Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының хабар бериўинше, 2021-жылдың январь-апрель айларында республикамыздағы кәрханалар тәрепинен 5504,2 млрд сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып,  2020-жылдың январь-апрель айларына салыстырғанда санаат ислеп шығарыўдың физикалық көлеми индекси 109,3% ти қурады.

 

Санаат ислеп шығарыў қурамында ең үлкен үлес ислеп шығаратуғын (қайта ислейтуғын) санаатқа туўры келип, оның жәми санаат ислеп шығарыўдағы үлеси 85,8% ти қурады.

 

Усы жылдың январь-апрель айларында:

 

Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў – 13,3 млрд сум;

Ислеп шығаратуғын санаат – 4720,7 млрд сум;

Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў – 743,9 млрд сум;

Суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды жыйнаў ҳәм утилизациялаў – 26,3 млрд сумды қурады.

 

Усы жылдың өткен дәўиринде ислеп шығаратуғын (қайта ислейтуғын) санаат 14,5% ке, электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаўдың 36,3% ке өсиўи бақланған болса, суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды утилизациялаў 14,1% ке, сондай-ақ, таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў санаатының 89,8% ке пәсейиўи бақланды.

 

Саёра Шамуратова,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.