмет көрсетип атырман.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги