Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қуны  2 000  ҳәм 20 000 сум болған пул белгилерин айланысқа шығарыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки  2021-жылдың 14-июнинен  баслап  номинал қуны  2 000  сум  ҳәм  20 000 сум болған банкнот көринисиндеги жаңа пул белгилериниң айланысқа шығарылыўы ҳаққында қарар қабыл етилгенлигин мәлим етеди.

Бул банкнотлардың тематикасы «Уллы жипек жолы» ҳәм мәмлекетимиз аймағындағы әййемги Бухара қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тарийхына бағышланған.

Банкнотлар қорғалған қағазда басып шығарылған.

2 000  сумлық банкнот:

Өлшеми 142 x 69 мм.

Банкноттың оң тәрепиндеги ашық фонда әййемги «Уллы жипек жолы» кәрўан жолының белгиси сыпатында түйе ҳәм «2 000» саны көринисинде суў белгилери жайласқан.

Банкноттың оң тәрепинде қағаз қатламында кеңлиги 1,5 мм. болған «UZB» жазыўы бар металласқан ҳәм машинада оқылатуғын қорғаныў жиби өткерилген.

Алдынғы ҳәм артқы тәреплериниң тийкарғы реңлери – қызыл ҳәм ашық жасыл реңлерден ибарат.

Банкноттың алдынғы тәрепиниң  шеп жағында дәслеп эрамыздан бурынғы  I әсирде бой тиклеген, эрамыздың IX-X әсирлеринде қайта қурылған (ҳәзирги келбети тийкарынан XVI әсирде қәлиплескен) «Бухара арки»ның көриниси сүўретленген.

2000 олди фейс.JPG

Жоқарғы жағының шеп тәрепинде өзгериўшең реңли OVI бояўында басылған «2 000»  саны жайластырылған болып, белгили бир қыя үш мүйешлик көриниси астында алтын реңнен жасыл реңге өзгереди.

Банкноттың жоқарғы оң тәрепинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» тексти, жоқарғы оң мүйешинде Өзбекстан Республикасының  Герби қызыл реңде жайласқан.

Оң ҳәм шеп тәрепиниң басында қызыл реңде жайласқан арнаўлы элемент көриў қәбилети төмен болған инсанлар ушын мөлшерленген болып, бояўдың дөңкилиги есабынан банкноттың баҳасын анықлаў имканиятын береди.

Банкноттың төменги жағында нағыслы безеў тийкарында «латент» (жасырын) сүўрет «UZ» көринисинде берилген болып, ол жақтылық дәрегинде белгили бир қыялықта көриниў өзгешелигине ийе.

Төменги жағының шеп тәрепинде банкнот баҳасын көрсетиўши «IKKI MING SO‘M» жазыўы ҳәм «O‘ZBEKISTON SO‘MI RESPUBLIKA HUDUDIDA HAMMA TO‘LOVLAR UCHUN O‘Z QIYMATI BO‘YICHA QABUL QILINISHI SHART» тексти  жайласқан.

Жоқарыдағы көринислер металлограф баспа усылында исленген болып, бармақ ушы менен сыйпалағанда бояўдың дөңкилигин сезиў мүмкин.

Банкноттың оң тәрепиндеги ашық фонда нусқа көшириўге қарсы ҳәр қыйлы  диаметрдеги дөңгелекшелер жайластырылған болып, нусқа көширилгенде бул көринислерде анықлық жоғалады.

«Хонатлас» фонында түсирилген Өзбекстан картасы сызылмасында көк сызықлар менен «Уллы Жипек жолы»ның кәрўан жоллары бағдары көрсетилген.

Жоқарғы шеп жағында Бухара қаласының символы есапланған «еки өркешли түйе» көриниси регистр ўазыйпасын атқарған ҳалда «алдынғы» ҳәм «артқы» тәреплерин бир-бирине сәйкес келтириў ушын хызмет етеди. Жақтылыққа қаратылғанда ақ бөлеги банкноттың арқа тәрепиндеги реңли фон менен қосылып толық көринис пайда етеди.

Банкноттың саны латын әлипбесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети ханалы саннан қуралған болып, оң жағында горизонтал ҳәм шеп жағында вертикал көринисте басылған.

Банкноттың артқы тәрепинде  эрамыздан бурынғы IV-III әсирлерде әййемги  кәрўан жолы өткен Пайкенд қаласының бүлинген жерлери, яғный  «POYKEND ARXEOLOGIYA YODGORLIGI» түсирилген.

2000 орка.JPG

Оң жағында Бухара ўәлаяты аймағындағы «Варахша» археологиялық естеликлеринен табылған VIII әсирге тийисли дийўаллық ылайдан исленген безеў көриниси және эрамыздан бурынғы III мың жыллық дәўирине тийисли үй-рузгер ыдысы – археологиялық табылмасы түсирилген.

Жоқарғы шеп жағында «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» тексти ҳәм банкнот айланысқа шығарылған жыл «2021» басып шығарылған.

Банкноттың төменги тәрепи шеп ҳәм оң мүйешлеринде банкноттың номинал қуны «2000» саны ақ реңинде бир сызықта және жоқарғы оң мүйеште «IKKI MING SO‘M»  жазыўы түсирилген.

Төменги жағында «O‘ZBEKISTON SO‘MINI QALBAKILASHTIRISH QONUNGA MUVOFIQ TA’QIB QILINADI» тексти ескертиўши жазыў сыпатында жазылған.

20 000 сумлық банкнот:

Өлшеми  147 x 69 мм.

Банкноттың оң тәрепинде ашық фонда әййемги «Уллы Жипек жолы»ның белгиси болған түйе ҳәм «20 000» саны көринисинде суў белгилери жайласқан.

Банкноттың оң тәрепинде қағаз қатламында кеңлиги 3 мм.лик «динамикалық» эффектке ийе болған, жоқары қорғалған, үш төртмүйеш жол көринисиндеги банкноттың үстки қатламына шығыўшы қорғаныў жиби жайластырылған.

Жақтылық дәрегинде жип толық көринисинде ийе болып, банкноттың қәлеген қыялық көринисинде жиптеги көринислерде жылжыў эффекти пайда болады.

Алдынғы ҳәм артқы тәреплериниң тийкарғы реңлери – көк, қызғылт көк ҳәм коңыр реңлерден ибарат.

Банкноттың алдынғы тәрепиниң  шеп жағында ҳәзирги Қарақалпақстан Республикасы аймағында эрамыздан бурынғы IV әсирде қурылған, XX әсирдиң 30-жылларында табылған «QO‘YQIRILGAN QAL’A» мемуарлық естелиги түсирилген.

20 000 фейс.JPG

Жоқарғы жағының шеп тәрепинде дөнип туратуғын реңли OVI бояўында басылған «20 000» саны жайласқан болып, белгили дәрежеде қыя үш мүйешлик көриниси астында қызыл реңнен жасыл реңге өзгереди.

Банкноттың жоқарғы бөлегинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» тексти, жоқарғы оң мүйешинде Өзбекстан Республикасының Герби сыя көк реңде жайласқан.

Оң ҳәм  шеп тәрепиниң шетинде жайласқан сыя реңдеги арнаўлы элемент көриў қәбилети төмен болған инсанлар ушын мөлшерленген болып, бояўдың дөңкилиги есабынан банкноттың баҳасын анықлаў имканиятын береди.

Банкноттың төменги жағында нағыслы көринис фонында «латент» (жасырын) көринис «UZ» көринисинде берилген болып, ол жақтылық дәрегинде белгили бир қыялықта көриниў белгисине ийе.

Төменги жағының шеп тәрепинен банкноттың қунын көрсетиўши «YIGIRMA MING SO’M» жазыўы ҳәм «O‘ZBEKISTON SO‘MI RESPUBLIKA HUDUDIDA HAMMA TO‘LOVLAR UCHUN O‘Z QIYMATI BO‘YICHA QABUL QILINISHI SHART» тексти жайласқан.

Жоқарыдағы көринислер металлограф баспа усылында исленген болып, бармақ ушы менен сыйпалағанда бояўдың дөңкилигин сезиў мүмкин.

Банкноттың оң жағында ашық фонда нусқа көшириўге қарсы ҳәр түрли диаметрдеги дөңгелекшелер жайластырылған болып, нусқа көширилгенде бул көринислерде анықлық жоғалады.

Жоқарғы жағында Өзбекстан картасы сызылмасында ашық сызықлар менен «Уллы Жипек жолы» кәрўан жолларының бағдары көрсетилген.

Жоқарғы шеп бөлегинде Қарақалпақстан халқының кестешилик гезлемелеринде қолланылатуғын нағыс безеўи көриниси менен регистр ўазыйпасын атқарған ҳалда «алдынғы» ҳәм «артқы» тәреплерин бир-бирине сәйкес келтириў ушын хызмет етеди. Жақтылыққа қаратылғанда ақ тәрепи банкноттың арқа тәрепиндеги реңли элементлер менен қосылып толық  нағыс пайда етеди.

Банкноттың саны латын әлипбесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети ханалы саннан  қуралған болып, оң тәрепинде горизонтал ҳәм шеп тәрепинде вертикал  көринисте басылған.

Банкноттың арқа тәрепинде  эрамыздан бурынғы IV әсирге тийисли болған, Султан Увайс таўларынан қубла шығысқа қарап кеткен бәлентликлердиң төбесинде  жайласқан «JОNBОS QAL’A ARXEOLOGIYA YODGORLIGI» түсирилген.

апқукпқвапқвап.JPG

Оң тәрепинде эрамыздан бурынғы VII-VI әсирлерде Арал-Кәспий теңизи аралығында жасаған халықларға тийисли керамикалық ыдыс және эрамыздан бурынғы I әсирге тийисли әййемги халық тәрепинен зароастризм мәресимлеринде пайдаланылған түйе  көринисиндеги артефакт сүўретленген.

Бул көринислер металлограф баспа усылында, еки түрдеги рең (сыя рең ҳәм коңыр рең) де анық шегараланған ҳалда басылған болып, бармақ ушы менен сыйпалағанда бояўдың дөңкилигин сезиў мүмкин.

Жоқарғы шеп тәрепинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» тексти ҳәм банкнот айланысқа шығарылған жыл «2021» басып шығарылған.

Банкноттың төменги тәрепиниң шеп ҳәм оң мүйешлеринде банкноттың номинал қуны «20 000» саны ақ реңде бир сызықта және жоқарғы оң мүйеште «YIGIRMA MING SO‘M» жазыўы түсирилген.

Төменги жағында «O‘ZBEKISTON SO‘MINI QALBAKILASHTIRISH QONUNGA MUVOFIQ TA’QIB QILINADI» тексти ескертиўши жазыў сыпатында жазылған.

Айланысқа шығарылып атырған баҳасы  2 000 ҳәм  20 000 сум болған пул белгилери ҳәзирги ўақытта айланыста болған пул белгилери ҳәм тийинлар менен бир қатарда барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм халық тәрепинен өз қуны бойынша барлық түрдеги төлемлер ушын ҳеш қандай  шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт.

 

ӨзА