Президент Шавкат Мирзиёев 25-май күни өсимликлерди қорғаў системасын жетилистириў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Өсимликлерди қорғаў – азық-аўқат өнимлериниң сапасын ҳәм қәўипсизлиги тәмийинлеў, экспорт көлемлерин арттырыўда жүдә әҳмийетли система.

Усы күнге шекем бул жумыслар тек ғана «Өзагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийетине жүкленген еди. Кейинги жыллары минерал төгин ҳәм химиялық қураллар жеткерип бериў менен кластер ҳәм фермер хожалықлары, исбилерменлик субъектлери де еркин шуғылланбақта. «Өзагрохимияқорғаў» хызметлерине талап болса күннен-күнге азайып бармақта.

Соның ушын мәжилисте өсимликлерди қорғаў бойынша жаңа система шөлкемлестириў, аймақларда бул бағдардағы хызметлерди кеңейтиў мәселелери додаланды.

«Өзагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийетин сапластырып, оның ўәкиллик ҳәм ўазыйпаларын басқа структураларға өткериў усынысы билдирилди. Бунда, өсимликлерди қорғаў ҳәм шегирткеге қарсы гүресиў ўазыйпасы Өсимлилер карантини мәмлекетлик инспекциясына өткериледи. Тут гүбелегине қарсы гүресиў Жипекшилик ассоциациясы ҳәм оның қурамындағы кластерлер және район ҳәкимликлерине жүкленеди. Минерал төгинлер ҳәм химиялық қураллар менен тәмийинлеў еркин базар принциплери тийкарында толық жеке меншик секторға бериледи. Сондай-ақ, өсимликлерди химиялық қайта ислеў хызметлери де таңлаў тийкарында исбилерменлер тәрепинен әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысты мақуллап, бул реформаларды әмелге асырыў ушын Бас министрдиң орынбасары басшылығында аймақлық комиссиялар дүзиўге көрсетпе берди.

Биолаборатория ҳәм «өсимликлер клиникалары»н шөлкемлестирип, маман агроном ҳәм энтомологларды тартып, атызға шекем жетип баратуғын хызметлер системасын жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Онда ҳәр бир аймақтың климаты ҳәм шараятынан келип шығып, ислеў талабы қойылды. Мәселен, Сурхандәрьяда «жоңышқа питеси», Бухарада «вилт», басқа ўәлаятларда «помидор күйеси» тарқалған.

Сондай-ақ, өсимликлерди қорғаў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў, химиялық қуралларды нормасында ҳәм мүддетинде қолланыў бойынша методология жаратыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Тараўдың раўажланыўын қаржылай қоллап-қуўатлаўға «Агробанк» жуўапкер етип белгиленди. Заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў, үскене ҳәм техникалар сатып алыў және хызмет көрсетиўши кәрханалардың айланыс қаржысы ушын биринши басқышта 150 миллиард сумлық кредит линиясын ашыў ўазйыпасы қойылды.

Өсимликлерди қорғаў тараўында жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў мәселесине де тоқтап өтилди. Исбилерменлер сатып алатуғын лаборатория әсбаплары ҳәм басқа да үскенелер бойынша кредит процентиниң тийкарғы ставкадан артқан бөлеги бюджеттен қаплап берилетуғыны және Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қорынан 50 процентке шекемги бөлегине кепиллик ажыратылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен топырақ қурамы ҳәм өсимликлерди лабораторияларда анализлеў бойынша фермер ҳәм дийқанларға көрсетилип атырған хызметлердиң 30 проценти бюджеттен қаплап бериледи. Биологиялық ҳәм химиялық хызмет көрсететуғын исбилерменлерге әмелдеги салық ставкалары 50 процентке азайтылады.

Президент тараўда илимди раўажландырыў ҳәм кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратты. Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институтының материаллық-техникалық базасын жақсылап, маман кадрлар ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиалларында тараў қәнигелерин таярлаў системасын күшейтиў, илимий потенциалын арттырыў ҳәм заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў бойынша ҳүкимет қарарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Елимизде ислеп атырған сырт ел агрономларын тартып, аўыл хожалығы колледжелеринде орта буўын қәнигелерин қайта таярлаўды жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Қалалардағы мийўели ҳәм саяманлы тереклер, пута және гүллерди қорғаў хызметлерин кеңейтиў зәрүр екенлиги де айтып өтилди.

Тараў жуўапкерлери ҳәм ўәлаят ҳәкимлери жаңа системаны нәтийжели шөлкемлестириў илажлары бойынша есабат берди.

 

ӨзА