Президентимиз Шавкат Мирзиёев дүньядағы ең бәлент Эверест шоққысына шығып, онда мәмлекетимиз байрағын желбиреткен қаҳарман альпинистимиз Сергей Денисенконы «Ўзбекистон ифтихори» ҳүрметли атағы ҳәм «Trailblazer» автомобили менен сыйлықлады.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувахитов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Президент Баспасөз хаткери Шерзод Асадов, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, журналистлер қатнасты.

Сергей Денисенко ең қыйын бағдарлардан бири болған қубла қыялықтан Эверест шоққысына шыққан биринши өзбекстанлы альпинист.

Ол балалығынан көп ўақтын  таў лагерьлеринде өткерген, саяхат еткен. 2007-жылы Сергей Денисенко өзиниң реклама агентлигин ашты, санаат альпинисти сыпатында жумыс иследи.

 

С.Денисенко 8848,86 метр бәлентликке жайласқан дүньядағы ең бийик Эверест (Джомолунгма) шоққысына шығыўға узақ ўақыт ҳәм пуқта таярлық көрди. Сондай-ақ, бул Сергейдиң биринши жетискенлиги емес. 2019-жылы ол Непалдағы Мера шоққысына шыққан еди.

Бирақ Эверест бәрқулла оның ең үлкен әрманы болып келген, бүгинги күнге келип болса ол ҳақыйқатқа айланды. 2021-жыл 11-апрельде Никита Балабанов топарының қурамында «Кулуар» топары менен оның Эверестке экспедициясы басланды. Қолайсыз ҳаўа-райы шараятында климатластырыў бойынша жумыслар алып барылды. Ҳаўа-райының кескин өзгериўшеңлиги көтерилиў имканиятын бермеўи мүмкин еди. Бирақ сабыр-тақат ҳәм дүньяның ең жоқары шоққысында турыўға болған тилек үстинлик етти.

Сыйлықлаў мәресиминде қаҳарманымыздың келешектеги жемисли жумысларына әўмет ҳәм жақсы тилеклер билдирилди.

 

ӨзА